Ҳәзирги күнде социаллық тармақларда Қазақстан аймағынан вируслы пневмония кеселлиги кирип келгенлиги ҳәм қайтыс болғанлардың да тийкарғы бөлеги тап усы кеселлик пенен наўқасланғаны ҳаққында хабарлар бар. Бул сөзлер қаншелли ҳақыйқатқа туўра келеди? Бул сораўға Санитариялық-эпидемиологиялық қадағалаў Мәмлекетлик инспекциясының баслығы Нурмат Отабеков жуўап берди.

«Рәсмий хабарларға бола, июнь айынан баслап Қазақстанда жаңа түрдеги белгисиз пневмония пайда болған ҳәм өлимшилик жағдайлары усы пневмония себепли артқан.

Соның ушын Жер жүзлик денсаўлықты сақлаў шөлкеминиң бир топар экспертлери пневмонияға шалынған наўқаслардың саны кескин артыўының себеплерин үйрениў ушын Қазақстанға келиўи нәзерде тутылған.

Мүмкин коронавирусқа шалынған наўқаслар кешигип жәрдем сораған ҳәм оларда пневмония белгилери бар шығар, бирақ Қазақстанда пневмония шақыратуғын жаңа өткир вирус анықланғанлығы илимий лабораториялар изертлеўлери тийкарында тастыйықланбаған», дейди Отабеков.

 

ӨзА