Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев сәршемби күни Халықаралық мийнет шөлкеми (ХМШ) ниң COVID-19  дәўиринде Мийнет қатннасықлары бойынша глобал саммити қатнасыўшыларына мүрәжат жоллады, деп хабар бермекте «Дүнья» МА хабаршысы.

Женева саммитинде 80 нен аслам мәмлекет, ҳүкимет ҳәм халықаралық шөлкемлердиң басшылары, соның ишинде, БМШ, Жәҳән саўда шөлкеми, Жер жүзилик денсаўлықты сақлаў шөлкеми, Жәҳән банки ҳәм Халықаралық валюта қорының басшылары қатнасты. Илажды Халықаралық мийнет шөлкеминиң бас директоры Гай Райдер алып барды.

Жоқары мәртебели мийманлар қатарында Швейцария Президенти Симонетта Соммаруга ханым, Ирландия Президенти Майкл Хиггинс, Қубла Корея Президенти Мун Жэ Ин, Колумбия Президенти Иван Дуке Маркез, Германия Канцлери Ангела Меркел, Испания Бас министри Педро Санчез, Италия бас министри Жузеппе Конте, Канада Бас министри Жастин Трюдо, Россия Бас министри Михаил Мишустин, Польша Бас министри Матеуш Моравецкий, Пәкистан Бас министри Имран Хан ҳәм басқалар атап өтилди. Олар миллий, регионаллық ҳәм халықаралық дәрежеде пандемияның унамсыз ақыбетлерин сапластырыў бойынша өз еллеринде көрилип атырған илажлар ҳаққында мағлыўмат берди.

ХМШ басшысының усынысына бола Өзбекстан Республикасының Президенти Шавкат Мирзиёев онлайн шөлкемлестирилген глобал саммит қатнасыўшыларына мүрәжат жоллады.

Мәмлекетмимиз басшысы өз мүрәжатында усы жылдың басынан баслап COVID-19 пандемиясына байланыслы жағдай глобал күн тәртибиндеги ең әҳмийетли мәселеге айланғанын атап өтти. Коронавирус инфекциясы тарқалыўының унамсыз тәсирин тиккелей ямаса тиккелей емес сезбейтуғын ҳеш бир мәмлекет ямаса регион жоқ екенлигин атап өтти.

Усы ҳәм басқа да глобал машқалаларға нәтийжели шешим табыў ушын биринши гезекте келисилген ҳәрекетлер зәрүр. Халықаралық мийнет шөлкеми Глобал саммитти шөлкемлестириў арқалы «саатларды дурыслап алыў» ушын қолайлы платформа болып есапланады.

 Пандемия шараятында экономикалық турақлылықты тәмийинлеў менен бирге, халықты социаллық қоллап-қуўатлаў да үлкен әҳмийетке ийе. Бул Халықаралық мийнет шөлкеминиң жүз жыллық декларациясында белгиленген социаллық әдилликти тәмийинлеў мақсетлерине толық сәйкес келеди.

Мүрәжатта ХМШ конвенцияларының миллий нызамшылықта ҳәм әмелиятта имплементацияланыўы, атап айтқанда, үш тәреплеме мәсләҳәтлесиўлер ҳаққындағы 144-Конвенцияның ратификацияланыўы Өзбекстанда үш тәреплеме социаллық пикир алысыўдың раўажланыўына күшли тәсир болғаны атап өтилди.

Пандемия дәўиринде «трипартизм плюс» принципине муўапық, кризиске қарсы илажларды ислеп шығыў процесинде бизнес, кәсиплик уйымлары, мәмлекетлик емес шөлкемлер, пуқаралық жәмийетиниң институтлары ҳәм жәмийетшилик ўәкиллери белсене қатнаспақта. Бул халықтың барлық қатламларының мәплерин қорғаўшы кризиске қарсы бағдарламалардың табыслы әмелге асырылыўының кепили болып есапланады.

Атап өтилгениндей, пандемия турақлы халықаралық қатнасықларды раўажландырыўда бир қатар машқалалардың бар екенлигин ҳәм айрықша жағдайларда глобал стратегиялық ҳәрекетлер жобасының жоқ екенлигин көрсетти.

Сол мүнәсибет пенен мәмлекетимиз басшысы БМШ басшылығында Пандемия дәўиринде мәмлекетлердиң ықтыярый миннетлемелери ҳаққындағы халықаралық кодексти қабыл етиў басламасын алға қойды.

Президентимиздиң пикиринше, бул кодексте мәмлекетлердиң өз пуқаралары ҳәм халықаралық шериклери алдындағы сиясий, жәмийетлик, экономикалық, гуманитар ҳәм инсан ҳуқықлары тараўларындағы ең аз шәртлери менен миннетлемелери белгилеп қойылыўы керек.

Атап айтқанда, бириншиден, шеклеў илажлары тек ғана ўақтынша, пуқаралардың ҳуқықлары ҳәм еркинликлерине мәжбүрий әмел еткен ҳалда әмелге асырылыўы керек.

Бундай илажлар халықаралық саўдаға, әсиресе, медициналық өнимлерге, сондай-ақ, халықтың социаллық қорғаўға мүтәж қатламларын қоллап-қуўатлаўға тосқынлық етпеслик бойынша қәўип-қәтерлерге сәйкес болыўы керек.

Екиншиден, пандемияның тез тарқалыўы системалы, өз ўақтында ҳәм нәтийжели профилактикалық илажларды көриў зәрүрлигин, соның менен бирге, пандемия жәрияланған ўақытта денсаўлықты сақлаў тараўына артықша жүклемелердиң жүзеге келиўине жол қоймаў керек екенлигин көрсетти.

Профилактикалық илажлар сыпатында болса, биринши гезекте, болжаў, тарқалыўдың ерте басқышларын анықлаў, эпидемияға қарсы турыў ҳәм оның ақыбетлерин азайтыў илажлары киреди.

Үшиншиден, пандемия мийнет қәўипсизлигин тәмийинлеў зәрүрлигин көрсетти. Бул тиккелей жаңа кеселликке қарсы гүресиўдиң басында турған, ҳақыйқый қаҳарманлық көрсеткен медицина хызметкерлерине тийисли.

Бүгинги күнде Өзбекстан менен ХМШ арасындағы қатнасықлардың жедел ҳәм избе-из раўажланып атырғанын атап өтиў керек.

ХМШ бас директоры Гай Райдердиң 2018-жылы Өзбекстанға сапары нәтийжесинде қабыл етилген «Жол картасы» табыслы әмелге асырылмақта.

Еки жыл бурын ХМШ жәмәәти жәрдеминде мүнәсип жумыс орынларын жаратыўға жәрдемлесетуғын Өзбекстан Жумыс бериўшилер конфедерациясы шөлкемлестирилди. Структура халықаралық мийнет стандартларына әмел етилиўи үстинен жәмийетлик қадағалаўды тәмийинлеп келмекте.

Усы жылдың  12-июнь күни Сенат баслығы Танзила Норбоева менен ХМШ басшысы арасындағы видеоконференцияда Гай Райдер 2018-жыл декабрь айында Өзбекстанға сапарын ҳәм Президент Шавкат Мирзиёев пенен ушырасыўды жыллы сезимлер менен еследи. Оның сөзлерине бола, бул сапар оған Президент басшылығында алып барылып атырған реформаларды жақсырақ түсиниўге жәрдем берди.

Әмелге асырылып атырған реформалар нәтийжесинде ерисилген жетискенликлер жоқары баҳаланды: «Мәмлекетиңизди үлкен табыслар менен қутлықлайман». Ол елде алып барылып атырған реформаларды қоллап-қуўатлап атырғанын ҳәм социаллық машқалаларды шешиўге және кең көлемли өзгерислерди әмелге асырыўға қаратылған қосымша жойбарларда қатнасыўды даўам еттириўге таяр екенин атап өтти.

«Халықаралық шөлкемлер ҳәм дүнья жәмийетшилиги Өзбекстанның ҳәр қыйлы тараўлардағы үлкен жетискеликлерин тән алмақта», деди ХМШ бас директоры Гай Райдер.

«Өзбекстан Халықаралық мийнет шөлкеми менен әмелий бирге ислесиў себепли шөлкемниң конвенцияларын әмелге асырыўда жетискенликлерге ҳәм нәтийжелерге ерискенинен қуўанышлыман. Елиңизде мийнет қатнасықлары тараўында алып барылып атырған реформаларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаймыз. Өзбекстан мәмлекет ушын әҳмийетли болған басқа конвенцияларға қосылыўда даўам етеди, деп үмит етемиз», деди ХМШ басшысы.

Гай Райдердиң атап өтиўинше, шөлкем буннан былай да үш тәреплеме бирге ислесиўди раўажландырыўға жәрдемлеседи: «Өзбекстанда «трипартизмниң имплементацияланыўы әҳмийетли қәдем болып есапланады.

Өзбекстан Президенти тәрепинен халықты социаллық қорғаў мәселелерине қатаң итибар қаратылып атырғаны мақтаўға ылайық болып табылады», деди Гай Райдер.

 

ӨзА