Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар агентлигинде өткерилген брифингте мәлим етилиўинше, коронавирус пандемиясы шараятында тест сынақлары процесинде абитуриентлердиң қәўипсизлигин тәмийинлеў мақсетинде аймаққа кириўде дене температурасы 37 градустан жоқары екенлиги анықланған абитуриент тест сынақларына киргизилмейди ҳәм Санитариялық-эпидемиология ҳәм тынышлық агентлигиниң жуўапкер хызметкерлери ҳәм Мәмлекетлик тест орайы ўәкилиниң қатнасыўында акт дүзип, медициналық тексериўден өткериледи, деп хабар бермекте xs.uz  сайты.

Бул тәртип Мәмлекетлик комиссияның 1-санлы протоколы менен белгиленбекте.

«Санитариялық-эпидемиология ҳәм тынышлық агентлигиниң медициналық тексериўден өткерилген ҳәм коронавирус кеселлиги анықланбаған абитуриентлер ушын республика бойынша тест сынақлары толық жуўмақланғаннан кейин төртинши күни тест сынақлары өткериледи.

Санитариялық-эпидемиология ҳәм тынышлық агентлиги усынған жуўмақ тийкарында тест сынақларына дене температурасының жоқары екенлиги себепли киргизилмеген абитуриентлер Мәмлекетлик тест орайы тәрепинен тест сынағы өткерилиўден кеминде бир күн бурын (жеке кабинетине ҳәм телефонына хабар жибериў арқалы) ескертиледи.

Тест сынақлары жуўмақланғаннан 4 күн өтип өткерилетуғын имтиханларда да абитуриенте дене температурасының жоқары екенлиги анықланса, ол имтиханда қатнаса алмайды», делинеди брифинг мәлимлемесинде.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги