Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министрлигиниң районлық (қалалық) бөлимлери жанындағы жумысшы топар тәрепинен талабан ҳаял-қызлардың ҳүжжетлери 24-июньнан 10-июльға шекем қабыл етилиўи жобаластырылған. Бул ҳаққында министрликтиң басқарма баслығы Д.Мирзажонова мәлим етти.

 

Усыныснамаға талабанлар тәрепинен төмендеги ҳүжжетлер усынылыўы керек:

 

– Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министриниң атына арза;

– белгиленген критериялардан бирин тастыйықлайтуғын ҳүжжетлер (қосымшасы менен);

– мағлыўматнама-объективка;

– улыўма орта билимлендириў ямаса орта арнаўлы, кәсип-өнер билимлендириў мәкемесинен мағлыўматнама;

– паспорт ямаса туўылғаны ҳаққындағы гүўалықтың нусқалары.

 

Талабан ҳаял-қызлардың ҳүжжетлери толық көрип шығылғаннан соң, жумысшы топардың шешими тийкарында мәмлекетлик грант тийкарында оқыўға усыныс етилген ҳаял-қызлардың дизими – Жумысшы топардың жыйналыс протоколы тастыйықланады.

 

Оқыўға усыныс етилген ҳаял-қызлардың толық ҳүжжетлери (дизим, тийисли ҳүжжетлердиң нусқалары, Жумысшы топар баслығының жыйналыс протоколының түп нусқасы) Қарақалпақстан Республикасы Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министрлигине усы жылдың 8-июль сәнесине шекем жибериледи.

 

Қарақалпақстан Республикасы Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министрлиги тәрепинен усы ҳүжжетлер Ташкент қаласындағы министрликке усы жылдың 10-июль сәнесине шекем жибериледи.

 

2020-жыл 15-июльға шекем тийисли усыныснамалар ҳаял-қызларға бериледи.

 

2020-жыл 20-июльға шекем усыныснама берилген талабанлардың толық дизими Мәмлекетлик тест орайына усынылады.

 

Мағлыўмат орнында атап өтиў керек, Мәмлекетлик комиссияның 1-санлы протоколы тийкарында, 2020-2021-оқыў жылы ушын ҳаял-қызларға ажыратылған 4 процентлик қосымша мәмлекетлик гранты тийкарындағы қабыллаў көрсеткишлериниң аймақлар кесиминдеги бөлистирилиўи бойынша Қарақалпақстан Республикасы ушын улыўма 51 орын ажыратылған.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.