Россияның ири медициналық мәкемелеринде хызмет көрсетип атырған 40 қа жақын медициналық қәнигелери август айының орталарында Өзбекстанға келген еди.

Усы жылдың 8-сентябрь күни еки шыпакер Қараөзек районына барды.

Бул ҳаққында бизге район ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети хабар бермекте.

Олар бирлеспедеги жуқпалы кеселликлер бөлиминде коронавирус кеселлигине  шалынған наўкасларды жергиликли шыпакерлер менен биргеликте медициналық тексериў жумысларын алып барды.

Медициналық тексериў жумыслары даўамында коронавирусқа шалынған наўқасларды емлеў бойынша тәжирийбелерин жергиликли шыпакерлер менен бөлисти.

 

 

Сондай-ақ, Россиялы тәжирийбели шыпакерлер карантин зоналарының жумысы менен танысып, оларға әмелий усыныслар берди.

Мағлыўмат ушын, 3-сентябрь күни Россияның ири медициналық мәкемелеринде хызмет көрсетип атырған тәжирийбели 4 қәниге Нөкис қаласына келген еди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.