Өзбекистан Республикасы Президентиниң пәрманы

Әмелге асырылып атырған реформалар нәтийжесинде Өзбекистанда ғәрезсизлик жылларында жеке меншик ийелериниң ҳуқықлары менен нызамлы мәплериниң қорғалыўын тәмийинлеп атырған беккем нызамшылық базасы жаратылғаны, мәмлекетлик хызмет көрсетиўдиң тиккелей байланыссыз заманагөй интерактив түрлери енгизилип атырғаны, мәмлекет пенен исбилерменлер арасында системалы байланыс жолға қойылғаны, киши бизнес ҳәм жеке исбилерменликтиң орта класын қәлиплестириў, елимиз экономикасын турақлы раўажландырыў, жаңа жумыс орынларын жаратыў ҳәм халықтың дәраматларын арттырыўдың ең әҳмийетли факторы сыпатында киши исбилерменликти жедел раўажландырыў ушын исенимли ҳуқықый кепилликлер жаратылғаны атап өтилсин.

Соның менен бирге, раўажланыўдың ҳәзирги басқышында бизнести раўажландырыўды қоллап-қуўатлаў мәселелеринде қәлиплескен көз-қарасларды қайтадан көрип шығыўды, исбилерменлик субъектлериниң ҳуқықлары менен нызамлы мәплерин қорғаўдың жаңа системасы жаратылыўын талап етпекте.

Халықты исбилерменлик жумысына буннан былай да жедел тартыў ҳәм жеке бизнести баслаўға, сондай-ақ, исбилерменлик субъектлери жумысының барлық басқышларында жүзеге келип атырған машқалаларды артықша әўерегершиликсиз ҳәм қағазпазлықсыз жедел шешиўге хызмет ететуғын базар инфраструктурасының турақлы ислеўин және буннан былай да раўажландырыўды муўапықластырыўшы әмелий механизмниң нәтийжели системасын жаратыў зәрүр.

Усы жерде, статусына, жумыс бағдарына ҳәм көлемине, мүлкшилик түрине қарамастан, барлық исбилерменлик субъектлерин бирлестириўши мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкем есапланған Өзбекистан Республикасы Саўда-санаат палатасының ўазыйпаларын, жумыс бағдарларын ҳәм ўәкилликлерин түп-тийкарынан қайта көрип шығыўды талап етпекте.

2017-2021-жылларда Өзбекистан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясында белгиленген ўазыйпаларды орынлаў, бизнес жәмийетшилиги ҳәм мәмлекетлик уйымлар арасында нәтийжели пикирлесиў ҳәм саламат шерикшилик механизмлерин жолға қойыў, жеке меншик ҳәм исбилерменлик субъектлериниң ҳуқықлары менен нызамлы мәплерин исенимли қорғаўдың кепилликлерин күшейтиў, исбилерменлер менен бизнес-орталықты жетилистириў мәселелери бойынша әҳмийетли мәлимлеме алмасыўдың турақлы каналын, бәринен бурын ўәлаятларда, қалалар менен районларда енгизиў, исбилерменлик жумысын қоллап-қуўатлаў бағдарында әмелге асырылып атырған илажлардың әмелий нәтийжелерине ерисиў, өзиниң бизнесин шөлкемлестириўге ҳәм жүргизиўде халыққа ҳәр тәреплеме көмек бериў, сондай-ақ, исбилерменлик субъектлерине сапалы мәмлекетлик хызметлер көрсетиўди тәмийинлеў мақсетинде:

  1. Өзбекистан Республикасы Саўда-санаат палатасы, Экономика министрлиги, Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги, Әдиллик министрлиги, Меншиклестирилген кәрханаларға көмеклесиў ҳәм бәсекиликти раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитетиниң, сондай-ақ, исбилерменлик структураларының Өзбекистан Республикасы Саўда-санаат палатасы системасын түп-тийкарынан қайта реформалаў ҳаққындағы усыныслары қабыл етилсин және оның тийкарғы ўазыйпалары менен жумыс бағдарлары етип, төмендегилер белгиленсин:

а) исбилерменлердиң ҳуқықларын қорғаў саласында – исбилерменлик субъектлерин, әсиресе, өзиниң жумысын жолға қойыў ўақтында оларды қоллап-қуўатлаўдың нәтийжели системасын жаратыў, олардың ҳуқықлары менен нызамлы мәплерин исенимли қорғаўдың кепилликлерин күшейтиў, жедел раўажландырыўға ҳәр тәреплеме жәрдем бериў, жеке меншик ҳәм исбилерменликтиң әҳмийетли ролин ҳәм қол қатылмаслығын тәмийинлеў, республикамыздың районлары менен қалаларында халықты исбилерменлик жумысына кеңнен тартыў, соның ишинде:

ўәкилликли уйымлар тәрепинен исбилерменлик субъектлериниң ҳуқықлары менен нызамлы мәплерине әмел етилиў жағдайын талқылаў және оның нәтийжелерин системалы тийкарда Өзбекистан Республикасы Президенти Аппараты, Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинети ҳәм басқа да ўәкилликли уйымларға усыныў;

исбилерменлик жумысы саласы нызамшылығының, бәринен бурын жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары тәрепинен орынланыўы үстинен жәмийетлик қадағалаўды әмелге асырыўдың әмелий механизмин енгизиў және олардың жумысы бойынша бийғәрез баҳалаўды таярлаў ҳәм Министрлер Кабинетине усыныў;

мәмлекетлик ҳәм хожалық басқарыў уйымлары, жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымларының басшыларына ҳәм хызметкерлерине шағым арзалар берген исбилерменлик субъектлериниң мәплерин қорғаў;

исбилерменлик субъектлериниң жумысының мониторингин әмелге асырыў және олардың жумысын тексериўлерде Палата ағзаларының қатнасыўын тәмийинлеў.

