Усы жыл 17-июль күни Арқа-батыс әскерий округи Нөкис гарнизонындағы Мобилизациялық шақырыў резерви (МШР) батальонының 500 ге шамалас әскерлери Ўатанға ант берди.

Усы жерде, Өзбекстан Республикасы Президенти тәрепинен 2019-жыл 5-сентябрьде қол қойылған «Қәўипсизлик ҳәм қорғаныў тараўындағы нызам ҳүжжетлериниң жетилистирилиўи мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы Нызамы тийкарында 2002-жыл 12-декабрьде қабыл етилген Нызамға өзгерислер киргизилип, «Әскерий ант» деген сөзлер «Ўатанға ант» деген сөзлер менен алмастырылғанын атап өтиў орынлы, деп есаплаймыз.

Быйылғы әскерлердиң ант бериў мәресиминиң және бир өзгешелик тәрепи, коронавирус пандемиясы тарқалыўына қарсы гүресиў илажларының күшейтилгени себепли әскерлердиң ата-аналары, жақын-туўысқанлары, дослары мәресимде қатнаса алмады.

Нөкис гарнизонының Руўхый-ағартыўшылық орайы әскерий оркестри тәрепинен атқарылған қосықлар әскерлердиң кейпиятын көтерди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги