1-июль күни жоқары дәрежели «Орайлық Азия – АҚШ» («С5+1») форматындағы гезектеги ушырасыў болып өтти.

Видеоконференцбайланыс түринде шөлкемлестирилген илажда Өзбекстан Республикасы сыртқы ислер министри Абдулазиз Комилов, Қырғызстан Республикасы сыртқы ислер министри Чингиз Айдарбеков, Қазақстан Республикасы сыртқы ислер министри Мухтар Тлеўберди, Тәжикстан Республикасы сыртқы ислер министри Сирожиддин Муҳриддин, Түркменстан Министрлер Кабинети Баслығының орынбасары, сыртқы ислер министри Рашид Мередов ҳәм АҚШ Мәмлекетлик хаткери Майкл Помпео қатнасты.

Ушырасыўда, сондай-ақ, мәмлекетимизде болып турған Америка Қурама Штатларының Аўғанстан бойынша арнаўлы ўәкили Залмай Халилзод ҳәм АҚШ Халықаралық раўажланыўды қаржыландырыў корпорациясы (DFC) бас атқарыўшы директоры Адам болер қатнасты.

Тәреплер регионаллық экономикалық бирге ислесиўди беккемлеў, заманагөй қәўип-қәтерлерге, соның ишинде, коронавирустың тарқалыўына қарсы гүресиўдиң әҳмийетли мәселелерин додалады.

«СОVID-19» пандемиясы шараятында глобаллық өзгерислерди есапқа алған ҳалда, Өзбекстан сыртқы сиясат уйымы басшысының санлы экономиканы раўажландырыў, миллий транспорт стратегиясын муўапықластырыў, аўыл хожалығында инновацияларды енгизиў, регион мәмлекетлериниң энергетика потенциалын кеңейтиў, Орайлық Азияның экологиялық қыйын регионларында социаллық-экономикалық жағдайды жақсылаў, Аралбойын инновациялар ҳәм технологиялар аймағына айландырыў бойынша ҳәрекетлерди жеделлестириў сыяқлы бағдарлардағы бирге ислесиўди раўажландырыўды усыныс етти.

Абдулазиз Комилов Өзбекстан тәрепи халықаралық жәмийетшиликтиң Аўғанстандағы тынышлық процесин алға қойыў бойынша жедел ҳәрекетлерин қоллап-қуўатлайтуғынын атап өтти.

Сыртқы сиясат уйымлары басшыларының шығып сөйлеўлеринде («С5+1») түри Орайлық Азияда тынышлық, турақлылық ҳәм раўажланыўды алға қойыў платформасы сыпатында өзиниң әҳмийетин ҳәм актуаллығын көрсетиўде даўам етип атырғаны тастыйықланды.

Халықаралық раўажланыўды қаржыландырыў корпорациясы (DFC) бас атқарыўшы директоры Адам Болердиң басшылығындағы АҚШ делегациясы ағзалары сол күни Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының Баслығы Танзила Норбоева менен ушырасты.

Ушырасыўда Өзбекстан менен АҚШ арасындағы қатнасықларды буннан былай да беккемлеў мәмлекетимиз сиясатының тийкарғы бағдарларынан бири екени атап өтилди. Атап өтилгениндей, кейинги жылларда еки тәреплеме байланыслар сезилерли дәрежеде өсти. Оған көпшилик жағдайда Өзбекстан Республикасы Президенти тәрепинен алып барылып атырған ашық, конструктивлик ҳәм прагматикалық сыртқы сиясат тийкар болмақта. Ҳәзирги процессте парламентлераралық байланысларға үлкен әҳмийет берилип атыр.

Тәреплер Өзбекстан – АҚШ парламентлик бирге ислесиў топары, АҚШ Конгрессиниң «Өзбекстан бойынша Кокус» структурасының жумысын жеделлестириў, демократиялық реформалар ҳәм пуқаралық жәмийетти қәлиплестириў бойынша конструктивлик сөйлесиўди буннан былай да раўажландырыў бағдарында өз-ара пикир алысты.

АҚШ пенен өз-ара қатнасықларда саўда-экономикалық, финанслық, инвестициялық ҳәм заманагөй технология бағдарларында бирге ислесиўди кеңейтиў мәселелери додаланды.

Ушырасыўда «Doing business 2020» жыллық рейтингинде Өзбекстан ең жоқары көрсеткишке ерискен жигирма мәмлекет қатарына киргени атап өтилди.

Сенат жумысы ҳәм парламентте ҳаял-қызлардың орны, ҳаял-қызлардың жәмийеттеги абырайын беккемлеў, Өзбекстанда гендер теңлигин тәмийинлеў мәселелери бойынша көрилип атырған илажлар ҳаққында сөз етилди.

АҚШ Халықаралық раўажланыўды қаржыландырыў корпорациясы (DFC) менен өз-ара пайдалы бирге ислесиў бағдарларын кеңейтиў, мәжбүрий мийнетке байланыслы машқалаларды сапластырыў мәселелерине, бул бағдарда биргеликте ислесиў перспективаларына айрықша тоқтап өтилди.

Сөйлесиў даўамында бир қатар қоспа жойбарларды ислеп шығыў ҳәм әмелге асырыўға байланыслы басламалар алға қойылды. Соның ишинде, мәмлекеттиң социаллық-экономикалық ҳәм сиясий турмысында парламенттиң ролин буннан былай да арттырыў мақсетинде парламентаризмди қоллап-қуўатлаў, парламент ағзалары ҳәм хызметкерлериниң АҚШ тәжирийбесин үйрениў ушын АҚШ Конгрессинде әмелият өтеўин шөлкемлестириў, Өзбекстанда өз бизнесин басламақшы болған ҳаял-қызлар ушын инновациялық технологиялардан пайдаланыўға шараят жаратыў, аўылларда ҳаял-қызлардың исбилерменлигин раўажландырыў, ҳаял-қызларға зорлық көрсетиўге қарсы илажларды әмелге асырыў ҳәм адам саўдасына қарсы гүресиў бойынша усыныслар билдирилди.

 

 Ғайрат ХОННАЗАРОВ,

ӨзАның хабаршысы