Пандемия көплеген мәмлекетлердиң социаллық қорғаў системасы ушын қурамалы дәўир болмақта. Мийнет етип шаңарағын тәмийинлеў мүмкиншилигинен айрылған адамлардың социаллық жәрдемге ҳәм хызметлерге болған талабы артты. Сол себепли аймақларда усындай қоллап-қуўатлаўға мүтәж болған шаңарақларға мәмлекетимиз тәрепинен ажыратылған қаржылар бүгинги күнде өз ийелерине тапсырылмақта.

Тақыятас районында Халық қабыллаўханасы, сектор басшылары ҳәм ҳәкимлик ўәкиллери менен биргеликте кем тәмийинленген, социаллық ҳәм жасаў жағдайы аўырласқан шаңарақлардың дизими қәлиплестирилип, оларға бир мәртелик жәрдем пуллары тарқатылды.

Районның «Қусшылық» мәкан пуқаралар жыйынындағы Ташмиковлар шаңарағында бир үйде 30 ға шамалас шаңарақ ағзалары биргеликте жасап келмекте. Гезектеги үйрениўлер нәтийжесинде усы шаңарақтың жасаў шараяты есапқа алынып, шаңараққа 5 миллион сум материаллық жәрдем берилди.

Аймақтағы басқа да жәрдемге мүтәж шаңарақларға сақаўат илажлары шеңберинде жәрдем берилмекте. Атап айтқанда, райондағы жәми 950 жәрдемге мүтәж шаңараққа 889 миллион сумнан аслам материаллық жәрдем пуллары тарқатылды.

Қараөзек районында 13 аўыл ҳәм мәкан пуқаралар жыйынында 9 мың 806 шаңарақ бар болып, оларда 53 мыңға шамалас пуқаралар жасап келмекте. Бүгинги күнде «темир дәптер»ге киргизилген жәрдемге мүтәж шаңарақлардың саны 582 болып, соннан 482си кем тәмийинленген ҳәм 100 шаңарақ коронавирус пандемиясы себепли дәрамат дәрегин жоғалтқан шаңарақлар болып, олардың ҳәр бир ағзасы ушын 220 мың сумнан жәрдем пулы тарқатылды. Буның ушын 573,8 миллион сум муғдарында қаржы ажыратылды.

– Бүгин пластик картама 2 миллион 860 мың сум пул түсти, -дейди Насиба Базарбаева. – Ҳәзиргидей сынақлы күнлерде мәмлекетимиз тәрепинен биздей жәрдемге мүтәж пуқараларға көрсетилип атырған бундай ғамқорлықтан миннетдармыз.

 

М.ПИРНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы