Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 2019-жыл  27-декабрьде Муҳаммад алХорезмий атындағы мәлимлеме технологиялары мектебинде  жаслар менен болып өткен ушырасыўда жаңа Өзбекстанды жаслар менен бирге қурамыз, 2020-жыл жасларға байланыслы мәмлекетлик сиясатта түпкиликли бурылыс жылы болады, деген еди. Ҳақыйқатында да, бүгинги күни Қарақалпақстан Республикасында жасларды ҳәр тәреплеме қоллапуўатлаў, олардың бәнтлигин тәмийинлеў бойынша алып барылып атырған илажлар айрықша атап өтилмекте.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң усы жыл 22-февральдағы қарары менен быйылғы жылы  27512  жастың бәнтлигин тәмийинлеў бойынша мәнзилли реже ислеп шығылған болып, соннан бүгинги күнге 21044 жас жумысқа орналастырылды.

Атап айтқанда, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2020-жыл 14-февральдағы «Өзбекстан Республикасы Айрықша жағдайлар министрлигиниң жаслар бойынша жаңа басламаларын қоллап-қуўатлаўға байланыслы илажлар ҳаққында»ғы қарарына муўапық аўыл хожалығына қәнигелестирилген «Мўйноқ келажаги бунёдкорлари» жуўапкершилиги шекленген жәмийети шөлкемлестирилип, ол жерде 2,5 мың жастың бәнтлиги тәмийинленди. Жәмийетке ажыратылып берилген 18,5 мың гектар жер майданының бүгинги күнге 5,2 мың гектары өзлестирилди. Бул бағдардағы жумыслар даўам етпекте.

photo_2020-09-16_19-21-26.jpg

Қарақалпақстан Республикасы бойынша шөлкемлестирилген 29 кооперацияға ҳәкимликлердиң қарары менен 746,6 гектар жер майданы ажыратылып, оларда 499 жас жумысқа орналастырылды. Өзбекстан Республикасы Бәнтликке көмеклесиў мәмлекетлик қоры есабынан Нөкис қаласында улыўма баҳасы 263 миллион 140 мың сум қаржы есабынан  ҳәр бир жасқа биреўден, жәми 118 жасқа жеңил конструкциялы ыссыхана қурып берилди.

Аўыллық жерлерде,  мәкан пуқаралар жыйынларында ҳәм алыс аўылларда жумысқа мүтәж болған халықтың, соның ишинде, ҳаял-қызлар менен жаслардың бәнтлигин тәмийинлеў, олардың турмыс шараятлары ҳәм дәраматларын арттырыўда  Президентимиздиң 2019-жыл 28-майдағы «Республикамыз аймақларында тигиўшилик-трикотаж өнимлерин ислеп шығарыўды шөлкемлестириў ҳәм халықтың бәнтлигин тәмийинлеў илажлары ҳаққында»ғы қарары айрықша әҳмийетке ийе болды.  Усы қарардың орынланыўын тәмийинлеў шеңберинде Нөкис қаласында «Жайхун барака чеварлари» жуўапкершилиги шекленген жәмийетинде сүлги ислеп шығаратуғын 1200 орынға мөлшерленген тоқымашылық комплексине 660  жас жумысқа қабыл етиледи. Улыўма баҳасы 19,4 миллиард сум болған, жыллық өндирислик қуўаты 587 тонна болған объектте ҳәзирги ўақытта үскенелерди орнатыў жумыслары алып барылып, жақын күнлерде пайдаланыўға тапсырылады.

photo_2020-09-16_19-21-23.jpg

Тахтакөпир районы «Қара ой» аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы «Barno-tekstil Plyus» жуўапкершилиги шекленген жәмийетине қараслы тигиўшилик компекси усы жылдың май айында пайдаланыўға тапсырылды ҳәм 27 ҳаял-қыздың бәнтлиги тәмийинленди. Сондай-ақ, райондағы  «Белтаў» аўыл пруқаралар жыйыны аймағындағы 600 бас малға мөлшерленген шарўашылық комплекси усы жылдың декабрь айында иске түсириледи. Бул жерде 50 жастың бәнтлиги тәмийинленеди. Буннан тысқары, «Қара ой» аўыл пуқаралар жыйыны аймағында қурылатуғын 1 гектар майдандағы ыссыханаға 50 жас жумысқа қабыл етиледи.

