Өзбекистан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтың мирәт етиўине бола Қырғызстан Республикасы Президенти Сооранбай Жээнбеков 13-декабрь күни рәсмий сапар менен елимизге келди.
Қырғызстан Республикасы Президенти дәслеп пайтахтымыздағы Мустақиллик майданында болды. Жоқары мәртебели мийман еркинлигимиздиң, айдын келешегимиздиң ҳәм жақсы нийетлеримиздиң нышаны болған Ғәрезсизлик ҳәм жақсылық монументине гүл қойды. Сооранбай Жээнбеков ғәрезсизлигимиздиң тийкарын салыўшы, уллы мәмлекетлик ҳәм сиясий ғайраткер Өзбекистан Республикасының Биринши Президенти Ислам Кәримовтың естелине гүл қойып, оны еслеп ҳүрмет көрсетти.
Қырғызстан Республикасы Президентиниң рәсмий сапар етиўи шеңбериндеги тийкарғы илажлар Көксарай резиденциясында болып өтти. Рәсмий күтип алыў мәресиминен соң мәмлекет басшылары тар шеңберде сөйлесиўлер өткерди.
Өзбекистан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Сооранбай Жээнбековты Қырғызстан Республикасы Президенти болып сайланғаны менен және бир мәрте шын жүректен қутлықлап, бүгинги сөйлесиўлер Өзбекистан-Қырғызстан қатнасықларын жаңа басқышқа алып шығатуғынына исеним билдирди.
Быйылғы жыл Өзбекистан менен Қырғызстан қатнасықларының раўажланыўында тарийхый дәўир болды. Еки мәмлекет басшыларының сиясий ерк-ықрары, көплеген мәселелер бойынша пикирлеслиги, бирге ислесиўге умтылыўының уқсаслығы себепли барлық салалардағы бирге ислесиў беккемленди.
Қырғызстан Президенти сыпатында дәслепки шет ел сапарларыңыздан бирин Өзбекистанға әмелге асырғаныңызды жоқары қәдирлеймиз. Биз оны еллеримиз арасындағы дослық, жақсы қоңсышылық ҳәм стратегиялық шериклик қатнасықларын буннан былай да беккемлеўге болған қатаң ҳәрекетиңиздиң көриниси сыпатында қабыл етемиз, деди Шавкат Мирзиёев.
Сооранбай Жээнбеков Шавкат Мирзиёевқа Өзбекистанға мирәт еткени ушын миннетдаршылық ҳәм Қырғызстан халқы атынан терең ҳүрмет-иззет билдирди.
Сиз еллеримиз арасындағы мәмлекетлик шегараларды дослық, жақсы қоңсышылық ҳәм бирге ислесиў шегарасына айландырдыңыз, деди Қырғызстан Президенти.
Президентлер бул сапар етиў саўда-экономикалық, транспорт-коммуникция ҳәм мәдений-гуманитарлық бирге ислесиўди раўажландырыў, мәмлекетлик шегараларды делимитациялаў, жаңа өткериў пунктлерин ашыў ҳәм олардың нәтийжели жумыс алып барыўын тәмийинлеў, суў ресурсларынан ақылға уғрас пайдаланыў мәселелерин додалаў ушын жақсы имканият екенин атап өтти.
Мәмлекет басшылары Өзбекистан Республикасы ҳәм Қырғызстан Республикасы арасындағы стратегиялық шериклик қатнасықлары, дослық, жақсы қоңсышылық ҳәм өз-ара исенимге тийкарланған бирге ислесиўди белсене раўажландырыў ҳәм беккемлеў бағдарында умтылыслары исенимли екенин тастыйықлады.
Тәреплер өзлерин қызықтырған регионаллық ҳәм халықаралық мәселелер бойынша пикир алысты.
Халықаралық майданда өз-ара қатнасықларды даўам еттириў ҳәм беккемлеў бағдарында үлкен потенциалдың бар екени, Өзбекистан менен Қырғызстанның БМШ, ҒМДА, ШБШ, ИБШ ҳәм басқа да халықаралық структуралар шеңбериндеги бирге ислесиўин буннан былай да раўажландырыўға умтылыўы бирдей екенлиги атап өтилди.
Өзбекистан өзиниң сыртқы сиясатында, бәринен бурын, қоңсы мәмлекетлер менен қатнасықларды раўажландырыўға үлкен әҳмийет қаратпақта. Соңғы пайытта Орайлық Азия еллери арасындағы шериклик байланысларының жеделлесип атырғаны буны айқын дәлиллейди. Соның ишинде, Қырғызстан Республикасы менен бирге ислесиў жаңа мазмун менен байып бармақта. Парламентлер, ҳәр қыйлы министрликлер менен ведомстволар, аймақлар арасында байланыслар барған сайын кеңеймекте.
Сөйлесиўде Президент Сооранбай Жээнбеков Қырғызстан Өзбекистанның Орайлық Азия мәмлекетлери басшыларының турақлы мәсләҳәтлесиўлерин өткериў ҳаққындағы басламасын қоллап-қуўатлайтуғынын және бир мәрте атап өтти.
Шавкат Мирзиёев ҳәм Сооранбай Жээнбеков сөйлесиўлерди еки ел рәсмий делегацияларының қатнасында кеңейтилген қурамда даўам еттирди.
Онда тийкарғы итибар Өзбекистан менен Қырғызстан арасында сиясий, саўда-экономикалық, транспорт-коммуникация, банк-қаржы, илим-техника, мәдений-гуманитарлық ҳәм аймақлараралық бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыў, санаат, аўыл ҳәм суў хожалығы, туризм ҳәм басқа да салалардағы бирге ислесиўди беккемлеў мәселелерине қаратылды.
Өзбекистан Республикасы менен Қырғызстан Республикасы арасындағы саўда-экономикалық қатнасықлардың раўажланыўында еки тәреплеме бирге ислесиў бойынша ҳүкиметлераралық комиссия үлкен орын ийелемекте. Еки елдиң Бас министрлери усы комиссияның жәрдемши баслықлары етип тайынланғаны тәреплердиң өз-ара бирге ислесиўди раўажландырыўға жоқары итибарынан дәрек береди.
Соңғы пайытта еллеримиз арасындағы товар алмасыўдың көлеми жедел артып бармақта. Усы жылдың январь-ноябрь айларында өз-ара саўда көрсеткишлери 56 проценттен артып, 235 миллион долларға жетти.
Сөйлесиўде атап өтилгениндей, бул көрсеткиш еки елдиң бар имканиятларын толық сәўлелендирмейди. Өз-ара товар алмасыў номенклатурасын диверсификациялаў ҳәм жақын жылларда оның көлемин 500 миллион долларға жеткериў бойынша тапсырмалар берилди.
Сыртқы саўда инфраструктурасын ҳәм экспорт-импорт операцияларын қоллап-қуўатлаў механизмлерин жедел раўажландырыў, биргеликтеги саўда үйлерин ашыў, бизнес-форумлар ҳәм миллий санаат өнимлери көргизбелерин өткериў зәрүрлиги атап өтилди.
Қырғызстан Президентиниң рәсмий сапар етиўи шеңберинде Өзбекистан санаат өнимлери көргизбеси менен бизнес-форум шөлкемлестирилгени, исбилермен топарлар ўәкиллериниң сөйлесиўлери өткерилгени ҳәм оларда еки елден көплеген исбилерменлердиң қатнасқаны, дерлик 140 миллион долларлық шәртнамаларға қол қойылғаны саўда-экономикалық қатнасықлардың жедел раўажланып атырғанын дәлиллейди.
Қырғызстан аймағында Өзбекистан аўыл хожалығы техникасы, жеңил автомобильлер, автобуслар, арнаўлы прицеплер ҳәм турмыслық буйымларды жыйнаўды жолға қойыў бойынша жойбарларды әмелге асырыў және қурылыс материаллары менен тоқымашылық санаатында биргеликте кәрханалар шөлкемлестириў зәрүрлиги атап өтилди.
Тәреплер бул жойбарлар менен шекленип қалмай, санаат кооперациясы саласында да биргеликте перспективалы бағдарлар табыўға келисип алды.
Өз-ара сапар етиўлер, барлық салаларда биргеликте илажлар өткериў, еки ел пуқараларының арасындағы байланысларды кеңейтиў арқалы Өзбекистан менен Қырғызстан арасында аймақлараралық бирге ислесиўди раўажландырыўға ҳәм оны және де беккемлеўге буннан былай да айрықша итибар қаратылады.
Қырғызстан Өзбекистанның еки елдиң Бас министрлери басшылығында Ҳәкимлер ҳәм шегаралды ўәлаятлар ҳәкимшиликлери басшылары кеңесиниң биринши мәжилисин Өзбекистанда өткериў ҳаққындағы усынысын қоллап-қуўатлады.
Президентлер қысқа мүддетте дүнья базарына шығыў имканиятын беретуғын транспорт ҳәм транзит жолларын раўажландырыў саласында өз-ара бирге ислесиў стратегиялық әҳмийетке ийе екенин атап өтти.
Мәмлекет басшылары «Өзбекистан-Қырғызстан-Қытай» темир жол қурылысын мүмкиншилиги болғанынша тезлетиў регион еллериниң мәпине хызмет ететуғынын айрықша атап өтти. Бул Орайлық Азияның тартымлылығын арттырыў ҳәм транзит потенциалын толық жүзеге шығарыў имканиятын береди.
2017-жыл 30-октябрь-3-ноябрь күнлери «Ташкент-Әндижан-Ош-Иркиштом-Қашғар» жөнелиси бойынша биринши халықаралық автокәрўан өткерилгенине жоқары баҳа берилди. Ол региондағы транспорт жөнелислерин диверсификациялаўда және бир әҳмийетли фактор болады.
Өзбекистан менен Қырғызстан арасында суў-энергетика саласындағы бирге ислесиўди раўажландырыў мәселелери додаланды. Бул мәселелерге әмелий шешим табыў ушын Биргеликтеги суў хожалығы комиссиясын дүзиў ҳәм жақын ўақытлар ишинде оның мәжилисин өткериўге келисип алынды.
Гуманитарлық бирге ислесиў мәселелери додаланып, өзбек ҳәм қырғыз халықларының дәстүрлери, мәденияты менен қәдриятларының уқсаслығы атап өтилди. Бизиң тилимиз, динимиз, тарийхымыз ҳәм мийрасымыз да бирдей. Бул нәрселер мәдений-гуманитарлық байланыслардың раўажланыўында әҳмийетли фактор болмақта. Өзбекистанда қырғыз тили ҳәм мәдениятын, Қырғызстанда өзбек тили ҳәм мәдениятын үйрениўге айрықша итибар қаратылмақта.
Усы жылы Қырғызстан театр ғайраткерлери Ферғана ойпатлығында, өзбекистанлы көркем өнер шеберлери Ош, Ўзген, Аравон, Новқат, Қарасуў, Жалалабад қалаларында дөретиўшилик сапарда болды. Қырғызстанда Өзбекистан мәденияты күнлери өткерилди.
Мәмлекет басшыларының келисимине бола келеси жылы Өзбекистанда Қырғызстан мәденияты күнлери болып өтеди. Соның менен бирге, 2018-жылы халықларымыз белгили қырғыз жазыўшысы Шыңғыс Айтматовтың юбилейин кең түрде белгилейди.
Усы мүнәсибет пенен Қырғызстан Республикасы Президенти Өзбекистан Республикасы Президентине Мырза Улығбек атындағы Өзбекистан Миллий университетинде Шыңғыс Айтматовтың өмири ҳәм дөретиўшилигине бағышланған турақлы көргизбе шөлкемлестириў ҳаққындағы қарар ушын миннетдаршылық билдирди.