б) исбилерменлик ҳәм инвестициялық орталықты жақсылаў саласында – исбилерменлик жумысы саласы нызамшылығын буннан былай да жетилистириў, исбилерменлик субъектлериниң исбилерменлик орталығын буннан былай да жақсылаў, исбилерменлик жумысы саласында қабыл етилген нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлердиң әмелиятқа енгизилиўи үстинен жәмийетлик экспертизаны шөлкемлестириў ҳәм жәмийетлик қадағалаўды күшейтиўге кеңнен тартыў, соның ишинде:

исбилерменлик жумысын раўажландырыў, қолайлы исбилерменлик орталығын ҳәм инвестициялық орталықты қәлиплестириў бойынша мәмлекетлик бағдарламалар, сондай-ақ, аймақларды комплексли раўажландырыў бағдарламаларын ислеп шығыўда қатнасыў;

исбилерменлик субъектлерин исбилерменлик орталығы жағдайын буннан былай да жақсылаў бойынша илажлар ислеп шығыўға кеңнен тартыў, исбилерменлик структуралары менен биргеликте нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер жойбарларының жәмийетлик экспертизасын, соның ишинде, санаат, транспорт, қурылыс, қаржы, мәлимлеме-коммуникация технологиялары, саўда ҳәм хызметлер, аўыл хожалығы өнимлерин қайта ислеў ҳәм басқа да салалар бойынша экспертлик кеңеслерди дүзиў арқалы шөлкемлестириў,

исбилерменлик субъектлериниң ҳуқықлары менен нызамлы мәплериниң кепилликлерин беккемлеў, олардың раўажланыўын хошаметлеўди күшейтиўге қаратылған нызамшылықты жетилистириў бойынша усыныслар таярлаў;

республикамыздың районлары (қалалары), ўәлаятлары кесиминде орынлардағы исбилерменлик орталығының жағдайы ҳәм нызамшылықтағы нормативлердиң ҳәм талаплардың әмелге асырылыўы нәтийжелери бойынша ҳәр шеректе талқылаў өткериў және Өзбекистан Республикасы Президенти Аппаратына, Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинетине ҳәм басқа да ўәкилликли уйымларға оларды жақсылаў бойынша талқыланған материалларды ҳәм усынысларды усыныў.

в)  исбилерменлик жумысына көмеклесиў саласында – исбилерменлик субъектлерине бизнести шөлкемлестириў, жүргизиў ҳәм буннан былай да раўажландырыўда әмелий жәрдем көрсетиў, мәмлекетлик уйымлар ҳәм базар инфраструктурасы субъектлери хызметлеринен пайдаланыў бойынша имканиятлар және шараятлар жаратыў, мәсләҳәт жәрдемин ҳәм мәлимлеме тәмийинатын усыныўға төмендегилер арқалы көмеклесиў:

жаңадан жумыс баслап атырған исбилерменлерди орналастырыў ушын бизнес инкубаторлардың жумысын жаратыў ҳәм шөлкемлестириў және оларға бизнес-режелерди таярлаў, исбилерменлик жумысын әмелге асырыў менен байланыслы зәрүр мәлимлемелерди алыў ҳәм әмелий мәселелерди шешиўде эксперт, ҳуқықый ҳәм мәсләҳәт жәрдемин көрсетиў;

исбилерменлердиң инвестиция ҳәм өндирис процеслерин шөлкемлестириў бойынша әмелий көнликпелерди өзлестириўине, исбилерменлик жумысын әмелге асырыў менен байланыслы зәрүр мәлимлемелерди алыўына жәрдем бериў;

исбилерменлик жумысын әмелге асырыўда, олардың жумысы бойынша тексериўлер өткерилгенде исбилерменлик субъектлерине ҳуқықый ҳәм юридикалық жәрдем көрсетиў;

қаржылық ҳәм товар-шийки зат ресурсларынан, инженерлик-коммуникация тармақларынан, технологиялық машиналар ҳәм қурылмалардан, өндирислик объектлерден, сондай-ақ, жер майданларынан пайдаланыўда әмелий жәрдем көрсетиў;

Саўда-санаат палатасының ағзалары ҳәм шериклериниң қатнасыўында жәмийетлик тийкарда комитетлер, исбилерменлик ҳәм муўапықластырыў кеңеслерин шөлкемлестириў;

Инновациялық исбилерменликти енгизиўге, «startup» жойбарлар, жаслардың, бәринен бурын, жоқары ҳәм орта арнаўлы, кәсип-өнер билимлендириўи мәкемелери питкериўшилериниң өз бизнесин шөлкемлестириўге ҳәм жүргизиўге, сондай-ақ, халықтың бәнтлигиниң ҳәм дәраматларының жедел өсиўин тәмийинлеўге хызмет ететуғын киши, жеке ҳәм шаңарақлық исбилерменликтиң, жумысты үйге алып ислеўдиң ҳәр қыйлы түрлерин жедел раўажландырыўға белсене көмеклесиў.

г)  мәмлекетлик уйымлар менен өз-ара бирге ислесиў саласында – мәмлекетлик ҳәкимияттың барлық тармақларының-нызамшылық, суд ҳәм атқарыўшы ҳәкимиятлар, сондай-ақ, банк-қаржы шөлкемлериниң және базар инфраструктурасының басқа субъектлери менен өз-ара бирге ислесиўди тәмийинлеўдиң сәйкес келиўине ҳәм нәтийжелилигине хызмет ететуғын пайдалы өз-ара бирге ислесиў системасын ҳәм жаңа жумыс түрлерин енгизиў, соның ишинде:

исбилерменлик субъектлери менен мәмлекетлик ҳәм хожалық басқарыў уйымлары, сондай-ақ, орынлардағы барлық дәрежедеги мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары арасында өз-ара қатнасықларды нәтийжели шөлкемлестириўге көмеклесиў, «тиккелей ҳәм қайта байланыс» принципи бойынша өз-ара бирге ислесиўдиң әмелий ҳәм нәтийжели механизмин жаратыў;

исбилерменлик субъектлериниң мүрәжатларын қабыл етиў ҳәм қайта ислеў, ўәкилликли уйымларға көрип шығыў ушын усыныў, сондай-ақ, олардың орынланыўы үстинен мониторинг алып барыў ҳәм талқылаў;

ўәлаятлардың орайларында районлар менен қалаларда Исбилерменликке көмеклесиў орайларының жумысын шөлкемлестириў, олардың ўәкилликли мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлер, сондай-ақ, мәмлекетлик хызметлерин усынатуғын хожалық басқарыў уйымлары менен өз-ара бирге ислесиўин тәмийинлеў.

д)  исбилерменлик субъектлерин оқытыў ҳәм кадрлар таярлаў саласында – исбилерменлик структуралары ушын кадрлар таярлаў ҳәм қайта таярлаў системасының сапасын түп-тийкарынан жақсылаў, экономика тармақларының мүтәжликлерин есапқа ала отырып, билимлендириў бағдарлары ҳәм қәнигеликлери бойынша оқыў бағдарламаларын жетилистириў, ҳәр бир район ҳәм қалаларда кадрлардың маманлығын арттырыў және қайта таярлаў турақлы курсларын төмендеги усыллар арқалы шөлкемлестириў:

Өзбекистан Республикасы Меншиклестирилген кәрханаларға көмеклесиў ҳәм бәсекиликти раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети менен Республикалық исбилерменлик жумысы тийкарларын оқытыў орайы ҳәм оның аймақлық филиаллары менен, соның ишинде, кәсип-өнер колледжлери тийкарында оқыўлардан бос ўақытларда, өз-ара бирге ислесиўди шөлкемлестириў;

орай жумысының бағдарлары бойынша халықарлық қаржы институтлары, шет елли донорлар ҳәм шет мәмлекетлердиң исбилерменлерди оқытыў бойынша альтернатив орайлары менен жақын бирге ислесиўин жолға қойыў;

исбилерменлерге бизнес жүргизиў тийкарларын, бизнес-режелер дүзиў, исбилерменлик жумысы саласында нызамшылық ҳүжжетлериниң жойбарларын ислеп шығыў, менеджмент, қаржылық басқарыў ҳәм басқа да зәрүр пәнлерге оқытыўды шөлкемлестириў бойынша исбилерменлик субъектлери ушын оқыў курсларын ислеп шығыў және өткериў;

исбилерменлерге хызметкерлерди таңлаўда ҳәм оқтыўда, олардың кәсиплик маманлығын турақлы арттырыўға көмеклесиў, аймақлар ҳәм исбилерменлик салаларында маман кадрларға болған зәрүрликлерден келип шыққан ҳалда, орта арнаўлы, кәсип-өнер ҳәм жоқары билимлендириў мәкемелеринде қәнигелер таярлаўға мәмлекетлик буйырпаларды қәлиплестириўде қатнасыў;

билимлендириўди шөлкемлестирў ушын жоқары оқыў орынларының, кәсип-өнер колледжлериниң оқытыўшыларын, әмелиятшы-қәнигелерин, жоқары нәтийжелерге ерискен исбилерменлер менен шет елли қәнигелерди тартыў.

е)  сыртқы экономикалық жумыслар ҳәм инвестиияларды тартыў саласында – республикамыз исбилерменлик субъектлериниң халықаралық исбилерменлик жәмийетшилигине интеграцияласыўын, жергиликли кәрханалар өнимлериниң сыртқы базарларға шығарылыўын тәмийинлеў, миллий брендлерди шет елде белсене алға қойыў, жергиликли ҳәм шет ел инвестицияларын, сондай-ақ, заманагөй технологияларды тартыў, соның ишинде:

бизнес-форумлар, көргизбелерди және ярмаркаларды шөлкемлестириў ҳәм оларда жергиликли исбилерменлик субъектлериниң кең қатнасын тәмийинлеў;

исбилерменлик субъектлерине исенимли шериклер табыўда, жаңа базарларды излеўге ҳәм өндирилген өнимлерди сыртқы базарларға алып шығыўға, экспорт түрлерин кеңейтиўге және исбилерменлик субъектлериниң экспорт потенциалын арттырыўға, сондай-ақ, ҳуқықлары менен мәплерин қорғаўға жәрдем көрсетиў;

шөлкемлестирилген киши санаат ҳәм еркин экономикалық зоналарда ишки ҳәм сыртқы базарларда талап жоқары болған, бәсекиге шыдамлы өнимлер ислеп шығарыў бойынша заманагөй өндирислерди шөлкемлестириўге байланыслы жойбарларды әмелге асырыў шеңберинде исбилерменлик субъектлерине, соның ишинде, шет елли инвесторларға ҳәр тәреплеме жәрдем көрсетиў;

бул ўазыйпаларды әмелге асырыўда республикамыздың шет елдеги дипломатиялық ўәкилханаларының саўда-экономикалық мәселелери бойынша кеңесгөйлери, сондай-ақ, Өзбекистан Республикасы Саўда-санаат палатасының шет елдеги ўәкилханалары менен жедел өз-ара бирге ислесиўди тәмийинлеў.

  1. Өзбекистан Республикасы Саўда-санаат палатасы белгиленген анық стратегиялық мақсетлердиң ҳәм тийкарғы ўазыйпалардың нәтийжели әмелге асырылыўын тәмийинленсин, Саўда-санаат палатасы Президиумы мәжилислеринде қабыл етилип атырған илажлардың нәтийжелилигин турақлы көрип шықсын.

Мәмлекетлик ҳәм хожалық басқарыў уйымлары, сондай-ақ, жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымларының басшылары Өзбекистан Республикасы Саўда-санаат палатасы жумысының стратегиялық мақсетлери менен ўазыйпаларын әмелге асырыўда ҳәр тәреплеме жәрдем көрсетиўди тәмийинлесин.

  1. Өзбекистан Республикасы Саўда-санаат палатасы шөлкемлестириўшилериниң төмендеги усыныслары мақуллансын:

Өзбекистан Республикасы Саўда-санаат палатасының қурылтайы жоқары басқарыў уйым есапланады ҳәм ол ҳәр төрт жылда кеминде бир мәрте жыйналады;

қурылтайдың арасында палатаның басқарыў уйымы қурылтай делегатлары тәрепинен сайланатуғын 25 адамнан ибарат Өзбекистан Республикасы Саўда-санаат палатасының Президиумы есапланады;

палатаның атқарыўшы уйымы Өзбекистан Республикасы Саўда-санаат палатасы атқарыў комитети есапланып, ол өз жумысында Өзбекистан Республикасы Саўда-санаат палатасының Президиумына тиккелей есап береди;

Өзбекистан Республикасы Саўда-санаат палатасының баслығы лаўазымына Өзбекистан Республикасы Президентиниң усынысы бойынша Өзбекистан Республикасы Саўда-санаат палатасы қурылтайының делегатлары тәрепинен сайланады;

Өзбекистан Республикасы Саўда-санаат палатасының баслығы лаўазымы бойынша Өзбекистан Республикасы Саўда-санаат палатасы Президиумының баслығы есапланады ҳәм Өзбекистан Республикасы Саўда-санаат палатасы атқарыў комитетиниң жумысын басқарады;

Өзбекистан Республикасы Саўда-санаат палатасы Өзбекистан Республикасы Саўда-санаат палатасы Атқарыў комитети баслығының биринши орынбасары ҳәм орынбасарлары лаўазымларына Өзбекистан Республикасы Саўда-санаат палатасы баслығының усынысы менен Өзбекистан Республикасы Саўда-санаат палатасы Президиумы тәрепинен тайынланады.

  1. Өзбекистан Республикасы Саўда-санаат палатасына төмендеги ҳуқықлар берилсин:

Өзбекистан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасы, Өзбекистан Республикасы Президенти Аппараты, Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинети, министрликлер ҳәм ведомстволарға исбилерменлик және инвестициялық орталықты жақсылаў, сондай-ақ, исбилерменлик субъектлериниң жумысын тәртипке салыў мәселелери бойынша усыныслар бериў;

эксперт кеңеслерин шөлкемлестириў, сондай-ақ, ўәкилликли мәмлекетлик уйымларға қабыл етилген нормативлик ҳуқықый ҳүжжетлер бойынша анықсызлықларды ҳәм ҳәр көзқарасларды сапластырыў бойынша мәжбүрий жуўап талап етилетуғын жазба сораўнамаларды усыныў;

Министрлер Кабинетине, министрликлер менен ведомстволарға бизнестиң раўажланыўына тосқынлық етип атырған ҳәм шеклеп атырған нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлерге өзгерислер менен қосымшалар киргизиў, сондай-ақ, оларды бийкар етиў ҳаққындағы усынысларды бериў;

қадағалаўшы уйымлардың жумысын муўапықластырыўшы Республикалық кеңес тәрепинен тастыйықланатуғын исбилерменлик субъектлеринде өткерилетуғын тексериўлердиң мүддетлерин ҳәм санын белгилеўде исбилерменлик субъектлериниң мәплерин қорғаў ушын тиккелей олардың жумысын тексериўге қатнасыў, сондай-ақ, тексериўлердиң нәтийжелери бойынша қабыл етилген қадағалаўшы уйымлардың қарарларына наразылық билдириў;

исбилерменлик субъектлери ҳәм мәмлекетлик уйымлар арасындағы келиспеўшиликлерди тәртипке салыўды тәмийинлеў мақсетинде мәмлекетлик ҳәкимият уйымларынан, жергиликли өзин-өзи басқарыў уйымларынан, хожалық басқарыў уйымларынан ҳәм олардың ўәкилликли шахсларынан зәрүр мағлыўматларды, ҳүжжетлер және материалларды сорап алыў;

жынайый ислер бойынша әмелиятта жәмәәтлик қорғаўшылар сыпатында қатнасыў;

мәмлекетлик уйымлардың ўәкилликли шахсларының қарарлары, ҳәрекети ямаса ҳәрекетсизлиги үстинен шағымлар бойынша исбилерменлик субъектлериниң атынан суд процесиниң қәлеген басқышына қатнасыў, сондай-ақ, шағым арзалары менен бир қатарда апелляция, кассация шағымларын, арзалар, соның ишинде қадағалаў тәртибинде бас тартыў ҳаққындағы хатларды усыныў;

мәмлекетлик активлерди меншиклестириў, соның ишинде, мәмлекетлик мүлк объектлерин «ноль»ге тең сатып алыў баҳасы бойынша сатыў, сондай-ақ, мәмлекетлик уйымлар ҳәм мәмлекетлик хызметлердиң айырым функцияларын жеке секторға бериў, сондай-ақ, мәмлекетлик-жеке шериклик механизмлерин енгизиў ҳаққында усыныслар бериў;

өзиниң қурамында белгиленген тәртипте билимлендириў мәкемелерин шөлкемлестириў.

  1. Өзбекистан Республикасы Саўда-санаат палатасы нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер жойбарларының исбилерменлик жумысына тәсирин баҳалаў ҳаққындағы жуўмағын бериў бойынша ўәкилликли уйым есапланатуғыны;

исбилерменлик жумысын әмелге асырыўға тиккелей ямаса жанапай тәсир ететуғын нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлердиң жойбарлары мәжбүрий түрде Өзбекистан Республикасы Саўда-санаат палатасы менен келисилиўи зәрүрлиги;

Өзбекистан Республикасы Саўда-санаат палатасы нормативлик-ҳуқықый ҳүжжеттиң жойбарына пүткиллей ямаса белгили бир бөлегине қарсы болған жағдайда, Өзбекистан Республикасы Саўда-санаат палатасы нормативлик-ҳуқықый ҳүжжеттиң жойбарын тастыйықлайтуғын нызамшылық ҳәм атқарыўшы ҳәкимият уйымларына өз жуўмақларын усыныў ҳуқықына ийе екени;

исбилерменлик жумысының раўажланыўына тосқынлық ететуғын ямаса шеклейтуғын нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлерге өзгерислер менен қосымшалар киргизиў, сондай-ақ, оларды бийкар етиў зәрүрлиги ҳаққында усынылған усыныслар ҳәм мәжбүрий жуўапты талап ететуғын жазба мүрәжатлар нызамда белгиленген мүддетте мәжбүрий түрде қарап шығылыўы ҳәм Өзбекистан Республикасы Саўда-санаат палатасына оларды көрип шығыў нәтийжелери ҳаққында тийкарланған жуўмақлар берилиўи зәрүр екени;

Өзбекистан Республикасы Саўда-санаат палатасының ўәкиллери мәжбүрий тәртипте мәмлекетлик уйымлар, соның ишинде, қадағалаў ҳәм ҳуқық қорғаў уйымларының жанында шөлкемлестирилетуғын жәмийетшилик мәсләҳәт кеңеслериниң қурамына киргизилетуғыны белгиленсин.

  1. Өзбекистан Республикасы Саўда-санаат палатасы қурамында ўәлаят орайлары, Нөкис ҳәм Ташкент қалаларында, районлар және қалалардағы бөлимлери менен, Өзбекистан Республикасы Әдиллик министрлиги системасыда «бир айна» принципи тийкарында исбилерменлик  субъектлерине мәмлекетлик хызметлер көрсетиў бойынша бирден-бир орайлар менен бирге орналастырыў принципи тийкарында исбилерменликти қоллап-қуўатлаў орайлары шөлкемлестирилсин.
  2. Исбилерменликти қоллап-қуўатлаў орайлары жумысының тийкарғы ўазыйпалары ҳәм бағдарлары етип төмендегилер белгиленсин:

зәрүр шараятларды жаратыў ҳәм бир орынның өзинде кең көлемли мәмлекетлик уйымлар және базар инфраструктурасы субъектлериниң хызметлери, бизнес хызметлеринен пайдаланыў имканиятын усыныў арқалы исбилерменлик субъектлерин ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў;

исбилерменлик субъектлерине инженерлик-коммуникация тармақларына жалғаныў, мәлимлеме тәмийнаты, мәмлекетлик хызметлерден пайдаланыўда (дизимнен өткериў, рухсат бериў, лицензиялаў ҳәм басқа да ҳүжжетлер) көмек бериў;

бизнес-режелер ислеп шығыў, сондай-ақ, лизинг, қамсызландырыў ҳәм баҳалаў хызметлеринен пайдаланыў ушын зәрүр ҳүжжетлерди таярлаў;

қаржылық, товар-шийки зат ҳәм тәбийғый ресурслар, технологиялық машиналар ҳәм үскенелер, өндирис объектлеринен, сондай-ақ, жер майданларынан пайдаланыўға көмеклесиў;

салыққа тартылыў, жумысшыларды жаллаў, статистика, қаржы, салық ҳәм басқа да есапларды тапсырыў, банк хызметлери, имарат ҳәм орынларды ижараға алыў, мәмлекетлик мүлк объектлерин «ноль» баҳасында сатып алыўда мәсләҳәтлер бериў;

халықаралық стандартлар ҳәм сертификатциялаў системасын енгизиўде, соның ишинде, сыртқы саўда шериклер менен кооперациялық байланысларды жолға қойыўда, сондай-ақ, сыртқы экономикалық жумысты әмелге асырыўда жәрдем бериў;

исбилерменлик субъектлери ушын исбилерменлик жумысын шөлкемлестириў ҳәм әмелге асырыў менен байланыслы мәселелер бойынша базар инфраструктурасы субъектлери, мәмлекетлик ҳәм хожалық басқарыў уйымлары, жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары менен еки тәреплеме ҳәм көп тәреплеме сөйлесиўлерди шөлкемлестириў.

  1. Өзбекистан Республикасы Саўда-санаат палатасы Өзбекистан Республикасы Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги менен биргеликте 2017-жылдың 1-июлине шекем болған мүддетте «тиккелей ҳәм қайта байланыс» принципи бойынша әмелий ҳәм нәтийжели өз-ара бирге ислесиў механизмин жаратыў мақсетинде, исбилерменлик субъектлериниң мүрәжатларын қабыл етиў, көрип шығыў және усынысларды додалаў бойынша арнаўлы порталды шөлкемлестирилсин.
  2. Өзбекистан Республикасы Саўда-санаат палатасының жумысын шөлкемлестириў әмелиятына төмендегилер енгизилсин:

Өзбекистан Республикасы Президенти, Бас министри ҳәм Өзбекистан Республикасы ҳүкимети ағзаларының экономикалық искерликтиң машқалалы мәселелерин додалаў, оларды шешиў бойынша исбилерменлердиң усынысларын, сондай-ақ, жаңа бизнес-идеялар ҳәм жойбарлар әмелге асырылыўын додалаў ушын исбилерменлер менен турақлы ушырасыўлар шөлкемлестириў;

Өзбекистан Республикасы Олий Мажлиси палаталарының комитетлери менен биргеликте жеке меншикти ҳәм исбилерменликти раўажландырыў, олардың ҳуқықлары менен нызамлы мәплерин тәмийинлеў мәселелери бойынша мәмлекетлик ҳәм хожалық басқарыў уйымлары, жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымларының басшылары ҳәм хызметкерлериниң есапларын, сондай-ақ, депутатлардың көшпели қабыллаўын шөлкемлестириў;

ҳәр жылы бизнес жәмийети, регионаллық ҳәм халықаралық бизнес ўәкиллериниң Экономикалық форумын өткериў, оның мақсети сыпатында бизнес топарлар, илимий жәмийетшилик, Ҳүкимет ҳәм халық арасындағы пикирлесиўлерди қоллап-қуўатлаў, сондай-ақ, Өзбекистан, регион ҳәм жәҳән экономикасының социаллық-экономикалық раўажланыў тенденцияларын бийғәрез, қалыс талқылаў тийкарында беккем байланыслар орнатыў.

  1. Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинети бир ҳәпте мүддет ишинде Өзбекистан Республикасы Президентиниң Өзбекистан Республикасы Саўда-санаат палатасының жумысын шөлкемлестириў ҳаққындағы қарары жойбарын белгиленген тәртипте тастыйықлаў ушын усынсын.
  2. Саўда-санаат палатасы Өзбекистан Республикасы Әдиллик министрлиги, Қаржы министрлиги, Экономика министрлиги, басқа да мәпдар министрликлер ҳәм ведомстволар менен биргеликте еки ай мүддет ишинде Министрлер Кабинетине төмендегилерди усынсын:

усы Пәрманнан келип шығып, нызамшылыққа киргизилген өзгерислер менен қосымшалар ҳаққындағы усынысларды;

жаңа редакциядағы «Өзбекистан Республикасы Саўда-санаат палатасы ҳаққында»ғы Өзбекистан Республикасы Нызамының жойбары;

Өзбекистан Республикасы Саўда-санаат палатасының қурамында сырт елли инвесторлар, сондай-ақ, шет елли шериклер менен өз-ара қатнасықларда миллий компаниялардың ҳуқықлары менен нызамлы мәплерин исенимли қорғаўды тәмийинлеў бойынша халықаралық коммерциялық арбитраж судын шөлкемлестириў бойынша комплексли илажлар.

  1. Усы Пәрманның орынланыўын қадағалаў Өзбекистан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа жүкленсин.

Өзбекистан Республикасы

Президенти                    Ш.МИРЗИЁЕВ,

Ташкент қаласы

2017-жыл 19-июнь

***

Өзбекистан Республикасы Президентиниң «Бизнестиң нызамлы мәплериниң мәмлекет тәрепинен қорғалыўына ҳәм исбилерменлик жумысын буннан былай да раўажландырыў системасын түп-тийкарынан жетилистириўге байланыслы илажлар ҳаққында»ғы Пәрманына

ТҮСИНИК

Елимизде киши бизнести ҳәм жеке исбилерменликти жедел раўажландырыў ушын қолайлы шараят жаратыў, жеке меншиктиң қорғалыўы ҳәм кепилликке алыныўының ҳуқықый механизмлерин буннан былай да беккемлеў, исбилерменликти раўажландырыў жолында бюрократиялық тосқынлықларды сапластырыў, инвестициялық орталықты ҳәм исбилерменлик жағдайын жақсылаўға қаратылған илажлар избе-из түрде әмелге асырылмақта.

Ғәрезсизлик жылларында жеке меншик ийелелериниң ҳуқықлары менен нызамлы мәплериниң қорғалыўын, мәмлекетлик, ҳуқық қорғаў ҳәм қадағалаў уйымлары менен өз-ара қатнасықларда исбилерменлердиң ҳуқықларының үстинлигин, атап айтқанда, исбилерменлик субъектлериниң жумысына тийкарсыз араласыўлардан исенимли ҳуқықый кепилликлерин тәмийинлеп беретуғын беккем нызамшылық базасы жаратылды.

Бүгинги күнде елимизде 525 мыңнан аслам исбилерменлик субъекти жумыс алып бармақта. Елимизде жалпы ишки өнимниң 56 проценттен асламы киши ҳәм жеке бизнес субъектлери тәрепинен ислеп шығарылып атырған болып, олар республикамыздың мийнетке жарамлы халқының 78 проценттен зыятын жумыс пенен тәмийинлемекте.

