Бурын хабар етилгениндей, Өзбекстан Республикасы Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министриниң биринши орынбасары Гулнара Маруфованың  республикамыздағы сапары даўам етпекте.

Ол Бозатаў районындағы жаңадан жумыс баслаған «Bozataw textile» жуўапкершилиги шекленген жәмийетинде болып, бул жерде жумыс ислеп атырған ҳаял-қызлар менен сәўбетлесип, оларға жаратылған имканиятлар менен танысты. Кәрханада 210 ҳаял-қыз жумыс ислейди. Соның он бири «Ҳаял-қызлар дәптери»не киргизилген.

Буннан соң, районның «Жаслар орайы»нда жаслар менен ушырасып, олардың қызығыўшылығы ҳәм умтылысларын қоллап-қуўатлаў, қәбилетин раўажландарыў бойынша өзиниң пикир-усынысларын билдирди.

Сондай-ақ, райондағы төрт сектор басшылары менен де сәўбетлесип, шаңарақтағы социаллық-руўҳый орталықты жақсылаў, ҳаял-қызлар ушын мүнәсип шараят жаратыў, «Ҳаял-қызлар»дәптерине киргизилген жумыссыз ҳаял-қызлардың бәнтлигин тәмийинлеў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар менен танысты.

Сапар даўамында райондағы нураныйлар ҳәм «Бозатаў» посёлкалық пуқаралар жыйыны турғынлары менен ушырасып, министрликтиң жумысларын дурыс жолға қойыўда алда турған ўазыйпалар туўралы түсиник берди.

Сол күнниң өзинде Өзбекстан Республикасы Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министриниң биринши орынбасары Гулнара Маруфова Хожели районында да болды.

Ол райондағы «Саманкөл» аўыл пуқаралар жыйыны «Сейтжан-Сара» фермер хожалығындағы пахта терип атырған ҳаял-қызлар менен ушырасып,  теримшилерге естелик саўғаларын тапсырды.

Өзбекстан Республикасы Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министриниң биринши орынбасары Г.Маруфованың республикамыздағы сапары даўам етпекте.

 

Т.СЕЙТНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы