28-август күни халық депутатлары Тахтакөпир районлық Кеңесиниң  нәўбеттеги он биринши  сессиясы өткерилди.

Сессияның күн тәртибиндеги район халықының жәрдемге мүтәж  қатламын қоллап-қуўатлаў, исбилерменликти раўажландырыў, бюджет дәраматларын арттырыў ҳәм сырт елде мийнет етип келген  жумыссыз  пуқараларды жумысқа жайластырыў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар бойынша  район ҳәкиминиң биринши орынбасары Д.Жаңабаевтың баянаты  тыңланды.

Буннан соң район ҳәкимшилик суды тәрепинен 2020-жылдың өткен 7 айы даўамында әдил судлаўды әмелге асырыў бойынша алып барылған жумыслар ҳаққында мәлимлеме берилди.

Сондай-ақ, районда улыўма орта билим бериў шөлкемлериниң жаңа  2020-2021-оқыў жылына таярлық көриў, карантин дәўиринде  оқыўшылардың  билим процессин белгилеў бойынша ата-аналар арасында өткерилген сораўнамалардың жуўмақлары бойынша районлық халық билимлендириў бөлиминиң баслығы Б.Жаримбетовтың есабаты тыңланды ҳәм мектеплер жаңа  оқыў жылына таярлықтың барысы талқыланды.

Сессияда районында  2021-2023-жылларға мөлшерленген  ишимлик суў тәмийнаты ҳәм канализация системасын комплексли раўажландырыў бағдарламасына усынылған жойбарларды  үйренип шығыў, Тахтакөпир суў тәмийнаты баслығы Б.Бердимуратовтың есабаты тыңланды.

Ҳәр бир мәселе бойынша додалаўға  шыққанлар қойылған мәселениң әҳмийетлилиги ҳаққында пикир билдирип, ҳәм өзлериниң пикир-усынысларын билдирди.

Сессия жуўмағында күн тәртибинде көрип шығылған мәселелер бойынша тийисли қарарлар қабыл етилди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги