Қарақалпақстан  Республикасы  өсимликлер карантини аймақлық инспекциясының мағлыўматларына қарағанда, усы жылдың  август айы  даўамында 7116,3 тонна карантин астындағы өнимлер экспортқа шығарылды. 

Соннан, 250,15 тонна пахта талшығы Түркия ҳәм Уллы Британия  мәмлекетине, 680 тонна бийдай уны Афғанстан мәмлекетине, 3195 тонна овощ, палыз ҳәм 430 тонна мийўе, жүзим өнимлери Қазақстан Республикасына, 180 тонна пахта майы Афғанстанға, 44 тонна гүнжи ҳәм 29 тонна мәш өними Ирак мәмлекетине ҳәм Қазақстан Республикасына, 1611 тонна ийрилген жип өними Қытай Халық Республикасына, Түркия мәмлекетине, Россия Федерациясына экспортқа шығарылды.

– Агроном-инспекторлар тәрепинен зыянлы организмлердиң тарқалыўының ҳәм сырттан басқа да карантин организмлериниң кирип келиўиниң алдын алыў мақсетинде, республикамызда  жетистирилип  экспортқа шығарылып атырған өнимлер карантин тексериўинен өткерилип, фитосанитар жағдайы анықланғаннан соң  дүнья базарларына  алып шығыўға рухсат етилмекте,-дейди инспекцияның баспасөз хаткери М.Пирниязова. – Буннан басқа карантин астындағы өнимлерге кириўши боян тамыр ҳәм боян тамыр экстракты, қуўырылған тары өнимлери  карантин тексериўинен өткерилип, экспортқа шығарылды.

Бул хызметлерден тийкарғы мақсет – сапалы аўыл хожалығы  өнимлерин жетистириў арқалы өнимлеримиздиң дүнья базарларынан мүнәсип орын ийелеп, елимиз экономикасының өсиўин тәмийинлеў болып есапланады.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги