Әмиўдәрья районы Мәмлекетлик хызметлер орайы пуқараларға мәмлекетлик хызметлерди көрсетиў жолында нәтийжели жумыс алып бармақта.
Усы жылдың биринши ярымында орайда пуқараларға көрсетилген мәмлекетлик хызметлердиң саны 25 мың 608 ди қурады. Сондай-ақ, ҳәзирги дәўирге шекем 538 физикалық ҳәм юридикалық тәреплер мәмлекетлик дизимнен өткерилген.
Орай хызметкерлери тәрепинен физикалық ҳәм юридикалық тәреплерге хызмет көрсетиў жедел тәртипте әмелге асырылмақта. Ҳәптениң шемби ҳәм екшемби күнлери районның алыс аймақларындағы аўыл, мәҳәлле пуқаралар жыйынлары, билимлендириў орайларында көшпели ушырасыўлар, үгит-нәсият илажлары және көшпели дизимнен өткериў жумыслары алып барылмақта. Атап айтқанда, быйылғы жылдың усы дәўирине шекем жедел тәртипте 1 мың 127 мәмлекетлик хызметлер көрсетилген болып, усы тәртипте мәмлекетлик дизимнен өткерилген исбилерменлик субъектлердиң саны 31 ди қурады.
Бүгинги пандемия шараятынан келип шығып, орайда социаллық аралықты сақлаған ҳалда тәртипли гезек енгизилген. Пуқаралар бул жерде жаратылған қолайлы шараятлар ҳәм көрсетилген сапалы хызметтен қанаатланбақта.
ӨзА