Соның менен бирге, 2017-2021-жылларда Өзбекистан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясында белгиленген ўазыйпаларды орынлаў, соның ишинде, бизнес саласы ўәкиллери ҳәм мәмлекетлик уйымлар арасында нәтийжели пикирлесиў ҳәм пайдалы бирге ислесиў механизмлерин жолға қойыў, жеке меншиктиң ҳәм исбилерменликтиң ҳуқықларын ҳәм нызамлы мәплерин исенимли қорғаў кепилликлерин күшейтиў, ўәлаятларда ҳәм районларда бизнес-орталығын жетилистириў мәселелери бойынша, сондай-ақ, исбилерменлик субъектлерине, бәринен бурын, ўәлаятларда, қалаларда ҳәм районларда сапалы мәмлекетлик хызметлердиң усыныс етилиўин тәмийинлеў мәмлекетлик уйымлардың ҳәм исбилерменлик структураларының өз-ара бирге ислесиўин, әсиресе, исбилерменлик субъектлериниң жумысын енди баслаған дәўирлерде оларды қоллап-қуўатлаўдың жаңа нәтийжели системасын жаратыўды талап етеди.

Жоқарыда көрсетилген ўазыйпалардың шешилиўи мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкем есапланып, статусының, бағдарының ҳәм жумысының көлеми, мүлк түрине қарамастан,  исбилерменлик субъектлерин бирлестиретуғын Өзбекистан Республикасы Саўда-санаат палатасы тәрепинен тәмийинлениўи нәзерде тутылған.

Өзбекистан Республикасы Президентиниң усы Пәрманы бәринен бурын, исбилерменлик жумысының раўажланыўын ҳәм бизнестиң нызамлы мәплериниң қорғалыўын, сондай-ақ, Өзбекистан Республикасы Саўда-санаат палатасының жумысы түп-тийкарынан жетилистирилиўин нәзерде тутады.

Пәрманда Саўда-санаат палатасының төмендеги анық ҳәм ең әҳмийетли ўазыйпалары белгилеп берилген:

а) исбилерменлердиң ҳуқықларын қорғаў саласында – исбилерменлик субъектлери, әсиресе, олардың өз жумысын жолға қойыў дәўиринде қоллап-қуўатлаўдың нәтийжели системасын жаратыў, ҳуқықларын ҳәм нызамлы мәплерин исенимли қорғаўдың кепилликлерин күшейтиў, саланың жедел раўажланыўына ҳәр тәреплеме көмек бериў, жеке меншиктиң ҳәм исбилерменликтиң үстинлик ролин ҳәм қол қатылмаслығын тәмийинлеў, елимиздиң районларында ҳәм қалаларында халықты исбилерменлик жумысына кеңнен тартыў;

ўәкиликли уйымлар тәрепинен исбилерменлик субъектлериниң ҳуқықларына ҳәм нызамлы мәплерине әмел етиў жағдайын талқылаў ҳәм талқылаў нәтийжелерин системалы түрде Өзбекистан Республикасы Президенти Аппаратына, Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинетине ҳәм басқа да ўәкиллликли уйымларға усыныў;

исбилерменлик жумысы саласындағы нызамшылықтың бәринен бурын, жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары тәрепинен орынланыўы үстинен жәмийетлик қадағалаўды орнатыўдың нәтийжели системасын енгизиў ҳәм олардың жумысы бойынша бийғәрез баҳалаў өлшемин ислеп шығыў ҳәм Министрлер Кабинетине усыныў;

мәмлекетлик ҳәм қалалық басқарыўы және жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымларының басшыларына ҳәм хызметкерлерине қарай шағым арзалары менен мүрәжат еткен исбилерменлик субъектлериниң мәплерин қорғаў;

исбилерменлик субъектлери жумысының мониторингин әмелге асырыў ҳәм олардың жумысын тексериўде палата ағзаларының қатнасыўы.

б) исбилерменлик ҳәм инвестициялық орталықты жақсылаў саласында-исбилерменликке байланыслы нызамшылықты жетилистириў, исбилерменлик орталығығын буннан  былай да жақсылаў, исбилерменлик саласындағы нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлердиң әмелиятқа енгизилиўи үстинен жәмийетлик экспертизаны шөлкемлестириўге ҳәм жәмийетлик қадағалаўды күшейтиўге кеңнен тартыў;

исбилерменлик жумысын раўажландырыў ҳәм қолайлы исбилерменлик және инвестициялық орталықты қәлиплестириў бойынша мәмлекетлик бағдарламаларды, сондай-ақ, аймақларды комплексли раўажландырыў бағдарламаларын ислеп шығыўда белсене қатнасыў;

исбилерменлик субъектлерин, исбилерменлик орталығын буннан былай да жақсылыў бойынша илажлар ислеп шығыўға белсенди тартыў, исбилерменлик структуралары менен биргеликте нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер жойбарларының жәмийетлик экспертизасын соның ишинде санаат, транспорт, қурылыс, қаржы, мәлимлеме-коммуникация технологиялары, саўда ҳәм хызметлер, аўыл хожалығы өнимлерин қайта ислеў ҳәм басқа да салалар бойынша эксперт кеңеслерин шөлкемлестириў;

исбилерменлик субъектлериниң ҳуқықларының ҳәм нызамлы мәплериниң кепилликлерин беккемлеў, олардың раўажланыўын хошаметлеўди күшейтиўге қаратылған нызамшылықты жетилистириў бойынша усыныслар таярлаў;

республика районлары(қалалары), ўәлаятлары кесиминде орынлардағы исбилерменлик орталығының жағдайы және нызамшылықтағы нормативлер ҳәм талаплардың әмелге асырылыўы нәтийжелери бойынша ҳәр шеректе талқылап барыў және Өзбекистан Республикасы Президенти Аппаратына, Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинетине ҳәм басқа да ўәкилликли уйымларға оларды жақсылаў бойынша талқыланған материалларды ҳәм усынысларды усыныў.

в) исбилерменлик жумысына көмеклесиў саласында – исбилерменлик субъектлерине бизнести шөлкемлестириўде, алып барыў ҳәм буннан былай да раўажландырыўда әмелий жәрдем көрсетиў, мәмлекетлик уйымлар ҳәм базар инфраструктурасы субъектлери хызметлеринен пайдаланыў имканиятларын ҳәм шараятларын усыныў, мәсләҳәт жәрдемин ҳәм мәлимлеме тәмийнатын усыныўда төмендегилер арқалы көмеклесиў:

жаңадан жумыс баслап атырған исбилерменлерди орналастырыў ушын бизнес-инкубаторлар жаратыў ҳәм жумысын шөлкемлестириў және оларға бизнес-режелерди таярлаў, исбилерменлик жумысын әмелге асырыў менен байланыслы зәрүр мәлимлемелерди алыў ҳәм әмелий мәселелерди шешиўде эксперт, ҳуқықый ҳәм мәсләҳәт жәрдемин көрсетиў;

исбилерменлердиң инвестиция ҳәм өндирис процесслерин шөлкемлестириў бойынша әмелий көнликпелерди өзлестириўи, исбилерменлик жумысын әмелге асырыўға байланыслы зәрүр мәлимлемелерди алыўға көмелесиўин тәмийинлеў;

исбилерменлик жумысын әмелге асырыўда, олардың жумысы бойынша тексериўлер өткерилгенде исбилерменлик субъектлерине ҳуқықый ҳәм юридикалық жәрдем көрсетиў;

қаржылық ҳәм товар-шийки зат ресурсларынан, инженерлик-коммуникация тармақларынан, технологиялық машиналардан ҳәм қурылмалардан, өндирислик объектлерден, сондай-ақ, жер участкаларынан пайдаланыўда әмелий жәрдем көрсетиў;

Саўда-санаат палатасы ағзаларының ҳәм шериклериниң қатнасыўында жәмийетшилик тийкарында комитетлер, исбилерменлик ҳәм муўапықластырыў кеңеслерин шөлкемлестириў;

инновациялық исбилерменлигин енгизиўге, «startup» жойбарлар, жаслардың, бәринен бурын, жоқары ҳәм орта арнаўлы, кәсип-өнер билимлендириў мәкемелери питкериўшилериниң өз бизнесин шөлкемлестириўге ҳәм алып барыўға, сондай-ақ, халықтың бәнтлигиниң ҳәм дәраматларының жедел өсиўин тәмийинлеўге хызмет ететуғын киши, жеке ҳәм шаңарақлық исбилерменлик, жумысты үйге алып ислеўдиң ҳәр қыйлы түрлерин жедел раўажландырыўға белсене көмеклесиў.

г) мәмлекетлик уйымлар менен өз-ара бирге ислесиў саласында – мәмлекетлик ҳәкимияттың барлық тармақлары – нызамшылық, суд ҳәм атқарыўшы ҳәкимиятлар, сондай-ақ, банк-қаржы шөлкемлериниң ҳәм базар инфраструктурасының басқа да субъектлери менен өз-ара бирге ислесиўдиң нәтийжелилигине хызмет ететуғын жаңа түрлерин енгизиў;

исбилерменлик субъектлери менен мәмлекетлик ҳәм хожалық басқарыў уйымлары, сондай-ақ, орынлардағы барлық дәрежедеги мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары арасында өз-ара қатнасықларды нәтийжели шөлкемлестириўге көмеклесиў, «тиккелей ҳәм қайта байланыс» принципи бойынша өз-ара бирге ислесиўдиң әмелий ҳәм нәтийжели механизмин жаратыў;

исбилерменлик субъектлериниң мүрәжатларын қабыл етиў ҳәм қайта ислеў, ўәкилликли уйымларға көрип шығыў ушын усыныў, сондай-ақ, олардың орынланыўының мониторингин ҳәм талқыланыўын алып барыў;

ўәлаятлар орайларында, районларда ҳәм қалаларда Исбилерменликке көмеклесиў орайларының жумысын шөлкемлестириў, олардың ўәкилликли мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлер, сондай-ақ, мәмлекетлик хызметлерди усынатуғын хожалық басқарыў уйымлары менен өз-ара бирге ислесиўин тәмийинлеў.

д) исбилерменлик субъектлерин оқытыў ҳәм кадрлар таярлаў саласында – исбилерменлик структуралары ушын кадрларды таярлаў ҳәм қайта таярлаў системасының сапасын түп-тийкарынан арттырыў, экономика тармақларының талапларын инабатқа ала отырып, билимлендириў бағдарлары ҳәм қәнигеликлери бойынша оқыў бағдарламаларын жетилистириў, ҳәр бир қалаларда ҳәм районларда төмендеги усыллар арқалы кадрлардың маманлығын арттырыўдың ҳәм қайта таярлаўдың турақлы курсларын шөлкемлестириў:

Өзбекистан Республикасы Меншиклестирилген кәрханаларға көмеклесиў ҳәм бәсекиликти раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети, сондай-ақ, Республика исбилерменлик жумысы тийкарларын оқытыў орайы ҳәм оның аймақлық филаллары менен кәсип-өнер колледжлери негизинде оқыўлардан бос ўақытларда өз-ара бирге ислесиўди шөлкемлестириў;

орай жумысының бағдарлары бойынша халықаралық қаржы институтлары, шет елли донорлар ҳәм шет мәмлекетлердиң исбилерменлерди оқытыў бойынша альтернатив орайлары менен жақын бирге ислесиўди жолға қойыў;

исбилерменлерге бизнести алып барыў тийкарлары, бизнес-режелер дүзиў, исбилерменлик жумысы саласында нызамшылық ҳүжжетлери жойбарларын ислеп шығыў, менеджмент, қаржы басқарыўы ҳәм басқа да зәрүр пәнлерге оқытыўды шөлкемлестириў бойынша исбилерменлик субъектлери ушын оқыў курсларын ислеп шығыў ҳәм өткериў;

хызметкерлерди таңлаўда ҳәм оқытыўда, олардың профессоналлық маманлығын турақлы арттырыўда исбилерменлерге жақыннан көмеклесиў, аймақларда ҳәм исбилерменлик салаларында жоқары маманлықтағы кадрларға болған талаплардан келип шығып, орта арнаўлы, кәсип-өнер ҳәм жоқары билимлендириў мәкемелеринде қәнигелер таярлаўға мәмлекетлик буйыртпаны қәлиплестириўде қатнасыў;

билимлендириўди шөлкемлестириў ушын жоқары оқыў орынларының, кәсип-өнер колледжлериниң оқытыўшылары, әмелиятшы-қәнигелер, жоқары нәтийжелерге ерискен исбилерменлерди ҳәм шет ел қәнигелерин тартыў.

