Жас болыўына қарамастан өз аймағында көпшиликке танылып үлгерген шоманайлы Шаҳрибану Юсупбаева колледжде оқып жүрген ўақытларында тигиўшилик ҳәм шаштәрезликти пуқта үйренген. Райондағы тигиўшилик цехы ҳәм гөззаллық салонларында жумыс ислеген.

Ол еркин түрде өз жумысын баслаўға ҳәрекет еткенинде дәслепки қаржыны табыўдан бираз қыйналды. Сонлықтан район ҳәкимлигине ҳәм басқа да тийисли шөлкемлерге мүрәжат етти. «Излеген имкан табады» дегениндей, Өзбекстан Республикасы Кәсиплик аўқамлары Федерациясы тәрепинен оған үш жыл мүддетке процентсиз 200 миллион сум муғдарында қаржы ажыратылды. Ажыратылған қаржы есабынан ол «Шоманай Шәменай» ЖШЖ ға тийкар салды.

Өткен ҳәптеде усы кәрхананың ашылыў мәресими болып өтти.

– Кәрханада тийкарынан той кийимлери, кондитерлик өнимлер таярланады. Гөззалық салоны ҳәм тигиў цехы ислеп турыпты,-дейди кәрхана баслығы Ш.Юсупбаева. – Райондағы 26 ҳаял-қыз турақлы жумыс пенен тәмийинленди.

ӨзЛиДеП Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси хызметкерлери  усы кәрхананың жумыслары менен танысты. Партия белсендилери жумысшылар менен сәўбетлесиў өткерип, мәмлекетимизде ҳаял-қызлардың жәмийетте мүнәсип орын ийелеўи, исбилерменлик пенен шуғылланыў жолын таңлаған ҳаял-қызларға ҳәр тәреплеме жәрдем бериў бойынша Президентимиз тәрепинен қабыл етилген қарар ҳәм пәрманлар туўралы мағлыўматлар берди. Усы жерде кәрхана жанынан партияның басланғыш шөлкеми мүйешин ашыўға келисип алынды.

Себеби, Ш.Юсупбаева исбилерменлик пенен шуғылланып қалмастан, жәмийетлик жумысларға да белсене қатнасып келмекте. Атап айтқанда,  ӨзЛиДеПтиң «Ҳаяллар қанаты» тәрепинен шөлкемлестирилген «Шаңарақлық исбилерменликтен – беккем шаңараққа» жойбары, «Исбилермен ҳаял» таңлаўының районлық ҳәм республикалық басқышларына белсене қатнасып келмекте.

Шынында да  исбилерменлик пенен шуғылланып, өз бизнеси арқалы шаңарағының қурғынлығын тәмийинлеп атырғанлар жылдан-жылға көбеймекте. Оларға бәрқулла әўмет күлип бағыўын тилеймиз.

 

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги