Усы жылдың 9-сентябрь күни Шымбай кәсип-өнер мектебинде районлық Халықтың бәнтлигине көмеклесиў орайы тәрепинен  район ҳәкимлиги, прокуратурасы, ишки ислер бөлими, жаслар аўқамы менен биргеликте райондағы бос жумыс орынларының мийнет ярмаркасы өткерилди.

Ярмаркаға район аймағындағы 51 мәкеме ҳәм кәрханалар улыўма 103 бос жумыс орны менен қатнасты.

Ярмарка даўамында 30 пуқараның бәнтлиги тәмийинленди. Сондай-ақ, 23 пуқара мәкеме ҳәм кәрханалардағы бос жумыс орынларына, 4 пуқараға өнерментшилик бойынша 2 ай мүддетке кәсипке қайта оқытыў ҳәм қайта таярлаў курсларына, 3 пуқараға ўақытша ис ҳақы төленетуғын жәмийетлик есабынан инспектор жәрдемшиси лаўазымына жумысқа орналастырыў ушын жоллама берилди.

– Ярмарка даўамында жаслар өзлериниң қызыққан тараўлары менен шуғылланыўы ушын банк тәрепинен берилетуғын жеңиллетилген кредитлер есабынан ыссыханалар қурып дәрамат таппақта. Тигиўшиликке қызыққан қызлар болса, тигиў машиналарын алып өзи ҳәм теңлеслерин жумыс пенен тәмийинлемекте, – дейди исбилермен Жамила Жумашбаева.  Мен «Гөззаллық салон»ын ашып, еки адамды жумыс пенен тәмийинлеген болсам, бүгинги ярмаркаға және еки жумыс орнын усынбақтаман.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги