Орайлық банк Басқарыўы тийкарғы ставканы 1 процентке түсирип, жыллық 14 процент дәрежесинде белгиледи.

 

Орайлық банк мәлимлеме хызметиниң хабар бериўинше, бул қарар инфляцияның еле де пәсейип, жыл жуўмағында прогнозлық көрсеткишлерге ерисиў бойынша исенимниң беккемлениўи, экономикаға унамлы реал процентлик ставкаларды сақлап қалыў зәрүрлиги, сондай-ақ, пандемия шараятында инфляцияны пәсейтиў ҳәм экономикалық белсендиликти қоллап-қуўатлаў мақсетлери арасындағы тең салмақлылықты тәмийинлеў менен түсиндириледи.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.