Халық депутатлары Шоманай районлық Кеңесиндеги ӨзЛиДеП  депутатлық топарының гезектеги мәжилиси болып өтти. 

ӨзЛиДеП Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси Баспасөз хызметиниң мағлыўматларына қарағанда, мәжилисте инвестициялық жойбарлардың бүгинги күндеги орынланыўы ҳәм алдағы ўақытлары ислениўи тийис жумыслар ҳаққында районлық  Инвестиция ҳәм сыртқы саўда бөлими баслығының орынбасары  Б.Қыдырбаевтың  есабаты  тыңланды. Депутатлық топары  ағзалары  тәрепинен  халық  пенен ушырасып, олардың машқалаларын  анықлаў, аймақлардағы кем тәмийинленген шаңарақлардың ҳәм имканияты шекленген пуқаралардың  ҳалынан  хабар алыў жумысларын турақлы шөлкемлестириў сыяқлы әҳмийетли мәселелер көрип шығылды.

Атап өтилгениндей,  Шоманай районында бүгинги күнде жумыс алып барып атырған  исбилерменлик  субъектлериниң саны 367 ни қураса, соннан кәрханалар саны 76ға жетти.

Өткен  6 ай даўамында 80,7 млрд. сумлық санаат өнимлери ислеп шығарылған болып,  санааттың 3,3 есеге өсиўи тәмийинленген. Ҳәзирги күнде ири жойбарлардың  бири  болған  улыўма  баҳасы 2,0 млн АҚШ доллар баҳасындағы сырт ел инвестиция қәрежетлери есабынан “LIANTAY KC LICORICE” жуўапкершилиги шекленген жәмийетинде  боян тамырын қайта ислеў жойбарында 120 жумыс орны ажыратылыўы белгиленгенлигин есабатта  айтып өтилди.

Мәжилис даўамында жоқарыдағы сөз етилген  мәселелер бойынша депутатлар өз пикир усынысларын билдирип,  алдағы ўақытлары  халықтың машқалаларын унамлы шешиўде халық пенен бирге  тығыз жумыс алып барыўды еледе жанландырыў кереклигин атап өтилди.

Ушырасыў даўамында партияның районлық Кеңеси тәрепинен алда турған ўазыйпалар белгиленип, тийисли қарарлар қабыл етилди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги