Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 7-ноябрьдеги «Қарақалпақстан Республикасында шарўашылық тармақларын жедел раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы қарары тийкарында республикамызда шарўашылықты буннан былай да раўажландырыў, халқымызды арзан ҳәм сапалы шарўашылық өнимлери менен тәмийинлеў, тараўға сырт ел инвесторларын тартыў бағдарында кең көлемли илажлар әмелге асырылмақта.

-Қарардың орынланыўын тәмийинлеў бойынша быйылғы жылы улыўма баҳасы 47 миллиард 854 миллион сумлық 18 жойбарды әмелге асырыў режелестирилген,-дейди Тахтакөпир районы «Нәсил шарўа» бөлиминиң баслығы Бердияр Қалбаев.-Соннан 11 жойбар қарамал бағыў, 6 жойбар қой-ешки бағыў ҳәм 1 жойбар сүтти қайта ислеўге бағдарланған.Усының нәтийжесинде 120 жаңа жумыс орны жаратылады. Жойбарлар бойынша Германия, Эстония, Австрия ҳәм Белорусь мәмлекетлеринен жәми 3030 бас нәсилли, соннан 970 бас қарамал, 2060 қой-ешки алып келиў режелестирилген.

Бүгинги күнге алты жойбарға, соннан «Агрокомплекс Қарақалпақстан» Өзбекстан-АҚШ қоспа кәрханасы түриндеги жуўапкершилиги шекленген жәмийетине, «Тахтакөпир жайлаўлары» кооперативине,  «Сейт шарўа», «Данияр шарўа»,  «Айдос қала» ҳәм «Тахтакөпир нәсил шарўа» фермер хожалықларына коммерциялық банклерден кредит ажыратылып, жумыслар баслап жиберилди.

Райондағы «Агрокомплекс Қарақалпақстан» Өзбекстан-АҚШ қоспа кәрханасы түриндеги жуўапкершилиги шекленген жәмийетинде бүгинги күни Қазақстаннан алып келинген 160 бас қарамал, жергиликли 580 бас қой-ешки күтимли бағылмақта. Жақын күнлерде Германиядан 150 бас нәсилли қара мал алып келинеди. Бул жерде келешекте шарўашылық өнимлерин қайта ислейтуғын цехлар ашыў режелестирилген. Ҳәзирги ўақытта 15 адам турақлы жумыс пенен тәмийинленген болса, олардың саны елиў беске жеткериледи.

Райондағы ветеринария участкаларына қосымша жаңадан 9 сервис хызметин көрсетиў шақапшасы имаратын қурыў ушын жер орынлары ажыратылып, қурылыс жумыслары алып барылмақта. Аўыл ҳәм мәкан пуқаралар жыйынлары аймақларында жасаўшы халықтың шаңарағында бағылып атырған малларға ветеринария хызметин көрсететуғын техник осеменатор қәнигелер бекитилди.

 “Туқымгершиликти раўажландырыў орайы”  мәмлекетлик кәрханасы Қарақалпақстан Республикасы баскармасына  от-жемлик дақыллардың туқымгершилигин жолға қойыў мақсетинде  район ҳәкиминиң қарары менен жәми 288 гектар, соннан 218 гектар егислик жер майданы, Бухара  шөл жайлаў өт-жемлик дақыллар туқымгершилиги илимий-өндирислик орайына  200 гектар жер майданы ажыратылды. Бүгинги күнге районда 231 гектарға жоңышқа, 581 гектарына мәкке ҳәм жүўери,1362 гектарға силос ушын мәкке ҳәм жүўери, 606 гектарға ақ жүўери, 34 гектарға от-жемлик ләблеби егилди.

Район аймағында жаңадан 6 қудық қазыў режелестирилген. Соннан  «Қара ой» аўыл пуқаралар жыйыны аймағынан еки,  «Жаңадәрья» аўыл пуқаралар жыйыны аймағынан еки, «Маржанкөл» ҳәм «Мүлк» аўыл пуқаралар жыйынлары аймақларынан бир қудықтан қазыў жумыслары баслап жиберилди.

Қәнигелер тәрепинен шарўашылық тараўын раўажландырыў, малларды ҳасылландырыў ҳәм олардан алынатуғын өнимлерди көбейтиў бойынша кең түрде үгит-нәсият жумыслары алып барылмақта.

 

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.

М.ҲӘБИЙБУЛЛАЕВ тың түсирген сүўретлери.