Олий Мажлис Нызамшылық палатасының депутаты, ӨзЛиДеП фракциясының ағзасы Б.Алдамуратов Шымбай районындағы «Қызылөзек» АПЖда өз сайлаўшылары менен ушырасты.

Ушырасыўда пандемия дәўиринде Президентимиз тәрепинен халықтың турмыс дәрежесин жақсылаў, кәмбағаллықты қысқартыў, халықтың бәнтлигин тәмийинлеў, исбилерменлерди қоллап-қуўатлаў бойынша қабыл етилген қарар ҳәм пәрманлардың мазмун-мәниси туўралы түсиник берилди.

Халықты қыйнап киятырған машқалалар бойынша мүрәжатлары тыңланды.

Атап айтқанда, жас исбилермен М.Жиемуратов усы аймақтан монша ҳәм шаштәрезхана ашып, жаслардың жумыс пенен тәмийинлениўин ҳәм жумысын және де кеңейтиўди мақсет еткен. Ол банктен 100 миллион сум муғдарында кредит алыўға әмелий жәрдем сорап мүрәжат етти. Жас исбилермен Б.Оразбаев та өз мүрәжатында тигиўшилик ҳәм нан өнимлерин таярлаў цехын иске түсириў мақсетинде банктен 60 миллион сум муғдарында кредит алыўға жәрдем сорады.

Усы еки мәселе сол жердиң өзинде тийисли шөлкемлер менен бирге көрип шығылып, тез күнлерде шешилетуғынлығы мәлим етилди ҳәм орынланыўы қадағалаўға алынды.

Сондай-ақ, ушырасыўда қыйтақ жерлерди суўғарыў ушын суўдың жетиспеўшилиги, аўылда жаңадан қурылып атырған мектепке шекемги билимлендириў шөлкемине ҳәм мектепке газ тартып бериў, коллекторларды тазалаў бойынша 10 ға шамалас мүрәжат тыңланды.

Ушырасыўда көрсетилип өтилген айырым машқалалар сол жердиң өзинде шешилген болса, айырымлары депутатлық қадағалаўға алынып, тийисли шөлкемлер менен бирге сапластырыўға келисип алынды.

 

          Қарақалпақстан хабар агентлиги