Дийқаншылықтан бели қатқан, жер менен тиллескен Кегейли районында жасайтуғын ӨзЛиДеП белсендиси Палзада Салиева көпшиликке таныс фермерге айланды. Ол буннан бес жыл бурын райондағы «Жаңабазар» АПЖдағы 200 гектар жерде «Арзыў» фермер хожалығын шөлкемлестирип, быйыл жақсы нийет етип, оның 70 гектарына бийдай, 37 гектарына пахта, 30 гектарына салы, сондай-ақ, мийўе, овощ ҳәм палыз егинлерин еккен.
– Дийқандики жылда әрман дегендей, өткен жылы ғәлледен аўысқан дәраматыма 30 бас қарамал алдым. Быйыл да бийдай бойынша шәртнаманы артығы менен орынладым,-дейди П.Салиева. – Технкаларым жеткиликли, хожалығымды және де кеңейтиў мақсетинде балықшылық ҳәм шарўашылық пенен де шуғылланбақшыман.
П.Салиева фермерлик пенен шуғылланыў менен бирге өз аўылындағы машқалаларды сапластырыў бойынша әмелге асырылып атырған жумысларға да белсене қатнасып, кем тәмийинленген шаңарақларға жәрдем қолын созып келмекте.
Атап айтқанда, ол ҳәзирги пандемия дәўиринде «Жаңабазар» АПЖның «Естек» аўылындағы 45 шаңарақты аталыққа алып, оларды жумыс пенен тәмийинлеген. Сондай-ақ, усы аўылдағы үй алды қыйтақ жерлерди суўғарыўда келип шыққан қыйыншылықларды сапластырыў мақсетинде суў насосын ислетиў ушын өз есабынан 61 миллион сум қаржы жумсап, жаңа трансформатор қурып берген.
Аўыл халқы бул ушын фермерден шексиз миннетдар. ӨзЛиДеП районлық Кеңеси П.Салиеваның ҳәзирги коронавирус себепли келип шыққан қыйыншылықларды жеңиўдеги усындай ийгиликли ислерин есапқа алып, аўыл турғынларына көрсетип атырған қалыс жәрдеми ушын оған Ҳүрмет жарлығын ҳәм естелик саўғаларын тапсырды.
Палзада ападай қайыр-сақаўатлы фермерлердиң қатары көбейе берсин.
Қарақалпақстан хабар агентлиги