Президент пәрманына бола, 2021-жыл 1-январьдан баслап пуқараны санлы идентификациялаўдың бирден-бир системасы енгизилмекте. Оған муўапық, биометрикалық паспортлардың орнына Өзбекстан пуқарасының шахсын ҳәм пуқаралығын тастыйықлайтуғын электрон тасыўшы қурылмаға ийе ҳүжжет сыпатында ID-карта енгизилмекте.

Биометрикалық паспортлар ҳәм жасаў гүўалықлары ID-карталарға төмендеги мүддетлерде алмастырылады:

Биринши басқыш-2021-жыл 1-январьдан  2022-жыл 31-декабрьге шекем қәлеўли тийкарында (16 жасқа толғанда яки нызамшылықта көрсетилген басқа себеплерге бола);

Екинши басқыш-2023-жыл 1-январьдан 2029-жыл 31-декабрьге шекем мәжбүрий тәртипте алмастырылады.

Өзбекстан пуқарасының 2011-жылғы үлгидеги биометрикалық паспорты 2030-жыл 1-январьдан баслап ҳақыйқый емес деп есапланады.

ID-карталарды алыў ҳәм алмастырыў ушын қәлеген ишки ислер уйымларының миграция ҳәм пуқаралықты рәсмийлестириў бөлимлерине мүрәжат етиў мүмкин.

Ҳәзирги биометрикалық паспортларды рәсмийелестириў мүддети 10 жумыс күни болған болса, ID-карталарды рәсмийлестириў болса 1 жумыс күнинде әмелге асырылады.

ID-карта төмендеги мүддетлерге бериледи:

жаңа туўылған балаға бир жасқа шекем-2 жыл мүддетке;

бир жастан 16 жасқа шекем-5 жыл мүддетке;

16 жастан баслап-10 жыл мүддетке.

ID-картаны рәсмийлестириў ушын базалық есаплаў муғдарының 89 проценти, яғный 198 мың 470 сум (22.09.2020 жағдайына) муғдарында төлем өндириледи.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги