Төрткүл районындағы «Супер балықлар» фермер хожалығы 2014-жылы шөлкемлестирилген болып, ол интенсив усылда балық жетистириўди басқышпа-басқыш жолға қойыў, суў ресурсларынан нәтийжели пайдаланыў, балықшылық тараўын және де раўажландырыўға хызмет етпекте.
– «Супер балықлар» фермер хожалығы ушын дәслеп 8 гектар, 2019-2020-жылларда 105 гектарлық жерде жасалма ҳәўиз жаратылды. Бул жумысларға шөлкемлестириўши тәрепинен 2 миллиард сумлық қаржы жумсалған,-дейди Агросанааат комплекси үстинен қадағалаў инспекциясы Қарақалпақстан Республикасы басқармасының шарўашылықты ҳәм нәсилшилик жумысын қадағалаў бөлиминиң бас инспекторы Т.Төлепбергенов. – Фермер хожалығы тәрепинен Россия Федерациясынан бир мәўсимде 300 миллион балық шабақларын жеткерип бериў қуўатлылығына ийе инкубация үскенелери алып келинип орнатылды.
Инкубация цехында сазан, ақ амур ҳәм толстолобик балықлары өршитилип, быйылғы жылдың биринши ярымында 50 миллион данадан аслам шабақ жетистирилип, жасалма ҳәўизлерге жиберилген. Сондай-ақ, Хорезм, Бухара ўәлаятларына 35 миллионнан аслам балық шабақлары жеткерип берилген.
Фермер хожалығында қурылған шабақ жетистириўши инкубация цехлары алдағы ўақытлары Өзбекстанның 6 ўәлаятын балық шабақлары менен тәмийинлеў мүмкиншилигине ийе болады.
Бүгинги күнде хожалықта 17 турақлы жумыс орны болып, алдағы ўақытлары инкубация цехы толық иске түскеннен кейин 50 жаңа жумыс орны жаратылады.
Тараўдың кеңейиўи, өнимлердиң сапасының артыўы ҳәм раўажланыў даўам етпекте.
Ә.Жиемуратов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги