Кегейли районында «Kegeyli» саўда белгиси астында қурылыс өнимлерин ислеп шығарыў жолға қойылды. Бул ҳаққында район ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети хабар берди.
Исбилермен А.Арзымуратов 5 түрдеги қурғақ ҳәм 7 түрдеги суйық қурылыс өнимлерин ислеп шығарыўды баслап, ҳәзирги күнде еки адамды турақлы жумыс пенен тәмийинледи.
– Жумыс көлемин арттырып, 6 адамды жумыс пенен бәнт етиўди жобаластырып отырмыз, – дейди исбилермен А.Арзымуратов. – Өнимлеримиздиң сапасы да, баҳасы да халқымыздың кеўлинен шығады деген үмиттемиз.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.