«Өзбекнефтьгаз» АЖ Үстирт газ қазып алыў басқармасына қараслы «Арыслан» газконденсат кәниндеги 29-санлы қудықта бураўлаў жумыслары жуўмақланды.

 

Қудықта алып барылған бураўлаў жумысларынан соң 3377-3458 метр интерваллар аралығына фильтр түсирилип, өзлестириў жумыслары әмелге асырылды.

 

Дәслепки мағлыўматларға қарағанда, қудықты өзлестириў жумысларынан соң күнлик 250 мың куб метр санаат типиндеги тәбийғый газ ҳәм 2 тонна газ конденсаты қазып шығарылыўына ерисилди.

 

Бураўлаў жумыслары «2017-2021-жылларда углеводородлар қазып алыўды арттырыў» Бағдарламасы шеңберинде әмелге асырылды.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.