ШАРЎАШЫЛЫҚ
Елликқала районындағы «Амир оқ чашма» фермер хожалығында Польша мәмлекетинен алып келинген 9 бас монбельярд нәсилли сыйыр бағылмақта.
Президентимиздиң 2019-жыл 28-марттағы «Ветеринария ҳәм шарўашылық тараўында мәмлекетлик басқарыў системасын түп-тийкарынан жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы пәрманы тийкарында қайта шөлкемлестирилген Өзбекстан Республикасы Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети тәрепинен елимизде шарўашылық тармағын жедел раўажландырыў, қарамаллардың нәсилин жақсылаў, бул бағдардағы шарўашылық хожалықларының жумысын және исбилерменлик субъектлериниң көбейиўин мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў бойынша комплексли илажлар әмелге асырылмақта. Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитетиниң әмелий жәрдеми менен тараўда жетекши есапланған сырт еллерден нәсилли маллар алып келинип, бизиң ықлым шараятымызға бейимлестирилмекте. Бул болса, қарамаллардың өнимдарлығын арттырыў, оларды қайта ислеў арқалы халқымызды сапалы гөш, сүт ҳәм басқа да азық-аўқат өнимлери менен үзликсиз тәмийинлеў имканиятын береди. Елимизде бириншилерден болып алып келинген монбельярд нәсилли маллары буның айқын мысалы болып табылады.
-Тийкарынан Францияда жаратылған бул нәсилли малдың абзаллығы, лактация дәўиринде ҳәр бири 9,5-10 мың литрге шекем сүт береди,-дейди фермер хожалығының баслығы Шамсуддин Фахруддинов.-Бул демек ҳәр бир сыйырдан күниге 30-35 литр әтирапында сүт саўып алынады, деген сөз. Буннан тысқары, ҳәр бир сыйырдан 11-12 бас бузаў алыўға болады. Сүтиниң қурамындағы протеин ҳәм белок басқа нәсилли малларға салыстырғанда дерлик еки есеге көп, майлылық дәрежеси де жоқары болады. Оларды қайта ислеў арқалы сапалы өним алыўға болады. Ең баслысы, бизиң ықлым шараятымызға тез бейимлеседи.
Фермер хожалығында жақында алып келинген монбельярд сыйырлары менен бир қатарда 400 басқа шамалас швиц, ангус, симментал, голштейн нәсилли маллары күтимли бағылмақта. Келешекте оларды мың басқа шекем жеткериў режелестирилген. Алда турған баслы мақсет, голштейн ҳәм монбельярд нәсилли малларын шатыстырыў арқалы олардың өнимдарлығын буннан былай да арттырыў, солай етип, халқымызды сапалы гөш ҳәм сүт өнимлери менен тәмийинлеўден ибарат.
Д. АБИБУЛЛАЕВ,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.
М.ҲӘБИЙБУЛЛАЕВ тың түсирген сүўретлери.