Сөйлесиўлер жуўмағында ҳүжжетлерге қол қойыў мәресими болып өтти.
Өзбекистан Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Қырғызстан Президенти Сооранбай Жээнбеков Биргеликтеги билдириўге қол қойды. Бул ҳүжжетте сиясий, саўда-экономикалық, суў-энергетика, мәдений-гуманитарлық, транспорт ҳәм коммуникация, аймақлараралық бирге ислесиў салаларындағы мәмлекетлераралық байланысларды буннан былай да раўажландырыў перспективаларын және жоқары дәрежедеги сапар етиўлер ўақтында ерисилген келисимлерди әмелге асырыў мәселелери өз сәўлелениўин тапқан.
Еки ел ҳүкиметлериниң ўәкиллери финанслық бирге ислесиў ҳаққындағы келисимге ҳәм 2018-2021-жылларға мөлшерленген саўда-экономикалық, илимий-техникалық ҳәм гуманитарлық бирге ислесиў ҳаққындағы бағдарламаға қол қойды.
Бажыхана хызметлери арасындағы товарлар менен транспорт қуралларын өткериўде бажыхана әмелиятларының әпиўайыластырылған тәртибин енгизиў, айрықша жағдайлар министрликлери арасында 2018-жылы айрықша жағдайлардың алдын алыў ҳәм оларды сапластырыў саласында бирге ислесиў ҳаққындағы ҳүжжетлер қабыл етилди.
Буннан тысқары, еки ел илимлер академиялары ҳәм кәсиплик аўқамлары федерациялары, Өзбекистан жаслар аўқамы орайлық кеңеси менен Қырғызстан Республикасы ҳүкимети жанындағы Жаслар, денетәрбиясы ҳәм спорт ислери бойынша мәмлекетлик агентлиги арасында бирге ислесиўди жолға қойыўға келисип алынды.
Президентлер ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери менен ушырасыўда сөйлесиўлер өз-ара келисим, ашық-айдын ҳәм шын жүректен болып өткенин, ерисилген келисимлер халықларымыздың мәпине хызмет етеуғынын атап өтти.
Шавкат Мирзиёев Қырғызстан Президентиниң биринши сапар етиў ўақтында қол қойылған ҳүжжетлер еллеримиз арасындағы дослық ҳәм бирге ислесиўди буннан былай да беккемлеўде үлкен әҳмийетке ийе екенин атап өтти.
Сооранбай Жээнбеков халықларымыз усындай келисимлерге ерисилиўин күткенин ҳәм өз-ара қатнасықларымыздың тарийхына жазылатуғын бул жақсы иске үлес қосқанынан қуўанышлы екенин атап өтти.
Еки тәреплеме қатнасықларды раўажландырыў жолындағы үлкен хызметлери ушын Өзбекистан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Қырғызстанның «Данакер» ордени менен сыйлықланғаны бәршемизге белгили. Жоқары мәмлекетлик сыйлықлардан болған бул орден халықлар арасындағы тынышлықты, дослықты ҳәм бирге ислесиўди беккемлеўге, миллетлераралық татыўлықты сақлаўға, илимди раўажландырыўға, миллий мәдениятларды жақынластырыўға ҳәм байытыўға үлкен үлес қосқан инсанларға бериледи.
Данакер- жарастырыўшы деген мәнисти аңлатады. Сыйлық мәмлекетимиз басшысының Өзбекистан-Қырғызстан қатнасықларын раўажландырыў, еллеримиз ҳәм халықларамыз арасындағы дослық, жақсы қоңсышылық байланысларын кеңейтиў ҳәм беккемлеў жолындағы хызметлериниң жоқары тән алыныўы болып табылады.
Көксарай резиденциясында Өзбекистан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевқа Қырғызстан Республикасы Президенти Сооранбай Жээнбеков «Данакер» орденин салтанатлы түрде тапсырды.
Қырғызстан Республикасы Президентиниң елимизге рәсмий сапар етиўи даўам етпекте. ӨзА