Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында 23-июль күни болып өткен видеоселектор мәжилиси алдынан мәмлекетимиз пандемияға қарсы қалай гүрес алып барып атырғанына айрықша тоқталып өтилди.

Атап айтқанда, ҳәзирги ўақытта COVID-19 жуқтырғанлардың саны 18 мың 700 ден артқаны, жағдай елеге шекем қатаң болып қалып атырғаны атап өтилди.

– Жағдайы төмен наўқаслардың саны көбейип бармақта, – деди мәмлекетимиз басшысы. – Коронавирусқа қарсы қосымша тәризде пневмония жағдайлары да кеңнен тарқалмақта. Сол себепли, соңғы 10 күнде 4 селектор өткерип, ҳәкимлер, министрлер ҳәм басқа да жуўапкер басшыларға қосымша емлеў орынларын шөлкемлестириў, симптомсыз наўқасларды үйде системалы түрде емлеў, оларды зәрүр дәри-дәрмақ ҳәм азық-аўқат пенен тәмийинлеў, қыстаўлы медициналық жәрдем системасының жумысын жақсылаў бойынша тийисли тапсырмалар берген едим. Бүгин есабатларды тыңлаймыз.

Шавкат Мирзиёев ҳәзирги ўақытқа шекем әмелге асырылған жумыслар ҳаққында сөз етип, соңғы күнлерде коронавирусты емлеў ушын қосымша 46,5 мың орын ажыратылғаны, және 31 мың орынның шөлкемлестирилетуғынын, 397 тез медициналық жәрдем машинасының сатып алынғанын, бир ай мүддетте және 409 машина орынларға жеткерилетуғынын атап өтти.

– Халықаралық ҳәм жергиликли тәжирийбени есапқа алып, коронавирусты емлеў стратегиясы ҳәм тактикасы жаңаланды, – деди Президент. – Медициналық жоқары оқыў орынлары ҳәм колледжлердиң профессор-оқытыўшылары, илимий хызметкерлер ҳәм пенсияға шыққан қәнигелер арасынан жәми 5 мың врач ҳәм 9 мың мийирбийке наўқасларды емлеў ҳәм мәсләҳәт бериўге тартылды.

– Усы жерде өз өмирин ҳәм денсаўлығын қәўипке қойып, кеселликке қарсы мәртлик пенен гүресип атырған пидайы шыпакерлеримизге қанша рахметлер айтсақ, арзыйды. Бүгин коронавирус пандемиясы шараятында халықтың денсаўлығын қорғаў ҳәм өмирин сақлаў, елимизде инфекцияны жылаўлаўда үлкен мәртлик ҳәм пидәкерлик үлгилерин көрсеткен бир топар медицина, ишки ислер, қорғаныў ҳәм айрықша жағдайлар министрликлери ҳәм Миллий гвардия хызметкерлерин ҳәм басқа да шөлкемлестириўшилерди ҳүрметли атақ, орден ҳәм медальлар менен сыйлықлаў ҳаққындағы пәрманға қол қойдым, – деди мәмлекетимиз басшысы.

Еле бундай сыйлықлардың көп болатуғыны атап өтилди. Бул гүресте өзин аямай мийнет етип атырған барлық медицина хызметкерлери, әлбетте, мүнәсип сыйлықланады.

– Биз пневмонияны емлеўде тек ғана өзимиздиң шыпакерлерди емес, ал видеобайланыс арқалы сырт елдеги жетекши қәнигелерди консультация бериўге тартып атырмыз, – деди Шавкат Мирзиёев. – Ҳәзирги ўақытта германиялы медицина прфессоры елимизге келип, емлеў процесслеринде тиккелей қатнаспақта. Бүгин Түркиядан бир топар профессорлар жетип келеди. Басқа мәмлекетлерден да ең тәжирийбели қәнигелерди тартыў бойынша жумыс алып барып атырмыз.

Президентимиздиң атап өтиўинше, бүгинги күнде ең әҳмийетли ўазыйпа халықтың арасында вирус шынжырын үзиў есапланады. Буның ушын карантин талапларына сөзсиз әмел етиў, олардың иммунитетин беккемлеў, денсаўлығын қәстерлеп сақлаў, ҳәр бир адамның өмири ушын гүресиў зәрүр.

Усы мүнәсибет пенен, сондай-ақ, кеселлик жуғыўының алдын алыў, өлимшилик жағдайларын кескин азайтыў мақсетинде Республикалық арнаўлы комиссияның әмелдеги карантин шеклеўлерин созыў усынысына келисим билдирди.

Онда «Пандемияға қарсы гүресиў – ҳәр биримиздиң ҳүжданлы исимиз», «Өзим, шаңарағым, перзентлеримниң денсаўлығы ушын бәринен бурын өзим жуўапкермен», деген пикирлерди халқымыздың санасына терең сиңдириў ҳәм әмелий турмыс өлшемине айландырыў керек екенлиги атап өтилди.

Бүгин пандемияны жылаўлаўда ҳәкимликлер, секторлар, денсаўлықты сақлаў, ишки ислер уйымларының басшылары ҳәм хызметкерлери, мәҳәлле белсендилери, нуранийларда оғада үлкен жуўапкершилик турыпты. Себеби халықтың көпшилиги, кекселер, балалар, ҳаял-қызлар үйде отырыўға мәжбүр. Олардың биринши гезектеги турмыслық мүтәжликлерин тәмийинлеў, тийисли медициналық ҳәм басқа да жәрдем көрсетиў мине усы шөлкемлерге ҳәм белсендилеримизге байланыслы.

– Бәршемиз аўызбиршилик ҳәм терең жуўапкершилик пенен системалы ислесек, бул аўыр сынақларды әлбетте жеңемиз. Және бир мәрте қайталап айтаман, бүгинги күндеги ең әҳмийетли талап – ҳәммемиз пандемия шараятында жасаў ҳәм жумыс ислеўге үйрениўимиз шәрт, – деди Президент Шавкат Мирзиёев.

 

ӨзА