Дүнья жүзилик денсаўлықты сақлаў шөлкеминиң Бас директоры Тедрос Гебрейесус Женевадағы брифингде «COVID-19» пандемиясы тарқалыўының жеделлескенлигин мәлим етти. Бул ҳаққында «Koronavirus Info» каналы хабар берди.

 

«Айрым мәмлекетлер өз экономикасын ашып, жәмийетлик турмыс тикленгеннен соң машқалаға дус келди. Адамлар вирус алдында күшсиз болып қалмақта. Глобаллық көлемде пандемияның раўажланыўы жеделлести», – деп айтып өткен Дүнья жүзилик денсаўлықты сақлаў шөлкеминиң Бас директоры.

 

Бас директордың стратегиялық мәселелер бойынша жәрдемшиси Раньери Гуэрра егер жер жүзин коронавирус пандемиясының екинши толқыны қамтып алса, миллионлаған адамлар қайтыс болыўы мүмкинлигин айтып өтти.

 

Оның қосымша етиўинше, коронавирустың глобаллық қәўпи 100 жыл алдын 100 миллион адамның өмирден көз жумыўына себепши болған «испанка» эпидемиясының сценарийси бойынша раўажланбақта.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.