Шоманай районында өткен жылдың сентябрь айында иске түсирилген ийирилген жип ислеп шығаратуғын «SHOMANAY ECO TEKS» жуўапкершилиги шекленген жәмийетинде 600 жаңа жумыс орны жаратылған болып, соннан жүзден асламы жаслардан ибарат. Усы райондағы брезент ислеп шығаратуғын «SHOMANAY TEKS» кәрханасын усы жылдың ақырына пайдаланыўға тапсырыў режелестирилген болып, бул жерде 70 жастың бәнтлиги тәмийинленеди.

photo_2020-09-16_19-21-19.jpg

Қанлыкөл районындағы «Kanteks invest» жуўапкершилиги шекленген жәмийетине быйылғы жылы 44 жас жумысқа қабыл етилди.  Сондай-ақ. «Қанлыкөл» посёлкалық пуқаралар жыйыны аймағындағы «KAMILAXAN TEXTIL INVEST» тигиўшилик комплекси иске түсирилип, 40 ҳаял-қыздың, тийкарынан жаслардың бәнтлиги тәмийинленди.

Бозатаў районындағы «BOZ TEX» жуўапкершилиги шекленген жәмийетине қараслы тигиўшилик кәрханасына үйлеринде жумыссыз отырған 89 ҳаял-қыз қабыл етилди. Усы райондағы «Бозатаў» посёлкалық пуқаралар жыйыны аймағындағы 1 гектар майдандағы ыссыханада 50 жастың бәнтлиги тәмийинленеди. Аймақта сондай-ақ,  6 гектар майданда «Жаслар бағы» шөлкемлестирилди. Бул жерде жумыссыз жаслардан дүзилген «Пидайы жаслар» отрядының 33 ағзасы мийнет етпекте.

Мойнақ районындағы «Қазақдәрья» ҳәм «Ҳәким ата» аўыл пуқаралар жыйыны аймақларында 1000 бас қарамалға мөлшерленген еки шарўашылық комплекси қурып питкерилди. Нәтийжеде 200 жастың бәнтлигин тәмийинлеў режелестирилген. «Бозатаў» аўыл пруқаралар жыйыны аймағындағы 1 гектар майдандағы ыссыханада 50 жас жумыс алып бармақта.

Елликқала районында Мәмлекетлик бағдарлама тийкарында «Жаслар мийнет гүзары» иске түсти. Бул жерде оқыў орайы, гөззаллық салоны, тоқыўшылық, компьютер бөлмелери, келинлер кийимлери, миллий тағамлар асханасы, нанбайхана болып, оларда 30 жас мийнет етпекте. Райондағы «Әмирабад» аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы «Агро эксим голд» жуўапкершилиги шекленген жәмийетине қараслы гидропоника технологиясы тийкарында қурылған, 4 гектар майдандағы ыссыханада 80 жас мәўсимлик, 50 жас турақлы жумыс пенен тәмийинленди.  Буннан тысқары, «Сарабий» аўылында жас исбилермен Охунжан Явкачев тәрепинен өткен жылдың август айында иске түсирилген «Сарабий текс» тигиўшилик ҳәм шулық ислеп шығаратуғын цехында 30, «Қылшынақ» аўылында өткен жылдың октябрь айында иске түсирилген «CHAMANTEX» жуўапкершилиги шекленген жәмийетинде 32 ҳаял-қыздың бәнтлиги тәмийинленди.

photo_2020-09-16_19-21-37.jpg

Жаслардың бәнтлигин тәмийинлеў бойынша жумыслар республикамыздың басқа районларда да даўам етпекте.

photo_2020-09-16_19-21-40.jpg

 

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.

М.ҲӘБИЙБУЛЛАЕВ тың түсирген сүўретлери