Өзбекстан Республикасы елшиси Сардор Рустамбаев 2020-жыл 20-июль күни Лиссабон қаласында Португалия Республикасының Президенти Марсело Ребело де Соузаға исеним жарлығын тапсырды. Бул ҳаққында Сыртқы ислер министрлигиниң сайтында мәлим етилген.

 Рәсмий мәресимнен соң болып өткен сөйлесиўде Португалия Президенти Өзбекстанда Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында жедел ҳәм избе-из әмелге асырылып атырған кең көлемли өзгерислерди қоллап-қуўатлайтуғынын атап өтти.

Марсело Ребело де Соуза Өзбекстан Президенти менен 2019-жыл апрель айында Пекин қаласында «Бир мәкән-бир жол» саммити шеңберинде болып өткен ушырасыўды еслеп, мәмлекетимиз басшысына терең ҳүрметин ҳәм жақсы тилеклерин билдирди.

Португалия басшысы бирге ислесиў күн тәртибиндеги мәселелер, регионаллық ҳәм халықаралық структуралар шеңбериндеги қатнасықлардың кең көлемли мәселелери бойынша пикир алысып, өз-ара пайдалы шериклик байланысларын және де беккемлеў тәрепдары екенин билдирди.

Еслетип өтемиз, Өзбекстан Республикасының Франциядағы Айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси болып есапланатуғын Сардор Рустамбаев тәрепинен 2018-жыл сентябрь айында Франция президенти Эмануэл Макронға исеним жарлығы тапсырылған еди.

Сардор Рустамбаев бир ўақыттың өзинде елимиздиң Португалиядағы елшиси ўазыйпасын да атқарады.

 

ӨзА