Коронавирус пандемиясы себепли мәмлекетимизде енгизилген шеклеўлер барлық тараўлар сыяқлы билимлендириў, атап айтқанда, абитуриентлердиң оқыўға кириў ушын таярлық процесслерине де өз тәсирин өткерди.

Сонлықтан, 2020/2021 оқыў жылында жоқары билимлендириў мәкемелерине қабыллаў процесслерин санитариялық-гигиеналық қағыйдаларға толық әмел еткен ҳалда өткериў белгиленди.

Миллий баспасөз орайында Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Мәмлекетлик тест орайы тәрепинен брифинг өткерилди.

– 2020/2021 оқыў жылында барлық жоқары билимлендириў мәкемелериниң бакалавриат тәлим бағдарларына кириў тест сынақлары 1-августтан басланыўы белгиленди, – деди Мәмлекетлик тест орайының бөлим баслығы Ф.Мирзаев. – Онда карантин шеклеўлериниң 1-августқа шекем созылғанлығы есапқа алынды. Бирақ умытпаў керек, егер карантин шеклеўлери созылса, мүддет өзгериўи мүмкин. Тест сынақлары 64 имаратта өткериледи. Имаратларды таярлаў жумыслары тамамланбақта. Инфекция пүткиллей сапластырылғанлығына кепиллик болмаған шараятта мыңлаған абитуриенттиң бир имаратта тығылыс жағдайда отырыўына жол қойып болмайды. Соның ушын да быйылғы оқыў жылында тест сынақлары өткерилетуғын имаратларда көби менен 750 орын таярланады, ҳәр бир абитуриент ушын кеминде 3 квадрат метр орын ажыратылады. Санитариялық-гигиеналық талапларға бола, оларда нықап, қолғап болыўы тәмийинленеди. Абитуриенттиң дене температурасы өлшенип, дезинфекция «туннели»нен өтип, аймақ ямаса имаратқа киргизиледи. Имаратлар кеминде 4 мәрте дезинфекция етиледи. Булардың барлығы тест тапсыратуғынлар, топар бақлаўшылары ҳәм процесске тартылған басқа да шахслардың саламатлығын қорғаў мақсетинде әмелге асырылады.

Атап  өтилиўинше, тест сынақларына 5 мың 300 топар бақлаўшысы тартылыўы режелестирилген. Бүгинги күн ҳалатына 5 мың 403 топар бақлаўшылығына талабан дизими қәлиплестирилип, Мәмлекетлик тест орайының «STAFF» мәкемелериниң профессор-оқытыўшылары, 3 мың 447си улыўма орта билим бериў мәкемелериниң басшы ҳәм педагог хызметкерлери болып есапланады. Усы жыл 2-5-июнь күнлери топар бақлаўшылығына талабанлар ушын аралықтан оқыў-семинар сабақларының 1-басқышы жуўмақланды.

Абитуриентлерди дизимнен өткериў өткен жылы Мәмлекетлик хызметлер орайлары, Бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталы, Жоқары билимлендириў мәкемелериниң қабыллаў комиссиялары тәрепинен әмелге асырылған еди. Усы жылы олардың қатарында мәмлекетлик тест орайының рәсмий веб-сайты арқалы ҳәм онлайн режимде әмелге асырылады. Сондай-ақ, онлайн дизимнен өтиў даўамында билимлендириў мәкемелерин алдынғы жылларда питкерген абитуриентлер электрон төлем арқалы  төлемди әмелге асырыў имканияты да жаратылатуғынын атап өтиў керек.

Бүгинги жағдайды есапқа алып, 2020/2021 оқыў жылы ушын бурынғыдан басқаша тәризде бакалавриат тәлим бағдарларына кириў тест сынағы тапсырылатуғын пәнлер қысқарды. Усы жыл өткерилиўи алдыннан белгиленген 3 мәжбүрий пән – ана тили (өзбек, рус, қарақалпақ тиллери), математика, Өзбекстан тарийхы пәнлеринен тест сынағы өткерилмейди. Тек таңланған тәлим бағдарына сәйкес 2 қәнигелик пәнлеринен тест болыўы белгиленди.

Қәнигелик пәнлердиң дизими 2019-жыл декабрь айында белгиленген тәртипте тастыйықланып, кең жәмийетшиликке Мәмлекетлик тест орайының dtm.uz рәсмий сайтында жәрияланған еди. Кейинги оқыў жылынан баслап, барлық процесс белгиленген тәртип қағыйдалар тийкарында болып өтеди.

Тест сынағы тапсырылыўы нәзерде тутылып атырған еки қәнигелик пәниниң ҳәр биринде 30дан, улыўма 60 тест тапсырмасы  бериледи. Биринши пәннен дурыс, деп табылған ҳәр бир тест тапсырмасына 3,2 баллдан, екинши пәннен дурыс, деп табылған ҳәр бир тест тапсырмасына болса 3,1 баллдан бериледи. Абитуриенлердиң улыўма  топлаўы мүмкин болған ең жоқары көрсеткиш 189 баллды қурайды.

Бизге белгили, 2019-жылы қабыллаў тест сынақларында география, тарийх пәнлеринде жазыўсыз карта, кесте, сүўретли тест сораўлары қолланылған еди. Абитуринтлердиң тест тапсырмаларын тез түсинип алыўы, пикирлеўи ҳәм ўақытты үнемлеўи ушын усы жылы да тарийх, география, инлис, немис, француз тиллери, химия, биология ҳәм физика пәнлеринен жазыўсыз карта,  кесте, сүўретли  тест тапсырмаларының саны көбейтилмекте.

Сондай-ақ, ана тили (өзбек, рус, қарақалпақ тиллери) ҳәм әдебият пәнинен еркин оқыў ушын усыныс етилген көркем шығармалардан тест тапсырмаларының саны және де артады.

Абитуринетлердиң логикалық пикирлеўин раўажландырыў мақсетинде текстли тестлер, яғный текст үстинде ислесиў менен байланыслы болған тест тапсырмаларының саны артпақта.

Текстли тест тапсырмаларында текст қурамындағы сөзлердиң дурыс қолланылғанлығын ҳәм сөзлердиң дурыс қәлиплестирилгенлигин анықлаў, тексттеги сөзлердиң мәнислерин табыў ҳәм тексттиң тийкарғы мазмунын түсиниў талап етиледи. Химия пәнинен теориялық тест тапсырмаларының саны артады ҳәм лабораториялық жумысларға байланыслы тест тапсырмалары дүзилмекте. Физика пәнинен де теориялық тест тапсырмаларының саны көбейген ҳалда биринши қыйынлық дәрежесиндеги тест тапсырмаларының саны 6 дан  10 ға шекем көбейтиледи.

Сондай-ақ, абитуриентлерге қолайлылық  жаратыў мақсетинде «Турақлы физикалық үлкенликлер кестеси» ислеп шығылды ҳәм ол «Химиялық эелементлердиң дәўирлик системасы» сыяқлы тест сынағын тапсырыў процесинде абитуриентлерге усынылады.

 

Хуршид ҚОДИРОВ,

ӨзАның хабаршысы