БҮГИНГИ КҮННИҢ ҚАҲАРМАНЛАРЫ

Ҳәр бир дәўирдиң өз қаҳарманлары болады. Пүткил дүньяны тәшўишлендирип атырған коронавирус пандемиясы ўақтында  медицина хызметкерлери кеселликке шалынғанларды емлеў, олардың өмирин сақлап қалыў жолында күни-түни пидәкерлик пенен мийнет етпекте. Усы көз-қарастан қарағанда оларды бүгинги күнниң ҳақыйқый қаҳарманлары десек, асыра айтқан болмаймыз.

Республикалық қыстаўлы медициналық жәрдем илимий орайы Қарақалпақстан филиалы реанимация бөлиминиң шыпакери Гүльфия Қутыбаева әне усындай қаҳарманлардың бири. Ол ҳәзирги ўақытта Қарақалпақстан Республикасы балалар жуқпалы кеселликлер емлеўханасының реанимация бөлиминде мийнет етип атыр.

Самарқанд мәмлекетлик медицина институтын тамамлаған болажақ шыпакер өзиниң мийнет жолын 1998-жылы О.Халмуратов атындағы көп тармақлы медицина орайында баслады. 2002-жылдан бери Республикалық қыстаўлы медициналық жәрдем илимий орайы Қарақалпақстан филиалы реанимация бөлиминде ислеп келмекте.

-Реанимация ҳәр бир емлеўханадағы наўқастың өмирин сақлап қалыў ушын гүресетуғын бөлим есапланады,-дейди биз бенен сәўбетинде Гүльфия Қутыбаева.-Бөлимимизде ҳәзирги ўақытта алты шыпакер, сондай-ақ, мийирбийкелер ҳәм басқа медицина хызметкерлери  менен биргеликте бул жердеги наўқаслардың өмирин сақлап қалыў жолында гүресип атырмыз. Ҳәр бир наўқасты итибардан шетте қалдырмастан, денсаўлығын бақлап барамыз. Олар арасында аўыр аўҳалдағы, арнаўлы аппарат жәрдеминде дем алып атырғанлары да бар. Саўалып кетсе, көзимизге жас алып қуўанамыз, қайтыс болса, қатты қыйналамыз.

Денсаўлықты сақлаў хызметкерин бүгинниң әскерлери десек болады. Апрель-май айларында бул жерде ислеп кеткен едим. Тәжирийбемизди есапқа алып және шақырды, келдик. Июль айының басынан бери күни-түни мийнет етип атырмыз. Шыпакерлерден Қалбийке Шарипова, Парахат Есимбетов, Баҳадыр Хожалепесов, Илҳам Халиллаев, мийирбийкелер менен басқа медицина хызметкерлериниң мийнетин айрықша атап өтким келеди. Қандай қыйыншылық болмасын, шыпакерлик кәсибин таңлағаныма ҳеш өкинбеймен.

-Бул бағдарда шаңарақ ағзаларыңыздың пикирлери қандай?

-Өмирлик жолдасым банк хызметкери. Биргеликте еки ул ҳәм бир қызды тәрбиялап атырмыз. Үлкен улым шыпакерлик кәсибин таңлады, ҳәзир Қарақалпақстан медицина институтының үшинши курс студенти. Шаңарақ ағзаларым, ағайин-туўысқанларым мени жақсы түсинеди ҳәм ҳәмийше қоллап-қуўатлайды.

-Шыпакер сыпатында халқымызға тилеклериңиз?

-Реанимация бөлиминдеги кеселлик ақыбетинен қыйналып атырған наўқаслардың жағдайын бир көрсеңиз еди. Халқымыздан өтинишим, карантин қағыйдаларына қатаң әмел қылың. Зәрүрлиги болмаса, үйден шықпаң. Буның менен сиз тек өзиңиздиң ғана емес, ал, шаңарақ ағзаларыңыздың, әтирапыңыздағылардың денсаўлығын сақлап қалған боласыз.

Усы мақала таярланып атырғанда қуўанышлы хабар келди. Коронавирус пандемиясына қарсы гүресиўде пидайылық көрсетип атырған заманласларымыздан бир топары Президентимиздиң пәрманына бола ҳүрметли атақ, орден ҳәм медальлар менен сыйлықланды. Олардың арасында сәўбетлесим, Республикалық қыстаўлы медициналық жәрдем илимий орайы Қарақалпақстан филиалы реанимация бөлиминиң шыпакери Гүльфия Қутыбаева да бар. Ол «Саламат турмыс» медалы менен сыйлықланды. Бәрше сыйлықланған денсаўлықты хызметкерлерин қутлықлап, олардың машақатлы жумысларында тасқын табыслар тилеймиз.

 

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы