Қарақалпақстан Республикасы Бажыхана басқармасының мағлыўматларына қарағанда, 1-августтан баслап дөңгелекли транспорт қураллары, өзи жүретуғын машиналар ҳәм олардың тиркемелери ушын утилизация жыйымлары енгизиледи.

Кимлер утилизация жыйымының төлеўшилери болып есапланады?Автотранспорт қураллары қандай жағдайда усы жыйымға тартылады? Жыйым қай тәртипте, қайсы уйымлар тәрепинен өндирилиўи нәзерде тутылған? Бул сораўларға бажыхана басқармасы қәнигеси Ю.Қудиярова төмендегише жуўап берди:

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң усы жыл 2-июньдеги «Дөңгелекли транспорт қураллары, өзи жүретуғын машиналар ҳәм олардың тиркемелери ушын утилизация жыйымын енгизиў ҳаққында»ғы қарарына муўапық, транспорт қуралларын «Импорт бажыхана режимине шығарыў» бажыхана режиминде рәсмийлестиретуғын физикалық ҳәм юридикалық тәреплер утилизация жыйымы төлеўшилери болып есапланады. Сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы аймағында сатылатуғын дөңгелекли транспорт қураллары, өзи жүретуғын машиналар ҳәм олардың тиркемелерин ислеп шығаратуғын (жыйнайтуғын ҳәм таярлайтуғын) физикалық ҳәм юридикалық тәреплер де утилизация жыйымы төлеўшилери болып есапланады.

Төмендеги транспорт қуралларына утилизация жыйымы төленбейди:

  • улыўма қабыл етилген принциплерге ҳәм халықаралық ҳуқық нормаларына муўапық жеңиллик ҳәм иммунитетлерден пайдаланатуғын дипломатиялық ўәкилханаларға ямаса консуллық мәкемелерге, халықаралық шөлкемлерге, сондай-ақ, бундай ўәкилханалар, мәкемелер, шөлкемлердиң Өзбекстан Республикасы пуқаралығы болмаған, дипломатиялық статусқа ийе болған хызметкерлери ҳәм олардың шаңарақ ағзаларына тийисли транспорт қуралларына;
  • ислеп шығарылған жылынан баслап 30 ҳәм оннан аслам жыл өткен L ҳәм M1 категориялы, сондай-ақ, ислеп шығарылған жылынан баслап 50 ҳәм оннан аслам жыл өткен, жолаўшылар ҳәм жүклерди исбилерменлик мақсетинде тасыў ушын белгиленбеген, тийкарғы двигатели ҳәм кузовы менен тийкарғы ҳалында сақланған ямаса тийкарғы ҳалаты тикленген М2, М3 ҳәм N категориялы транспорт қуралларына;
  • Өзбекстан Республикасына алып келинип, «ўақытша алып кириў» бажыхана режимине рәсмийлестирилген транспорт қуралларына.

Утилизация жыйымы автотранспорт қуралы импорт етилгенинде Мәмлекетлик бажыхана комитети тәрепинен, мәмлекетимизде ислеп шығарылғанында Мәмлекетлик салық комитети тәрепинен өндириледи.

Утилизация ушын жыйымлар транспорт қураллары, өзи жүретуғын машиналар ҳәм үскенелердиң түрлери ҳәм категорияларына байланыслы түрде Өзбекстан Республикасында төлем әмелге асырылатуғын күн ушын белгиленген базалық есаплаў муғдарының 30 есесинен 1500 есесине шекем өндирилиўи белгиленген.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги