Бүгинги күнде Агросанааат комплекси үстинен қадағалаў инспекциясы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы тәрепинен туқымлық пахта жетистириўши хожалықлар ҳәм туқымлық пахта атызларында агротехникалық илажлардың жағдайы қандай дәрежеде екенлигине итибар қаратылмақта.
– 2020-жылдың туқымлық пахта зүрәәти ушын 302 фермер хожалығы туқымлық пахта жетистириў ҳуқықын алған,-дейди басқарманың аўыл хожалығы егинлериниң туқымлары жетистирилиўин ҳәм тәмийнатын қадағалаў бөлими бас инспекторы М.Худайбергенов. – Олар тәрепинен 13446 гектар майданға зүрәәтлилиги жоқары болған пахтаның «Султан» ҳәм «С-4727» сортлары егилген.
Туқымлық пахта майданларының раўажланыў фазалары бойынша мониторинг өткерилди. Пахта атызларының 2896 гектары 5-6 шын жапырақ, шаналаў 10547 гектар майданды қурайды.
Сондай-ақ, культивациялаў жумыслары төрт мәрте әмелге асырылған болып, ҳәзирги күнде 57833 гектарлық культвациялаў жумыслары алып барылды. 35385 гектарға Суспензиялық (биостимуляторлар) ислеў берилди. 33174 гектар майдан терең жумсартылды.
Ҳәзирги күнде жергиликли төгин жыйнаў ҳәр бир гектар майданға 5 тоннадан режелестирилген болып, бул жумыслар қадағалаўға алынған. Жоқарыда келтирилген жумыслар нәтийжели әмелге асырылып, сапалы туқым таярланса, келеси жылдың зүрәәти ушын жақсы тийкар жаратқан боламыз.
Ә.Жиемуратов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги