«Қарақалпақстан Республикасы Мойнақ районы ҳәкимлиги жанында «Арал артемия санаат» мәмлекетлик унитар кәрханасының жумысларын шөлкемлестириў ҳаққында»ғы Ҳүкиметлик қарар (438-санлы, 11.06.2020-жыл) қабыл етилди. Бул ҳаққында «Янги Ўзбекистон» басылымы хабар берди.

 

Қарарға муўапық, Мойнақ районында артемия цистасын аўлаў ҳәм қайта ислеў тармағын жетилистириў және жоқары сапалы артемия цистасы өнимлериниң экспорт көлемин еле де арттырыў мақсетинде район ҳәкимлиги жанында «Арал артемия санаат» МУК шөлкемлестириледи.

 

Оның тийкарғы ўазыйпалары төмендегилерден ибарат:

 

– Арал теңизиндеги артемия цистасы ресурсларынан нызам ҳүжжетлеринде белгиленген тәртипте ақылға уғрас пайдаланыў;

 

– Артемия цистасын аўлаў ҳәм қайта ислеўди комплексли раўажландырыў бағдарламаларын әмелге асырыў, усы тараўда илимий-техникалық, технологиялық, инвестициялық ҳәм экспорт жумысларын жүргизиў;

 

– Артемия цистасын тәбийғый өсиў майданларынан ақылға уғрас пайдаланған ҳалда оларды аўлаў ҳәм қайта ислеў көлемлерин басқышпа-басқыш арттырып барыў;

 

– Артемия цистасын аўлаў және қайта ислеў бойынша жаңа қуўатлылықларды шөлкемлестириўге алдынғы технологияларды енгизиў.

 

Усы нормативлик ҳүжжетке муўапық, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси «Арал артемия санаат» МУКтың шөлкемлестириўшиси болып табылады.

 

Сондай-ақ, усы қарар тийкарында «Арал артемия санаат» МУКтың структурасы да тастыйықланды.

 

«Арал артемия санаат» МУКтың уставы болса бир ай мүддетте ислеп шығылады.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.