Елимизде коронавирус пандемиясының тарқалыў көлемин азайтыў, халықтың денсаўлығын  сақлаў бойынша енгизилген карантинниң күшейтилген ўақтында ўатанласларымыздың азық-аўқат өнимлерине болған талабын қанаатландырыў мақсетинде бир қатар илажлар әмелге асырылмақта.

Атап айтқанда, Нөкис гарнизонындағы 1-санлы жабық әскерий қалашасында жасайтуғын мыңға шамалас әскерий хызметкерлер менен пенсионерлерди социаллық қорғаў, аўырын жеңиллетиў ҳәм азық-аўқат өнимлери менен тәмийинлеў жолында Арқа-батыс әскерий округи әскерлери сәркардалығы тәрепинен азық-аўқат ярмаркасы шөлкемлестирилди.

Ярмаркада әскерий бөлимлердеги ҳәм мәкемелердеги жәрдемши хожалықлар, жергиликли фермерлер, дийқанлар, исбилерменлер тәрепинен жеткерилген азық-аўқат өнимлериниң сапалы ҳәм барлық стандартларға сай, тийкарғысы, базар баҳасынан арзанырақ болыўы тәмийинленди.

Ярмаркада халықтың аралықты сақлаўы, сатыўшылар менен қарыйдарлардың дезинфекция талапларына әмел етиўи Нөкис әскерий госпиталы қәнигелери тәрепинен қадағалап барылды.

 

М.ПИРНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы