Кегейлиши Зинатдин Жумабаев көптен берли гөзаллық салонын ашпақшы болып, оны жер ҳәм қәрежет мәселеси қыйнап жүрген еди.

Бул мәселе бойынша Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиндеги ӨзЛиДеП депутатлық топарының баслығы Байрам Искендеров жәрдем берди. Ол район ҳәкимлигине ҳәм тийисли уйымларға депутатлық сораўнама жиберип, салон имараты ушын жер ажыратылыўына еристи.

– Буннан басқа З.Жумабаевқа гөзаллық салоны ушын керекли болған мебель ҳәм басқа да үскенелерди сатып алыўға «Жаслар – келешегимиз» мәмлекетлик бағдарламасы тийкарында ажыратылып атырған кредитлер бойынша мағлыўматлар берилип, банктен кредит алыўы ушын керекли болған зәрүр ҳүжжетлерди таярлаўға жәрдем бердик,-дейди депутат Б.Искендеров. – «Халық банк»иниң районлық филиалынан алған 30 миллион сумлық қаржыға гөззаллық салоны ашылды.

Ҳәзирги ўақытта салон иске түсирилип, 4 жас жумыс пенен тәмийинленди.

 

         Қарақалпақстан хабар агентлиги