Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 23-июль күни видеоселектор мәжилисин өткерди. Онда аўыл ҳәм суў хожалығындағы экономикалық реформаларды жеделлестириў ҳәм базар қатнасықларын буннан былай да раўажландырыў бойынша белгиленген ўазыйпалардың орынланыўы додаланды.

Мәмлекеттиң азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеўден баслап, қайта ислеў ҳәм экспорттан қосымша дәрамат алыўға шекем оғада көп мәселелер әне усы аўыл хожалығының раўажланыўына байланыслы. Соның ушын мәмлекетимиз тәрепинен аўыл хожалығын түп-тийкарынан рефрмалап, базар механизмлерин енгизиў, резерв ҳәм имканиятлардан толық пайдаланыў, өндиристи илимий тийкарда шөлкемлестириўге киристи. Президенттиң 2019-жыл 23-октябрьдеги пәрманы менен қабыл етилген Аўыл хожалығын 2030-жылға шекем раўажландырыў стратегиясында бул бағдардағы ең әҳмийетли ҳәм перспективалы ўазыйпалар белгилеп берилди.

Тараўды модернизациялаў бойынша 500 миллион доллар муғдарында жойбарды әмелге асырыў бойынша Жәҳән банки менен келисимге ерисилди. Өзбекстан тарийхында биринши рет илим ҳәм инновацияны раўажландырып, тармақта басқарыўды халықаралық стандартлар тийкарында шөлкемлестириўге қаржы бағдарланбақта.

Мәжилисте биринши гезекте мине  усы мәселелерге итибар қаратылды. Аграр тараўы раўажланған мәмлекетлерде қолланылып атырған «Аўыл хожалығында билим ҳәм инновацияларды өз ишине алған хызметлер системасы»н елимизде де енгизип, илим менен өндиристиң өз-ара байланыслылығын тәмийинлеў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

Усы жойбар шеңберинде бул бағдардағы 8 илимий-изертлеў институты, сондай-ақ, Аўыл хожалығы министрлиги қурамындағы бир қатар шөлкемлердиң жумысы түп-тийкарынан реформаланып, заманагөй лабораториялар ҳәм үскенелер менен тәмийинленди. Бул ушын Жәҳән банкиниң 124 миллион доллар инвестициясы ҳәм Европа Аўқамының 2 миллион доллар грант қаржылары бағдарланады.

Бас министрдиң орынбасары Ўктам Барноевқа халықаралық экспертлер менен бирге илимий-изертлеў институтларының жумысын терең таллап, оларды түп-тийкарынан жетилистириў бойынша ҳәр бир институт ушын өз алдына «жол картасы»н ислеп шығыў тапсырылды. Бул мәселелерге заманагөй билимге ийе, илимий жаңалықларды әмелиятқа енгизетуғын потенциаллы кадрларды тартыў әҳмийетли екенлиги айтылды.

– Аўыл хожалығы министрлиги бул имканияттан дурыс пайдаланған ҳалда, ески усылда жумыс ислеўден толық ўаз кешип, фермерлерге жақсы хызмет көрсетиў ҳәм жаңа сервис түрлерин кеңейтиўге өтиўи керек. Бир сөз бенен айтқанда, министрлик ҳәм оның қурамындағы шөлкемлердиң жумысы трансформацияланыўы зәрүр, – деди Шавкат  Мирзиёев.

Санлы технологиялардан пайдаланып атырған жойбарлардың нәтийжелилиги атап өтилип, бул бағдардағы жумыслардың барысы додаланды.

Мийўе-овощ жетистириў кооперативи ҳәм кластерлериниң жумысын қоллап-қуўатлаў ушын 212 миллион доллар ажыратылыўы белгиленген.

Президент ишки базарды арзан өнимлер менен тәмийинлеў, «атыздан тутыныўшыға шекем» системасын енгизиўде мийўе-овощ кластерлери тийкарғы драйвер болыўы керек екенлигин атап өтти.

Сол себепли, ажыратылып атырған қаржыны дурыс бағдарлап, бир сумды еки сум ететуғын жойбарларды ислеп шығыў, буның ушын өнимлерди қайта ислеў, сақлаў ҳәм экспортқа таярлаў қуўатлылықларын арттырыўға айрықша әҳмийет қаратыў зәрүрлиги атап өтилди.

Районларды аўыл хожалығы өнимлерин жетистириўге қәнигелестириў мәселеси де көрип шығылды. Бул бағдарда Жиззақ ўәлаяты үлги болып, келеси үш жылда ўәлаятта дерлик 120 мың гектарға шамалас жердиң өзлестирилиўи, бағ ҳәм жүзимгершилик жаратылып, майлы егинлердиң егилиўи режелестирилген.

Бул тәжирийбени басқышпа-басқыш барлық аймақларда енгизиў, ҳәр бир районда көби менен 3-4 экспортқа жарамлы ҳәм жоқары дәрамат бериўши өним жетистириўди жолға қойыў зәрүрлиги атап өтилди.

2021-жылдың ақырына шекем 3 мың гектарда плантация түринде интенсив бағлар жаратып, жаңа тәртип тийкарында халыққа 1-1,5 гектардан тарқатқан ҳалда, 2-2,5 мың шаңарақтың бәнтлигин тәмийинлеў бойынша тапсырма берилди.

Мәжилисте суўдан ақылға уғрас пайдаланыў мәселелери ҳаққында да сөз етилди.

Мәмлекетимиз басшысының быйыл 10-июльдеги пәрманы менен тастыйықланған Суў хожалығын раўажландырыўдың 2020-2030 жылларға мөлшерленген концепциясында бул бағдардағы барлық мәселелер белгилеп берилген. Соның ишинде, каналлардың пайдалы жумыс коэффициентин арттырыў ҳәм 2 миллион гектарда суўды үнемлеўши, соннан 600 мың гектарда тамшылатып суўғарыў технологиясын енгизиў есабынан жылына 7 миллиард куб метр суўды үнемлеў нәзерде тутылған. Сондай-ақ, санластырыў есабынан электр энергиясының жумсалыўын 2 миллиард киловатт саатқа қысқартыў сыяқлы көрсеткишлер белгиленген.

Суў хожалығы министрлиги бул ўазыйпалардың орынланыўын өз ўақтында тәмийинлеўи, халықаралық экспертлерди тартып, жаңаща усылда ислеўи зәрүр екенлиги атап өтилди, 2025-жылға шекем тараўды толық санластырыў, суўды қадағалаў ҳәм есабын онлайн тәризде жүргизиў бойынша программалық өним ислеп шығыў бойынша көрсетпелер берилди.

Президентимиз ғәлле жетистириўдиң жуўмақларына тоқтап, усындай қыйын шараятта да атыз мийнеткешлери пидайылық пенен 6 миллион 400 мың тоннадан аслам бийдай зүрәәтин жетистиргенин атап өтти. Бул ушын барлық фермер, дийқан ҳәм кластерлерге халқымыз атынан терең миннетдаршылық билдирди.

Видеоселекторда, сондай-ақ, пахта жетистириў бойынша агротехникалық илажларды өз ўақтында ҳәм қайтадан егинлер егиў мәселелерине де итибар қаратылды.

– Улыўма етип айтқанда, аўыл хожалығын түп-тийкарынан реформалаў ҳәм тараўда базар экономикасын кеңнен енгизиў бойынша тийисли қарарлар қабыл етилип, тийкарғы ўазыпалар белгилеп берилген. Олардың орынланыўы мәмлекеттиң азық-аўқат қәўипсизлигине, ең баслысы, халқымыздың кейпияты ҳәм турмыс тәризине тәсир көрсететуғын оғада әҳмийетли мәселе,- деди Шавкат Мирзиёев.

Тараў жуўапкерлери ҳәм ҳәкимлер тапсырмалардың орынланыўын шөлкемлестириў, айтып өтилген кемшиликлерди сапластырыў илажлары бойынша мәлимлеме берди.

Мәжилис соңыңда мәмлекетимиз басшысы және бир мәрте пандемия мәселесине тоқтап өтти:

– Және бир мәрте халқымызға мүрәжат пенен өтиниш етпекшимен. Өткен дәўирде оғада үлкен тәжирийбе арттырдық. Соңғы ўақытларда экономикамызды тиклеў ушын карантин тәртибин жумсарттық, бирақ кеселленгенлер ҳәм өлимшилик санының көбейгени бизлерди, әлбетте, үлкен қәўетерге салмақта.

Өзимизди, перзентлеримизди, әзийз ата-аналарымызды сақлайық. Тек ғана денсаўлығымызды, өзимизди сақлап, шаңарақ ағзаларымызды, туўысқанларымыздың денсаўлығына сергек болып, бир жерге топланыўды азайтып, карантин нормаларына әмел етсек, кеселликти жылаўлай аламыз.

 

ӨзА