РАЙОН ТУРМЫСЫНАН

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында усы жылдың 26-май күни инвестициялық мәселелерди додалаўға бағышланып болып өткен видеоселектор мәжилиси басында мәмлекетимизде коронавирус пандемиясына қарсы гүрес бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслар менен бир қатарда алда турған жуўапкерли ўазыйпаларды белгилеп берди.

Атап өтилгениндей, Пандемияның экономикаға тәсирин  жумсартыўға қаратылған бир қатар ҳүжжетлер қабыл етилиўине қарамастан,  олардың орынланыўын шөлкемлестириў ақсамақта, жаратылып атырған шараятлар ҳәм жеңилликлер пуқаралар менен исбилерменлерге мәнзилли жетпей атыр.

– Бул бағдарда бир қатар илажлар әмелге асырылды ҳәм бүгинги күни нәтийжели даўам еттирилмекте,-дейди Қараөзек районының ҳәкими Роман Жумабаев.-Атап айтқанда, 66 шаңарақ ағзалары турақлы, 169 шаңарақ ағзалары жәмийетлик жумыс менен тәмийинленди. Кем тәмийинленген, жәрдемге мүтәж 12 шаңараққа қой-ешки, Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары орайы тәрепинен 37 шаңараққа ыссыхана қурып берилди. Қалған 298 шаңарақты усы жылдың үшинши ҳәм төртинши шереклеринде жумыс пенен тәмийинлеў режелестирилген.

Пандемия дәўиринде жумыссыз жаслардың бәнтлигин тәмийинлеў мақсетинде райондағы Бердақ аўыл пуқаралар жыйыны аймағында «Қараөзек палыз» жуўапкершилиги шекленген жәмийети шөлкемлестирилип, 15 гектар жер майданы ажыратылды. Бүгинги күни 50 жастың ҳәр бирине 20 сотыхтан жер майданы берилип, оларда палыз егинлери жетистирилмекте.

Районда 397 жумыссыз ҳаял-қыздан бүгинги күнге еки жүзден асламының бәнтлиги тәмийинленди. Өзбекстан «Мәҳәлле» қайырқомлық жәмийетлик қорының районлық бөлими жанындағы «Қайыр-сақаўат ҳәм жәрдем» қорының арнаўлы есап бетине 140,7 миллион сум қаржы келип түскен болса, соннан 60 шаңарақтың ҳәр бирине 500 мың сумнан, «Грант фарм» жуўапкершилиги шекленген жәмийети тәрепинен кем тәмийнленген 80 шаңарақтың ҳәр бирине 1 миллион сумнан  жәрдем берилди.  Бул қайыр-сақаўат илажларына районымыздағы мәкеме ҳәм кәрханалар да белсене қатнасып атыр.  «Титан цемент» жуўапкершилиги шекленген жәмийети 10 шаңарақты үш ай даўамында өз қәўендерлигине алып, бул ушын 44 миллион сум қаржы ажыратты. Буннан тысқары, жәмәәт тәрепинен кем тәмийинленген шаңарақларға 10 тонна гүриш тарқатылды. «Қарақалпақ цемент» жуўапкершилиги шекленген жәмийети де бул қайыр-сақаўаттан шетте қалмады. Олар 15 шаңарақты үш ай даўамында қәўендерликке алып, 58,3 миллион сумлық жәрдем көрсетпекте. Қайырқомлық ислерине өз үлеслерин қосып атырған исбилерменлерге салықтан 44 миллион сумлық жеңиллик берилген болса,  35,1 миллиард сумлық кредиттиң төлеў мүддети созып берилди.

Халықтың бәнтлигин тәмийинлеў мақсетинде «Шаңарақлық исбилерменликти раўажландырыў» бағдарламасы тийкарында  акционерлик-коммерциялық «Агробанк» ҳәм «Халық банки» филиаллары тәрепинен  169 шаңараққа 5,2  миллиард сумлық жеңиллетилген кредит ажыратылды. Кем тәмийинленген, жәрдемге мүтәж 124 шаңараққа ыссыхана қурыў, туқым, нәл ҳәм үй қапталы қыйтақ жерлерине суўғарыў қурылмаларын қурыў мақсетинде 258 миллион сум муғдарында субсидия ажыратыў нәзерде тутылған болып, бүгинги күнге 252 миллион сум субсидия есабынан 113 ыссыхана қурып берилди.

Районды социаллық-экономикалық раўажландырыў бойынша быйылғы жылы 63 миллиард 504  миллион сумлық 22 жойбарды әмелге асырыў, соның есабынан 105 жаңа жумыс орнын жаратыў режелестирилген. Пандемия дәўирине шекем районда жәми 454 киши бизнес ҳәм жеке исбилерменлик субъекти менен санаат кәрханасы мәмлекетлик дизимнен өтип жумыс алып барып атырған болса, карантин себепли 65  кәрхана өз жумысын ўақтынша тоқтатыўға мәжбүр болды.  Президентимиздиң басламасы менен карантин ақыбетлерин жумсартыў бойынша алып барылған илажлар нәтийжесинде 25 исбилерменлик субъектине жумысын баслаўға рухсат берилди. Бул кәрханалар өз жумысларын республикалық арнаўлы комиссия тәрепинен белгиленген карантин қағыйдаларын қатаң сақлаған ҳалда жумыс алып бармақта.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң усы жылы 19-марттағы «Коронавирус пандемиясы ҳәм глобал кризис жағдайларының экономика тармақларына унамсыз тәсирин жумсартыў бойынша биринши гезектеги илажлар ҳаққында»ғы пәрманының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде кең көлемли илажлар әмелге асырылмақта. Усы пәрман тийкарында Өзбекстан Республикасының Салық кодексине муўапық жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары хожалық жүргизиўши субъектлерине салық төлемлерин төлеў мүддетлерин кешиктириў, олардың ставкаларын кемейттириў  бойынша қарарлар қабыл етиў ўәкиллиги берилген еди. Усы тийкарда район ҳәкимлиги тәрепинен 42 исбилерменлик субъекти менен кәрхананың 35,1 миллион сумлық салық қарыздарлығынан жеңиллик берилип,  96 миллион сумлық салық төлемлериниң мүддети созылды.

Ҳәзирги пандемия дәўиринде халықты социаллық жақтан қоллап-қуўатлаў, экономика тармақларының турақлы жумыс алып барыўын тәмийинлеў, бул бағдарда Президентимиз ҳәм ҳүкиметимиз тәрепинен қабыл етилип атырған нормативлик ҳүжжетлердиң сөзсиз орынланыўын тәмийинлеў бүгинги күнниң баслы ўазыйпа болып табылады. Районның сектор басшылары тийкарғы итибарды усы мәселелерге қаратып, ўақытша қыйыншылықларды карантин қағыйдаларын қатаң сақлаған ҳалда халқымыз бенен биргеликте аўызбиршилик пенен жеңип шығыў жолында пидәкерлик мийнет етпекте.

 

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.

М.ҲӘБИЙБУЛЛАЕВ тың түсирген сүўретлери.