Өзбекстан Республикасы Президентиниң
қарары
Туризм тараўын жедел пәтлерде тиклеў ҳәм елимиздеги санитариялық-эпидемиологиялық жағдай турақласқаннан соң оны раўажландырыўдың жаңа бағдарларын қәлиплестириў мақсетинде, сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 28-майдағы «Коронавирус пандемиясының унамсыз тәсирин азайтыў ушын туризм тараўын қоллап-қуўатлаўға байланыслы кешиктирип болмайтуғын илажлар ҳаққында»ғы ПП-6002-санлы Пәрманына муўапық:
1 а) 2021-жыл 1-явнарьдан 2023-жыл 31-декабрьге шекем мийманханаға белгиленген тәртипте берилген категория сақланған жағдайда тийисли жыл жуўмағына бола жайластырыў қуралының категориясы ушын өндирилгеннен туристлик (мийманхана) жыйым суммасының 50 проценти жайластырыў қуралларына қайтарылатуғыны;
б) жайластырыў қураллары тәрепинен, соның ишинде, халықаралық бронластырыў майданларында муўапықлық белгисинен (жулдызлар) нызамсыз пайдаланған жағдай мийманхана хызметлерин көрсетиў ушын берилген сертификаттың әмел етилиўин нызам бузыўшылықтың белгиленген тәртипте сапластырылыўына шекем тоқтатып турыў ушын тийкар болып есапланатуғыны;
в) 2020-жыл 1-августтан баслап:
рейслер саны ҳәм жөнелислери бойынша шеклеўлерди бийкар етиўди, сондай-ақ, сырт ел авиакомпанияларына бесинши дәрежедеги «ҳаўа еркинлиги»н бериўди нәзерде тутатуғын «Ашық аспан» режими «Әндижан», «Бухара» ҳәм «Үргенш» халықаралық аэропортларында халықаралық ҳуқық нормаларына муўапық енгизилетуғыны;
сырт ел авикомпаниялары олардың тийисли ҳүжжетлерин тексериў нәтийжелерине бола Халықаралық пуқаралық авиациясы шөлкеминиң (ИКАО) ушыў қәўипсизлиги ҳәм авиация қәўипсизлиги бойынша стандартларына муўапық болыў шәрти менен ҳаўа қатнаўы ҳаққындағы ҳүкиметлераралық шәртнаманың бар болыўына қарамастан «Ашық аспан» режими енгизилген халықаралық аэропортларға үзликсиз қатнаўларды әмелге асыра алатуғыны;
мәмлекеттиң «Ашық аспан» режими енгизилген халықаралық аэропортларға қатнаўларды әмелге асырып атырған сырт ел авиакомпанияларына тариф ҳәм жыйымлар үш жыл даўамында Өзбекстан Республикасы резиденти болған авиакомпаниялар ушын белгиленген муғдарда қолланылатуғыны;
инвесторлардың жолаўшы тасыйтуғын жаңа аспа жолларын («Чорвоқ» еркин туристлик зонасы аймағында шөлкемлестирилип атырғанлардан тысқары) тийисли қәўипсизлик дәрежесин тәмийинлеген ҳалда қурыў ҳәм үскенелеў ушын бағдарланған қәрежетлериниң бир бөлеги оларды 2023-жыл 31-декабрьге шекем пайдаланыўға тапсырыў ҳәм узынлығы бир тәрепке кеминде 500 метр болыў шәрти менен ҳәр бир 500 метр жол ушын Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджеттен Туризмди раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети жанындағы бюджеттен тысқары Туризм тараўын қоллап-қуўатлаў қорына (кейинги орынларда – Бюджеттен тысқары қор) ажыратылатуғын қаржылар есабынан 1 миллиард сум муғдарында қапланатуғыны. Онда жолаўшы тасыўшы жаңа аспа жолларды қурыў ҳәм үскенелеў бойынша дәслепки 50 жойбарға бағдарланған инвесторлар қәрежетлериниң бир бөлеги қапланатуғыны;
туристлик зоналар ҳәм аўыллық жерлер аймағында тийисли стандартларға тийкарланып Өзбекстан Республикасы Туризмди раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети ҳәм Қурылыс министрлигиниң үлги жойбарлар бойынша жайластырыў қуралларын тез қурылатуғын конструкциялар (қараүйлер, контейнерлер, сендвич панельлер) менен қурыў ушын исбилерменлик субъектлери қәрежетлериниң бир бөлеги ондай типтеги жайластырыў қуралларының орынлары саны 50 мыңға жеткенге шекем ямаса 2023-жыл 31-декабрьге шекем Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджетинен ажыратылатуғын қаржылар есабынан ҳәр бир орын ушын 5 миллион сумға шекемги муғдарда қапланатуғыны;
2020-жыл 31-декабрьге шекем «Uzbekistan. Safe travel GUARANTEED» («Өзбекстан. Қәўипсиз саяхат КЕПИЛЛИКЛЕНГЕН») системасының қәўипсиз объектлери реестрине киргизилген туризм ҳәм уқсас инфраструктура объектлериниң имаратлар ҳәм қурылмаларында санитариялық-эпидемиологиялық хызмет шөлкемлери тәрепинен дезинфекция, дезинсекция, дератизация және жуқпалы кеселликлер пайда болыўының алдын алыў ҳәм дәрежесин азайтыўға қаратылған эпидемияға қарсы гүресиў профилактикалық илажларын әмелге асырыўға бағдарланған хожалық субъектлериниң қәрежетлери Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюдлжетинен ажыратылатуғын қаржылар есабынан қапланатуғыны;
қалалар ҳәм районлардың бас режелерин ислеп шығыў ҳәм тастыйықлаў процесинде туризм инфраструктурасын раўажландырыў бөлиминде Өзбекстан Республикасы Туризмди раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети менен мәжбүрий келисилетуғыны;
гид (гид-аўдармашы), экскурсия жетекшиси ҳәм инструктор- жол баслаўшылардың хызметлери өзин-өзи бәнт ететуғын шахслар қолланыўы мүмкин болған жумыс (хызметлер, мийнетлер) түрлериниң дизимине киргизилетуғыны;
г) 2020-жыл 1-июльден 2023-жыл 1-июльге шекем мәмлекетлик емес (жеке меншик) музейлер, көркем галереялар ҳәм өнерментшилик орайларының тийкарғы жумыс түри бойынша пайда салығы, мүлк ҳәм жер салықлары және айланыстан алынатуғын салық ставкалары белгиленген муғдарға салыстырғанда 50 процентке азайтылатуғыны белгиленсин.
2. Өзбекстан Республикасы Туризмди раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети, Денсаўлықты сақлаў министрлиги, Қаржы министрлиги және туризм тараўы субъектлериниң төмендеги усынысларына келисим берилсин:
туристлер ушын «Uzbekistan. Safe travel GUARANTEED» санитариялық-эпидемиологиялық қәўипсизлик системасын енгизиў;
Өзбекстан Республикасы резиденти болған туроператор тәрепинен «Uzbekistan. Safe travel GUARANTEED» системасының талапларына әмел еткен ҳалда, Өзбекстан Республикасы аймағында шөлкемлестирилген саяхат даўамында сырт ел туристлери коронавирус (COVID-19) инфекциясын жуқтырып алған жағдайда, оларға 3 мың АҚШ доллары муғдарында компенсация төлемлерин төлеп бериў механизмлерин енгизген ҳалда Қәўипсиз туризм қорын шөлкемлестириў.
3. Сондай тәртип орнатылсын, оған муўапық туроператорлар тәрепинен сырт ел туристлерине хызмет көрсетиў карантин дәўиринде тек ғана «Uzbekistan. Safe travel GUARANTEED» системасының қәўипсиз объектлери реестирине киргизилген туризм ҳәм уқсас инфраструктура объектлеринде шөлкемлестириледи.
Қәўипсиз туризм қоры Қаржы министрлиги жанындағы Кризиске қарсы гүресиў қорының 20 миллиард сум муғдарындағы дәслепки төлеми, сондай-ақ, «Uzbekistan. Safe travel GUARANTEED» системасы шеңберинде енгизилип атырған ықтыярлы сертификатластырыўдан өтиў ушын төленетуғын базалық есаплаў муғдарының еки есеси муғдарындағы төлем есабынан қәлиплестирилетуғыны;
сырт ел туристлерине хызмет көрсететуғын объектлерде «Uzbekistan. Safe travel GUARANTEED» системасы мәжбүрий тәртипте еннизилетуғыны;
сырт ел туристлерине хызмет көрсетиўде «Uzbekistan. Safe travel GUARANTEED» системасында белгиленген шәртлер менен талаплардың бузылыўында айыпкер болған шөлкемлердиң лаўазымлы шахслары нызам ҳүжжетлеринде белгиленген тәртипте жуўапкершиликке тартылатуғыны белгиленсин.
4. Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети еки ай мүддетте 2021-жыл 1-январьдан баслап сырт ел пуқаралары ушын виза режимин және де либералластырыў, сондай-ақ, Өзбекстан Республикасының жедел социаллық-экономикалық раўажланыўы ушын зәрүр болған салмақлы капитал, жоқары академиялық билимлер ямаса өзине тән көнликпелерге ийе шахсларды Өзбекстан Республикасында турақлы жасаўға тартыўды нәзерде тутауғын «Uzbekistan – my second home» («Өзбекстан-мениң екинши үйим») иммиграция бағдарламасын енгизиў бойынша усынысларды киргизсин.
5. а) Өзбекстан Республикасы Туризмди раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети Өзбекстан Республикасының «Арнаўлы экономикалық зоналары ҳаққында»ғы Нызамына муўапық дүзилетуғын туристлик-рекрационаллық зоналарды (кейинги орынларда – туристлик зоналар) раўажландырыў және олардың жумысын шөлкемлестириў тараўындағы ўәкилликли мәмлекетлик уйым болып есапланатуғыны ҳәм төмендеги қосымша ўазыйпаларды әмелге асыратуғыны:
туристлик зонларадың нәтийжели басқарылыўын шөлкемлестириў;
туристлик зоналар аймағында туризм инфраструктурасының объектлерин қурыў ҳәм олардың нәтийжели жумыс ислеўи ушын зәрүр инвестициялық шараятларды жаратыў;
туристлердиң мақсетли категориялары арасында туристлик зоналардың потенциалын үгит-нәсиятлаў бойынша маркетинг жумысларын алып барыў;
б) Өзбекстан Республикасының Бас министри туристлик зоналар ҳәкимшилик кеңесине басшылық ететуғыны;
в) Министрлер Кабинети тәрепинен тастыйықланатуғын дизимге муўапық туризм тараўындағы мәмлекетлик активлерди сатыўдан түскен қаржылардың Өзбекстан Республикасының республикалық бюджетине бөлистирилетуғын бөлими Бюджеттен тысқары қорға туризм инфраструктурасын шөлкемлестириў ҳәм раўажландырыў, елимиздиң туризм потенциалын үгит-нәсиятлаў ушын бағдарланатуғыны;
г) туристлик зоналар аймағында жайласқан ҳәм мәмлекетке тийисли болған мүлкли комплекслер және жер участкаларын сатыўдан түсетуғын қаржылар төмендеги тәртипте бөлистирилетуғыны;
75 проценти – тийисли туристлик зоналардың дирекциялары есабынан;
25 проценти – Бюджеттен тысқары қордың есабынан;
д) туризм тараўындағы «стартап» жойбарлар ҳәм инновациялық бизнес идеяларын инкубация ямаса акселерация бағдарламаларына қабыллаў ушын талабанларды таңлаў бойынша Мәсләҳәт кеңесиниң қурамына Өзбекстан Республикасы Туризмди раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитетиниң ўәкиллери киргизилетуғыны белгиленсин.
6. «Чорвоқ» еркин туристлик зонасы ҳәкимшилик кеңесиниң қурамы 1-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети бир ҳәпте мүддетте короновирус пандемиясы ҳәм глобал кризисли жағдайлардың елимиздиң туризм тараўына унамсыз тәсирин азайтыў бойынша илажлар режесин тастыйықласын.
7. Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги:
2020-жылғы коронавирус пандемиясы ҳәм глобал кризисли жағдайлардың елимиздеги туризм тараўына унамсыз тәсирин азайтыў және елимиздиң туризм потенциалын үгит-нәсиятлаў бойынша илажларды әмелге асырыў ушын Қаржы министрлиги жанындағы Кризиске қарсы гүрсиў қорынан Бюджеттен тысқары қорға кеминде 10 миллиард сум қаржы ажыратсын;
2020-жыл 1-июльге шекем «Жипек жолы» туризм халықаралық университетиниң профессор-оқытыўшылар, басқарыў, өндирис, хызмет көрсетиўши ҳәм техникалық хызметкерлерин материаллық хошаметлеў мақсетинде 2020-жылдың екинши ярым жыллығы ушын университеттиң ярым жыллық мийнет ҳақы қоры муғдарындағы қаржыларды Бюджеттен тысқары қорға өткерип берсин;
2021-жылдан баслап ҳәр жылы Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджетиниң параметрлеринде бюджеттен тысқары қорға елимиздиң туризм потенциалын үгит-нәсиятлаўды қаржыландырыў ушын Туризмди раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитетиниң тийкарланған талапнамасына муўапық қаржы ажыратылыўын тәмийинлесин;
2020-жыл 1-октябрьге шекем Туризмди раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети менен биргеликте туризм тараўы субъектлери хызметлериниң өзине түсер баҳасын азайтыў мақсетинде оларға қосымша салық жеңилликлерин ҳәм преференциялар бериў, сондай-ақ, субсидиялар ажыратыў бойынша Министрлер Кабинетине усыныс киргизсин.
8. Өзбекстан Республикасы Туризмди раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитетине төмендеги қосымша ўазыйпалар жүкленсин:
қорғалатуғын тәбийғый аймақлардан тысқары туризм инфраструктурасы объектлерин жайластырыў ушын ажыратылған потенциаллы тоғай қоры аймақларын режелестириў ҳәм жойбарластырыў;
суў сақлағышлар ҳәм тоғай хожалықларында туризмниң түрлерин раўажландырыў бойынша қабыл етилген Ҳүкимет қарарларының орынланыўын мониторинг етиў;
республика кинолокацияларын, соның ишинде, жәмийетлик шөлкемлер ҳәм исбилерменлик субъектлерди тартқан ҳалда сырт елде үгит-нәсиятлаў.
9. Ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлериниң структурасында төмендеги лаўазымлар енгизилсин:
Өзбекстан Республикасы Туризмди раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитетиниң тийисли аймақлық бөлимлериндеги биреўден штат бирлигин қысқартыў есабынан Әндижан, Жиззақ, Қашқадәрья, Наманган, Наўайы, Сырдәрья, Сурхандәрья, Ферғана ўәлаятлары ҳәм Ташкент қаласы ҳәкиминиң туризм ҳәм спортты раўажландырыў мәселелери бойынша кеңесгөйи лаўазымы;
Ташкент, Самарқанд, Бухара ҳәм Хорезм ўәлаятларында ҳәкимниң туризмди раўажландырыў мәселелери бойынша орынбасары лаўазымы орнына тийислисинше туризм ҳәм спортты раўажландырыў мәселелери бойынша ҳәким орынбасары лаўазымы.
Усы бәнттиң екинши ҳәм үшинши абзацларында көрсетилген лаўазымларға талабанлар Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары – Туризмди раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети баслығының усынысына тийкарланып белгиленген тәртипте тайынланатуғыны ҳәм лаўазымынан азат етилетуғыны белгиленсин.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесине Өзбекстан Республикасы Туризмди раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети аймақлық бөлиминиң бир штат бирлигин қысқартыў есабынан Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси баслығының туризм ҳәм спортты раўажландырыў мәселелери бойынша кеңесгөйи лаўазымын енгизиў усыныс етилсин.
10. Өзбекстан Республикасы Туризмди раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети, Транспорт министрлиги, Мәденият министрлиги, «Uzbekistan Airports» АЖ ҳәм «Uzbekistan Airways» Ажның «Әндижан» халықаралық аэропортына «Заҳриддин Муҳаммед Бабур» атын бериў ҳаққындағы усынысына келисим берилсин.
Өзбекстан Республикасы Туризмди раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети Транспорт министрлиги ҳәм «Uzbekistan Airports» АЖ менен биргеликте еки ай мүддетте мәмлекеттиң аймақлық халықаралық аэропортларына ең жақсы атамаларды анықлаў бойынша ғалабалық таңлаўды жәрияласын ҳәм оның нәтийжелери бойынша Министрлер Кабинетине усыныс киргизсин.
11. Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети Өзбекстан Республикасының резиденти болған авиакомпаниялардың мүрәжатларына бола оларға пәрўазлар қәўипсизлигин тәмийинлеў бойынша илажларға әмел еткен ҳалда, Өзбекстан Республикасы ҳүкиметиниң ҳаўа қатнаўы ҳаққындағы ҳүкиметлераралық келисимлерине муўапық тайынланған (соның ишинде, қосымша тәризде тайынланған) авиакомпания статусын белгиленген тәртипте берсин.
12. Өзбекстан Республикасы Туризмди раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети, Мәмлекетлик салық комитети, Мәмлекетлик қәўипсизлик хызметиниң Шегара әскерлери, Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң 2021-жыл 1-январьдан баслап төмендегилерди нәзерде тутатуғын бирден-бир системаны жаратыў ҳәм енгизиў ҳаққындағы усынысына келисим берилсин:
Мәмлекетлик салық комитетиниң мағлыўматлар базасын туристлик жыйым есабын жүргизиўдиң бирден-бир системасы (кейинги орынларда – Бирден-бир система) менен интеграциялаў;
Мәмлекетлик салық комитети тәрепинен, соның ишинде, бронластырыў системасының программалық өнимлерин таллаў арқалы жайластырыў қуралларының бәнтлигин үйрениў ҳәм туристлик жыйымлардың толық түсими үстинен камераллық қадағалаўды әмелге асырыў;
туристлик жыйым төлемин қабыллаў ушын Туризмди раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети тәрепинен муўапықластырылатуғын мәлимлеме орайларында Бирден-бир системаның жумыс жүргизиўи;
Бирден-бир системаны жергиликли мобиль төлем бағдарламалары ҳәм халықаралық төлем системалары менен интеграциялаў;
Мәмлекетлик қәўипсизлик хызметиниң Шегара әскерлери мағлыўматлар базасын мағлыўматларды узатыў режиминде Бирден-бир система менен интеграциялаў;
Бирден-бир системадан пайдаланған ҳалда, туристлик жыйым төлеминиң төленгенин тексериў арқалы сырт ел пуқаралары ҳәм пуқаралығы болмаған шахслардың мәмлекет аймағында болыўы ҳәм оннан өз ўақтында шығып кетиўин қадағалаў механизмин жолға қойыў;
стационар емлеў хызметлерин көрсетиўши емлеў мәкемелерин Бирден-бир системаға жалғаў бойынша қосымша лицензия талапларын белгилеў.
Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Мәмлекетлик персоналластырыў орайы Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги, Туризмди раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети ҳәм Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети менен биргеликте еки ай мүддетте Бирден-бир системаны жаратыўдың техникалық тапсырмасын ислеп шықсын.
Бирден-бир система жойбары мәмлекетлик уйымлардың мәлимлеме системаларына хызмет көрсетиўши компанияларды тартқан ҳалда, Бюджеттен тысқары қордың қаржылары есабынан ислеп шығылатуғыны белгиленсин.
13. Бухара, Наўайы ҳәм Сурхандәрья ўәлаятларында дизимге алынған туроператорларға, бурынғысынан басқаша тәризде, усы аймақларда хызмет көрсетиў ушын двигательдиң көлеми 2,4 литрден аз болмаған жоқары өтиў қәбилетине ийе транспорт қураллары импорт етилип атырғанда бажыхана бажын әмелдеги ставканың 50 проценти муғдарында, қалған бөлегин алып кирилген сәнеден баслап 3 жыл даўамында төлеўге рухсат етилсин.
Бунда усы транспорт қуралларына мәмлекеттиң дизимге алыў сан белгилериниң өз алдына сериялары берилетуғыны ҳәм олардан тийислисинше тек ғана Бухара, Наўайы ҳәм Сурхандәрья ўәлаятларының аймағында пайдаланыўға рухсат етилетуғыны белгиленсин.
14. Өзбекстан Республикасы Туризмди раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети, Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги, Транспорт министрлиги, Энергетика министрлиги, Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги, Турақ-жай ҳәм коммунал хызметин көрсетиў министрлиги үш ай мүддетте төмендегилерди ислеп шықсын ҳәм Министрлер Кабинетине киргизсин:
а) Жиззақ ўәлаятының ҳәкимлиги менен биргеликте Айдар-Арнасай көллер системасы аймағында туристлик зонаны жаратыў ҳәм раўажландырыў бойынша төмендегилерди нәзерде тутатуғын илажлар режесин:
жаңа «Дем алыў жағалығы» («Leisure Coast») туристлик зонасында суўда дем алыў түрлери ҳәм пляж туризмин раўажландырыў;
Айдар-Арнасай көллер системасына жолаўшыларды тасыў ушын темир жолларды қурыў баҳасының дәслепки есап-санақларын жүргизиў ҳәм инженерлик коммуникация тармақларын раўажландырыў, турақлы автобус қатнаўларын жолға қойыў;
исбилерменлик субъектлерин тартқан ҳалда туризм ҳәм оған жақын инфраструктураны раўажландырыў;
б) Наўайы ҳәм Бухара ўәлаятларының ҳәкимликлери менен биргеликте Тўдакўл көли аймағында туристлик зонаны шөлкемлестириў ҳәм раўажландырыў бойынша суўда дем алыў түрлери ҳәм пляж туризмин раўажландырыў, темир жол станцияларын қурыў мақсетке муўапықлығын үйрениў, инженерлик-коммуникация тармақларын раўажландырыў, көлге жолаўшыларды тасыў ушын турақлы автобус қатнаўларын жолға қойыў, исбилерменлик субъектлерин тартқан ҳалда туризм ҳәм оған жақын инфраструктураны раўажландырыўды нәзерде тутатуғын илажлар режесин;
в) Жиззақ ўәлаяты ҳәкимлиги менен биргеликте жергиликли ҳәм сырт елли инвесторларды тартқан ҳалда Замин районында улыўма мәўсимлик, қысқы ҳәм жазғы дем алыў орынларын шөлкемлестириў бойынша илажлар режесин.
15. Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги, Денетәрбия ҳәм спорт министрлиги, Мәденият министрлиги, Туризмди раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети, Қаржы министрлигиниң төмендеги жойбарларды әмелге асырыў ҳаққындағы усынысларына келисим берилсин:
пуқаралардың жақсы дем алыўын шөлкемлестириў (қалада жүриў, терренкур, треккинг ҳәм хайкинг), кеселлениў дәрежесин, соның ишинде, жүрек кеселликлериниң азайыўын нәзерде тутатуғын «Пияда туристлик маршрут»;
сырт мәмлекетлердиң пуқараларына көрсетилетуғын медициналық хызметлерди системаластырыў ҳәм түрлерин кеңейтиўди нәзерде тутатуғын «Uzbekistan – hope and healing land» («Өзбекстан – үмитли ҳәм шыпалы үлке») медициналық туризм бағдарламасын раўажландырыў;
республиканың мәдений мийрас объектлери аймақларында белгиленбеген орынларда шығынды таслағаны ушын жәриймаларды арттырыў, электр тәмийнатына «жасыл» технологияларды енгизиў, шығындыны утилизациялаў, суў ресурсларынан үнемли пайдаланыўды нәзерде тутатуғын «Clean&Eco».
16. Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бажыхана комитети Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети Шегара әскерлери менен биргеликте 2021-жыл 1-январьдан баслап «Ғишткўпир» (Ташкент ўәлаяты) ҳәм «Хайратон» (Сурхандәрья ўәлаяты) халықаралық қадағалаў-өткериў пунктлеринде бар инфраструктура шеңберинде шегарадан тез өтиў механизмлери – «Fast track» хызметин төмендегилердиң шөлкемлестирилиўин нәзерде тутқан ҳалда енгизсин:
автотранспорт қуралларында Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик шегарасын кесип өтип атырған физикалық тәреплердиң гезексиз паспорт ҳәм бажыхана қадағалаўы процесслерин тезлестириген тәртипте әмелге асырыў ушын бөлек коридор;
физикалық тәреплердиң дем алыўы ушын шараятлар, соның ишинде, аналар ҳәм балалар бөлмелери, аўқатланыў орынлары ҳәм коммерциялық банклердиң филлиалларын шөлкемлестириў ҳәм валюта алмастырыў ушын банкоматлар орнатқан ҳалда «V8P» заллар.
Онда төмендегилер нәзерде тутылсын:
а) «VIP» залларды қурыў менен байланыслы қәрежетлер Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бажыхана комитетиниң Материаллық жәрдем, социаллық қорғаў, бажыхана уйымларын раўажландырыў ҳәм нәзерде тутылмаған қәрежетлер арнаўлы қор есабынан қапланады;
б) «Fast track» хызмети төлемли тийкарда, соның ишинде, шегараны кесип өтиўден алдын 90 күн ишинде алдыннан төлеў ямаса мобиль қосымшалар арқалы төлеў имканиятын жаратқан ҳалда әмелге асырылады;
в) хызметлер көрсетиўден түскен қаржылар төмендеги тәртипте бөлистириледи:
80 проценти – Мәмлекетлик бажыхана комитетиниң Материаллық жәрдем, социаллық қорғаў, бажыхана уйымларын раўажландырыў ҳәм нәзерде тутылмаған қәрежетлер арнаўлы қоры есабынан;
20 проценти – Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети Шегара әскерлериниң есабынан.
Өзбекстан Республикасының басқа халықаралық қадағалаў-өткериў пунктлеринде «Fast track» хызметин енгизиў, олардың өткериў ағымын есапқа алған ҳалда Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети тәрепинен тастыйықланатуғын график тийкарында әмелге асырылады.
17. Өзбекстан Республикасы Туризмди раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети, Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў бойынша мәмлекетлик комитетиниң мәмлекеттеги туристлик зоналарға автотранспорт қураллары (жәмийетлик ҳәм арнаўлы транспортлар, сондай-ақ, туристлик зоналар аймағында жасайтуғын халықтың автотранспорт қуралларынан тысқары) менен кириў ушын жыйым өндириў механизмин енгизиў бойынша усынысларына келисим берилсин.
18. Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети:
а) еки ҳәпте мүддетте төмендегилерди нәзерде тутатуғын тәртипти тастыйықласын:
сырт елли асхана ямаса айрықша бағдар бойынша қәнигелестирилген тематикалық аўқатланыў орынларын, аўқат ҳәм азық-аўқат өнимлерин жеткерип бериў, сондай-ақ, сувенир өнимлерин жеткерип бериў бойынша хызметлерди шөлкемлестириў бойынша жойбар интакерлерине грантлар ажыратыў;
жаңа туризм өнимлерин ҳәм бағдарларын ислеп шығыў ҳәм үгит-нәсиятлаў ушын гид ҳәм туроператорларға грантлар ажыратыў;
туризм тараўы субъектлериниң процент қәрежетлерин субсидиялаў;
жайластырыў бойынша хызметлер (мийманхана хызметлери) баҳасының 10 проценти муғдарында жайластырыў қуралларын субсидиялаў;
туроператорлар ҳәм турагентлерге Өзбекстан Республикасына алып келинген ҳәм хызмет көрсетилген ҳәр бир сырт ел турист ушын хошаметлеўши субсидиялар ажыратыў;
ҳаўа ҳәм темир жол билетлери ушын туроператорлардың қәрежетлериниң айырым бөлегин субсидиялаў;
мийманханалардың категория алыў ҳәм оны күшейтиў ушын реновация, реконструкция ҳәм материаллық-техникалық базаны беккемлеў бойынша қәрежетлерин қаплаў;
туризм мақсетинде жолаўшы тасыйтуғын жаңа аспа жолларды қурыў ҳәм үскенелеў ушын инвесторлардың қәрежетлерин қаплаўға қаржы ажыратыў;
Өзбекстан Республикасы аймағында сапар даўамында сырт ел туристлери коронавирус (COVID-19) инфекциясын жуқтырып алған жағдайда, оларға компенсация төлемлерин төлеп бериў;
«Uzbekistan. Safe travel GUARANTEED» системасы шеңберинде ықтыярлы түрде сертификатлаў, сондай-ақ, сертификатлаў ушын төлемлерди әмелге асырыў;
«Uzbekistan. Safe travel GUARANTEED» системасының қәўипсиз объектлери реестирин жүргизиў;
б) бир ай мүддетте туризм аймақларына транспорт қураллары менен кириў ушын жыйым өндириў тәртиби ҳаққындағы режени жыйымды өндириўдиң анық механизмлери ҳәм муғдарларын, сондай-ақ, жыйымды тийисли туристлик зона Дирекциясына бағдарлаўды нәзерде тутқан ҳалда ислеп шықсын ҳәм тастыйықласын;
в) еки ай мүддетте Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясына төмендеги усынысларды киргизсин:
аңға шығыў ҳуқықына байланыслы рухсатнама бериў ушын мәмлекетлик бажы муғдарын арттырыў;
аң қуралын ҳәм спортқа мөлшерленген оқатар қуралды және оның оқ-дәрилерин, сондай-ақ, ушы өткир қуралды (пышақлардың миллий түрлеринен тысқары) ислеп шығарыў, оңлаў ҳәм реализациялаў ушын төленетуғын жыйым муғдарын арттырыў.
19. Өзбекстан Республикасы Туризмди раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети:
коронавирус пандемиясының туризм тараўына унамсыз тәсирин азайтыў бойынша қабыл етилген нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлердиң орынланыўын инабатқа алған ҳалда ҳәм қәўипсиз туризмди шөлкемлестириўге айрықша итибар қаратып, Туризмди раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитетиниң орайлық аппараты ҳәм аймақлық бөлимлери структурасына улыўма белгиленген штатлардың саны шеңберине өзгерислер киргизсин;
келешекте кризис жағдайларын прогнозлаў ҳәм пайда болыўы мүмкин болған жағдайдың раўажланыў сценарийлерин ислеп шығыў ушын, сондай-ақ, олардың мәмлекетлик туризм тараўына унамсыз тәсирин азайтыў бойынша алдын алыў илажларын әмелге асырыў мақсетинде ҳәр айда пайда болған пандемия менен байланыслы жағдайды комплексли талласын;
мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте еки ай мүддетте нызам ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
20. Өзбекстан Республикасы Президентиниң айырым қарарларына 2-қосымшаға муўапық өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилсин.
21. Министрликлер ҳәм уйымлар еки ай мүддетте өзлери қабыл еткен нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлерди усы қарарға муўапықластырсын.
22. Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Администрациясы басшысы З.Ш.Низомиддиновқа жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2020-жыл 19-июнь