Экономикалық судлары исти тыныш жол менен шешиў ҳуқуқына ийе. Олардың арасындағы келисим мазмуны жағдайларына байланыслы, бирақ бундай ҳүжжетти расмийлестириўдиң улыўма қағыйдалары қолланылады.
Экономикалық даўлар бойынша келисиў питимин дүзиў мәселелери Экономикалық процессуал Кодекси ҳәм «Суд ҳүжжетлери ҳәм басқа уйымлар ҳүжжетлерин орынлаў ҳаққында»ғы Нызам менен тәртипке салынады.
Келисиў питими дегенде, өз-ара келисимге тийкарланған, даўа талабы (талаплары) бойынша анықлыққа ерисиўге қаратылған, даўды шешиў ҳаққындағы тәреплердиң жазба келисими түсиниледи. Келисиў питиминиң ең әҳмийетли тәрепи – ол тәреплер ортасындағы даўларды ҳәм келиспеўшиликлерлерди сапластырыўға, өз-ара исенимди тиклеў және бирге ислесиўди даўам еттириўге имканият береди.
Экономикалық процессуал Кодексиниң 16-бабына муўапық, суд әлбетте тәреплерди өз-ара келисимге келтириўге көмеклесиўи тийис, тәреплер судтың ҳәр қандай басқышында және суд ҳүжжетлерин орынлаўда (ис Мәжбүрий орынлаў бюросында болғанда да) келисиў питимин дүзиўи мүмкин.
Формасы ҳәм мазмуны, оны дүзиў тәртибине қойылатуғын талапларға бойсынған ҳалда дүзилген келисиў питимин тастыйықлаў суд миннетлемеси есапланады, яғный егер тәреплер келисиўди қәлесе, исти көриўши суд буннан бас тартыўға ҳақылы емес. Усы питимди дүзген шахслар санынан бир дана артық нусқада дүзиледи ҳәм тәреплер оған қол қояды. Усы нусқалардан бир данасы ис ҳүжжетлерине қосып қойылады.
Экономикалық процессуал Кодексиниң 132-статьясы талапларына муўапық оның шәртлери анық-айдын билдирилиўи ҳәм оның орынланыўында келисиў питиминиң мазмуны бойынша ҳәр түрли талқыланыўына ҳәм келешекте даўлардың келип шығыўына жол қойылмайтуғын болыўы керек. Суд тәрепинен келисиў питиминиң тастыйықланыўы ис жүргизиўди жуўмақлаўға тийкар болады (Кодекстиң 110-статьясының 7-бәнди ҳәм 133-статьясы).
Келисиў питимин тастыйықлаў ҳаққындағы суд уйғарыўының жуўмақлаўшы бөлиминде оның барлық шәртлери билдирилиўи керек. Питим даўагер ҳәм жуўапкер тәрепинен ықтыярлы түрде орынланыўы тийис. Итибар бериң, келисиў питиминиң онда белгиленген тәртип ҳәм мүддетлерде орынланбағанлығы суд тәрепинен қызығыўшы тәрептиң арзасы бойынша орынлаў хат бериў ушын тийкар болады.Бунда, орынлаў хат бериў мәселеси суд тәрепинен тәреплер шақырылмастан жоқарыда атап ѳтилген Кодекстиң 5-бөлими қағыйдалары бойынша көриледи. Зәрүрлик туўылғанда суд орынлаў хат бериў мәселесин суд мәжилисинде көрип шығыўға ҳақылы. Соның ушын келисиў питимин дүзиўден қорықпаў керек.
Егер тәреплер келисиў питимин ис Мәжбүрий орынлаў бюросы бөлимлерине өткерилген дәўирде, яғный суд ҳүжжетин орынлаў даўамында дүзилген болса, ол шешиӱши қарар қабыл еткен биринши инстанция судына тастыйықлаў ушын усыныс етиледи. Яғный, бунда келисиў питими қол қойылған (мөрленген) ҳалда, өз алдына арза менен тапсырылыўы лазым.
Орынлаў даўамында дүзилген келисиў питимин тастыйықлаў ҳаққындағы арза суд тәрепинен тәреплерди суд мәжилиси ҳаққында хабардар еткен ҳалда суд мәжилисинде көрип шығылады. Бунда “Суд ҳүжжетлери ҳәм басқа уйымлар ҳүжжетлерин орынлаў ҳаққында”ғы Нызамның 37-статьясы талапларына муўапық орынлаў иси даўамында келисиў питиминиң тастыйықланыўы мәмлекетлик орынлаўшы тәрепинен ол бойынша ис жүргизиўди жуӱмақлаў ушын тийкар болады.
Бозатаў БЕКПОЛАТОВ,
Қарақалпақстан Республикасы Экономикалық судының суд әмелияты ҳәм статистикасын таллаӱ бөлиминиң баслығы.
Қарақалппақстан хабар агентлиги