Елимизде бүгинги пандемия шараятында социаллық-экономикалық ҳәм басқа тараўлардың турақлылығын сақлап турыў, әсиресе, халықтың мүнәсип турмыс тәризи ҳәм исбилерменлик субъектлериниң нәтийжели жумыс алып барыўы ушын қолайлы шараят жаратыў мақсетинде карантин илажлары басқышпа-басқыш жумсартылмақта.  Бул болса, коронавирус пандемиясының унамсыз тәсири ақыбетинде ең көп зыян көрген ҳәм көрип атырған туризм және оған тиккелей байланыслы болған тармақларды қоллап-қуўатлаў, жумыс орынларын ҳәм маман қәнигелерди сақлап қалыў, аймақларда туризм тараўын жедел қайта тиклеў имканиятын бермекте.

-Президентимиздиң 2019-жыл 5-январьдағы «Туризм тармағын жедел раўажландырыўға байланыслы илажлар ҳаққында»ғы қарары, елимиз басшысының 2019-жылдың 20-21-август күнлери Қарақалпақстанға сапары даўамында белгилеп берген тапсырмалардың орынланыўын тәмийинлеў бағдарында айтарлықтай жумыслар әмелге асырылды,-дейди Өзбекстан Республикасы Туризмди раўажландырыў мәмлекетлик комитети  Қарақалпақстан Республикасы аймақлық басқармасының баслығы Байрам Кусекеев.-Атап айтқанда, ҳүкиметимиз тәрепинен тастыйықланған бағдарламаға муўапық, 2020-2021-жылларда республикамызда туризм тараўы бойынша улыўма баҳасы 188,6 миллиард сумлық жәми 49 инвестиция жойбарын әмелге асырыў режелестирилген болып, соның есабынан 516 жаңа жумыс орнын ашыў нәзерде тутылған. Сондай-ақ, республикамыздың қала ҳәм районларының өзине тән имканиятларын есапқа алған ҳалда, оларды қәнигелестириў ҳәм раўажландырыўдың әҳмийетли бағдарларын шөлкемлестириў бойынша Елликқала районын жүзимгершилик ҳәм туризм, Мойнақ районын балықшылық, шарўашылық ҳәм туризм аймақларына айландырыў бойынша 2019-2021-жылларда әмелге асырылатуғын әҳмийетли инвестиция жойбарларының «Жол карталары» ислеп шығылды. Усыған муўапық, Елликқала районында улыўма баҳасы 14,5 миллиард сумлық 7, Мойнақ районында улыўма баҳасы 8,8 миллиард сумлық 7 инвестиция жойбарын әмелге асырыў режелестирилген. Нәтийжеде 14 жойбар бойынша 97 жаңа жумыс орны жаратылады.

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2019-жыл 4-октябрьдеги «Материаллық мәдений мийрастың көшпес мүлк объектлери миллий дизимин тастыйықлаў ҳаққында»ғы қарарына муўапық, материаллық мәдений мийрастың көшпес мүлк объектлери миллий дизими тастыйықланды. Бул дизимге республикамыздан жәми 288 мәдений мийрас ҳәм зыярат объекти киргизилген болып, соннан 131 археологиялық, 24  архитектуралық, 88 монументал объект ҳәм 45 дыққатқа ылайықлы орын есапланады.

Бүгинги күнге тарийхый-мәдений туризм бағдарына И.В.Савицкий атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик көркем өнер музейи, Қарақалпақстан Республикасы тарийхы ҳәм мәденияты мәмлекетлик музейи, Елликқала районындағы археология музейи, Мойнақ районындағы экология музейи, Қанлыкөл районындағы 90-жыллар музейи, Қарақалпақ мәмлекетлик университети жанындағы Бердақ музейи, Амет ҳәм Айымхан Шамуратовалар үй музейи, экотуризм бағдары бойынша Нөкис қаласындағы марҳум өнермент Азат Отарбаев устаханасы, «Сувенирлер дүньясы» ҳәм сәўкеле өнерментшилик өнимлери дүканлары, Мойнақ районындағы Өнерментлер аллеясы, Шымбай районындағы қараүй соғатуғын өнерментлердиң устаханасы (Көкшеқала мәкан пуқаралар жыйыны), өнерментлер Азамат Турекеев, Әдил Тәжимуратов, Қундыз Қурбанова устаханалары, зыярат туризми бағдарына  Миздахқан археологиялық комплекси, Даўыт ата, Султан уайс баба, Ҳәким ата, Шайх Жалил баба, Наринжан баба, Кеширмес баба зыярат орынлары, Шымбай районындағы руўхыйлық орайы ҳәм басқалар киргизилди. Буннан тысқары, экотуризм бағдарында Арал теңизи, Судочье көли, Төменги Әмиўдәрья биосфера резерваты, Үстирт кеңислиги (каньон, чинк), Барсакелмес шор көли (дуз кәни), Ашық аспан астындағы кемелер музейи, Үрге аўылы, сферикалық таслар, археологиялық туризм бағдарындағы Шылпық, Аязқала, Топыраққала, Қырыққызқала, Гәўир қала, Жампық қала, Ийшан қала, Қызылқала, Жамбас қала, Қойқырылғанқала, Пилқала ҳәм басқа да объектлер туристлерди бийпарқ қалдырмайды, деген үмиттемиз.

Мәдений мийрас объектлерине алып баратуғын баҳасы 5772,6 миллион сум болған жәми 17 километр жолды 2021-2022-жылларда оңлаў режелестирилген. Жыл басынан бери Нөкис халықаралық аэропорты, Нөкис темир жол вокзалы, И.В.Савицкий атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик көркем өнер музейинде жәми 16 бийпул «WI-FI» аймағы шөлкемлестирилди.  Әмиўдәрья районындағы сферикалық таслар жанында оның тарийхын билдириўши өзбек, рус ҳәм инглиз тиллериндеги мағлыўмат тахтасы орнатылды.

Усы жылдың июнь айында туризм бағдарындағы халықаралық эксперт, Орайлық Азия мәмлекетлери ҳәм Балтықбойы аймақлары президенти Барух Ротшильд туризм тараўын раўажландырыў бойынша жумыслар менен танысыў мақсетинде Мойнақ районына келди. Мийман районда бул тараўда жумыс алып барып атырған исбилерменлер менен ушырасты ҳәм өзиниң баҳалы мәсләҳәтлерин берди. Буннан тысқары, райондағы Өнерментлер аллеясы, экология музейи, Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Аралбойы халықаралық инновация орайында болды.

Республикамызда бүгинги күни  жәми 35 мийманхана, миллий қара үйден шөлкемлестирилген 4 кемпинг, 12 мийман үйи жумыс алып бармақта. Соннан быйылғы жылдың өзинде Елликқала районында «HUMO» ҳәм Қоңырат районында «OASIS» ҳәм «Kungrad» мийманханалары шөлкемлестирилди.  Бүгинги күнде 18 автобус, 9 микроавтобус ҳәм 39 жол таңламайтуғын автотранспорт қураллары туристлерге хызмет көрсетпекте.

Усы жылдың биринши ярым жыллығында республикамыздағы мийманхана ҳәм басқа да жайластырыў орынларына 6753 жергиликли ҳәм 1149 сырт елли турист келген. Олардың тийкарын Россия Федерациясы, Қытай, Қубла Корея, Япония ҳәм басқа мәмлекетлер пуқаралары қурайды.

Республикамыз аймағындағы материаллық мәдений мийрастың көшпес мүлк объектлерин кеңнен үгит-нәсиятлаў, сол арқалы жергиликли ҳәм сырт ел туристлерин тартыў бағдарында айтарлықтай жумыслар алып барылмақта. Атап айтқанда, басқарманың  социаллық тармақларында туризм тараўындағы субъектлерди қоллап-қуўатлаў, бул бағдардағы кәрханаларға жеңиллик ҳәм преференциялар бериў ҳәм басқа да әҳмийетли темаларда мақалалар жайластырылмақта.

Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети менен биргеликте усы жоқары оқыў орны жанында «Туризм ҳәм жаслар» клубы, Хожели районындағы «Шаңарақлық исбилерменликти қоллап-қуўатлаў орайы» жанында туристлик мәлимлеме орайы шөлкемлестирилди. Германия бирге ислесиў жәмийети (GIZ) менен биргеликте Шымбай районындағы қараүй соғатуғын өнерментлердиң устаханасын туризм мәканына айландырыў, республикамыздағы туризм объектлерине мағлыўмат тахталарын орнатыў жумыслары алып барылмақта.

Аймақлық басқарма тәрепинен елимизде карантин илажлары тамамланғаннан соң, туристлер ағымын қайта тиклеў ҳәм көбейтиў мақсетинде Қарақалпақстан Республикасының туристлик потенциалын виртуал турлар арқалы үгит-нәсиятлаў режелестирилген. Бүгинги күнге шекем усындай виртуал тур 15 туристлик объектте сүўретке алынып, монтажлаў жумыслары алып барылмақта.

 

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.

М.ҲӘБИЙБУЛЛАЕВ тың түсирген сүўретлери.