Мәмлекетлик тест орайы тәрепинен  барлық абитуриентлердиң тест сынағында топлаған нәтийжелери бойынша жумыслар өз жуўмағына жеткен.

Бирақ быйылғы жылы көплеген жеңилликлер (әскерий хызметкерлердиң перзентлери, ИИМ уйымы хызметкерлериниң перзентлери, әскерий бөлим сәркардарлығының усыныс хаты, ҳаял-қызлар ҳәм Сўх районы ушын ажыратылған қосымша қабыллаў көрсеткишлери ҳәм басқалар) ҳәм тест сынақлары арқалы студентликке қабыл етилетуғын тәлим бағдарларына,  және кәсиплик (дөретиўшилик) имтихан арқалы қабыл  етилетуғын тәлим бағдарларына енгизилип атырғанлығы және кәсиплик(дөретиўшилик) имтиханлар 20-сентябрьге шекем даўам етилгенлиги себепли, таңлаў нәтийжелерин есаплаў жумыслары енди жуўмақланбақта.

Ҳәзирги күнде барлық жоқары билимлендириў мәкемелеринен кәсиплик (дөретиўшилик)  имтихан нәтийжелери бирден-бир базаға жыйналмақта ҳәм бул  нәтийжелер тест сынақларының нәтийжелери менен биргеликте есапланбақта.

Бул процесс жуўмақланғаннан соң, абитуриентлердиң  студентликке  усынылғаны ямаса усынылмағаны бойынша белгиленген тәртипте тастыйықланған  таңлаў нәтийжеси  Мәмлекетлик тест орайының рәсмий веб-сайтында жәрияланады.

 

ӨзА