е) сыртқы экономикалық хызмет ҳәм инвестицияларды тартыў саласында – елимиздеги исбилерменлик субъектлериниң халықаралық исбилерменлик жәмийетшилигине интеграцияласыўы, жергиликли кәрханалар өнимлериниң сыртқы базарларға шығарылыўын тәмийинлеў, миллий брендлерди шет елде белсенди алға қойыў, жергиликли ҳәм шет ел инвестицияларын, сондай-ақ, заманагөй технологияларды тартыў;

бизнес-форумлар, көргизбелерди ҳәм ярмаркаларды шөлкемлестириў ҳәм оларда жергиликли исбилерменлик субъектлериниң кеңнен қатнасыўын тәмийинлеў;

исбилерменлик субъектлерине исенимли шериклер, жаңа базарларды излеў ҳәм ислеп шығарылған өнимлерди сыртқы базарларға бағдарлаў, экспорт түрлерин кеңейтиў ҳәм исбилерменлик субъектлериниң экспорт потенциалын арттырыў, сондай-ақ, оларға ҳуқықларын ҳәм нызамлы мәплерин қорғаўда жәрдем көрсетиў;

шөлкемлестирилген киши санаат ҳәм еркин экономикалық зоналарда ишки ҳәм сыртқы базарларда талап жоқары болған, бәсекиге шыдамлы өнимлерди ислеп шығарыў бойынша заманагөй өндирислерди шөлкемлестириўге байланыслы жойбарларды әмелге асырыў шеңберинде исбилерменлик субъектлерине, соның ишинде, шет ел инвесторларына ҳәр тәреплеме көмеклесиў;

усы әҳмийетли ҳәм тийкарғы ўазыйпаларды әмелге асырыўда елимиздиң шет елдеги дипломатиялық ўәкилханаларының саўда-экономикалық мәселелер бойынша кеңесгөйлери, сондай-ақ, Өзбекистан Республикасы Саўда-санаат палатасының шет елдеги ўәкилханалары менен өз-ара бирге ислесиўди тәмийинлеў.

Мәмлекетимиз басшысының «Бизнестиң нызамлы мәплериниң мәмлекет тәрепинен қорғалыўына ҳәм исбилерменлик жумысын буннан былай да раўажландырыў системасын түп-тийкарынан жетилистириўге байланыслы илажлар ҳаққында»ғы Пәрманына муўапық, Саўда-санаат палатасы нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер жойбарларының исбилерменлик жумысына тәсирин баҳалаў ҳаққындағы жуўмақты бериў бойынша ўәкилликли уйым етип белгиленди. Яғный, исбилерменлик саласындағы барлық жойбарлар мәжбүрий түрде Саўда-санаат палатасы менен келисилиўи зәрүр.

Қадағалаў уйымлары тәрепинен режелестирилген тексериўлер туўралы алдын-ала Саўда-санаат палатасына хабар берилиўи, сондай-ақ, мәмлекетлик уйымлар, соның ишинде, қадағалаў ҳәм ҳуқық қорғаў уйымларының жанында шөлкемлестирилетуғын жәмийетлик мәсләҳәт кеңеслериниң қурамына Саўда-санаат палатасы ўәкиллериниң киргизилиўи тәртиби енгизилмекте.

2017-2021-жылларда Өзбекистан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясында бизнес-жәмийетшилиги менен мәмлекетлик уйымлар арасында пикирлесиўдиң нәтийжели механизмин жолға қойыў бойынша белгиленген илажларды әмелге асырыў мақсетинде Пәрманда Саўда-санаат палатасы ҳәм Өзбекистан Республикасы Олий Мажлиси палаталарының комитетлери биргеликте жеке меншикти ҳәм исбилерменликти раўажландырыў, олардың ҳуқықлары менен нызамлы мәплерин тәмийинлеў мәселелери бойынша мәмлекетлик ҳәм хожалық басқарыў уйымлары, жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары басшыларының ҳәм хызметкерлериниң есапларын тыңлаў нәзерде тутылған.

Сондай-ақ, Өзбекистан Республикасы Президентиниң исбилерменлер менен машқалалы мәселелерди, бизнес-идеяларды және жойбарларды додалаў бойынша системалы тийкарда ушырасыўлар өткериў, бизнес дөгереклер, илимий жәмийетшилик, Ҳүкимет ҳәм халық арасындағы пикирлесиўлерге көмеклесиў мақсетинде ҳәр жылы бизнес-жәмийетшилигиниң, регионаллық ҳәм халықаралық бизнес ўәкиллериниң Экономикалық форумын өткериў нәзерде тутылмақта.

Өзбекистан Республикасы Саўда-санаат палатасына қойылған ўазыйпаларды ҳәм берилген қосымша ҳуқықларды ҳәм ўәкилликлерди толық ҳәм нәтийжели әмелге асырыў мақсетинде Пәрманның орынланыў шеңберинде Өзбекистан Республикасы Президентиниң «Өзбекистан Республикасы Саўда-санаат палатасы жумысын шөлкемлестириўге байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарары қабыл етилди. Онда Саўда-санаат палатасының шөлкемлестириўшилик-басқарыў структурасын түп-тийкарынан жетилистириў нәзерде тутылған.

Атап айтқанда, Исбилерменликке көмеклесиў орайларының шөлкемлестирилиўи нәзерде тутылған болып, олар мәмлекетлик уйымлар ҳәм базар инфраструктурасы субъектлериниң хызметлери, бизнес-хызметлерден бир орында пайдаланыў ушын зәрүр шараятлар жаратыўды ҳәм имканиятларды усыныў арқалы исбилерменлик субъктлерин ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаўға қаратылған.

Бунда шөлкемлестирилип атырған Орайлардың исбилерменлерге «бир айна» принципи тийкарында мәмлекетлик хызмет көрсетиў субъектлери менен, сондай-ақ, банк, лизинг, қамсызландырыў, аудиторлық, баҳалаў, риэлторлық компаниялар ҳәм басқалар сыяқлы базар инфраструктурасы субъектлери менен үзликсиз байланыслар шөлкемлестириў нәзерде тутылған. Қарақалпақстан Республикасында, ўәлаят орайларында ҳәм Ташкент қаласында олардың қала ҳәм районларындағы бөлимлери менен Орайлары шөлкемлестириледи.

Соның менен бирге, шет елли инвесторлар, сондай-ақ, шет елли бирге ислесиўшилер менен өз-ара қатнасықларда миллий компаниялардың ҳуқықлары менен нызамлы мәплерин исенимли қорғаў мақсетинде Саўда-санаат палатасының қурамында Халықаралық арбитраж судын шөлкемлестириў бойынша комплексли илажлар нәзерде тутылмақта.

Қабыл етилген илажлардың турмысқа енгизилиўи исбилерменлик субъектлериниң ҳуқықлары менен нызамлы мәплериниң корғалыўы кепилликлериниң күшейиўин тәмийинлеў, бизнести шөлкемлестириўде ҳәм алып барыўда ҳәр тәреплеме көмек көрсетиў, сапалы мәмлекетлик хызметлерди усыныў, сондай-ақ, бизнес-орталықты жетилистириў мәселелери бойынша исбилерменлер менен мәлимлеме алмасыўдың нәтийжели усылын енгизиў имканиятын береди ҳәм елимизде жеке меншиктиң ҳәм исбилерменликтиң буннан былай да раўажланыўы, шет ел инвестицияларының кеңнен тартылыўы ҳәм жергиликли ислеп шығарыўшылардың сыртқы базарларға шығыўына хызмет етеди.