Таңлаўға мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер, ғалаба хабар қураллары ҳәм пуқаралық жәмийетиниң басқа да институтларының төмендеги мақсетлерди нәзерде тутқан социаллық әҳмийетке ийе жойбарлары қабыл етиледи:
- Инсан ҳуқықлары ҳәм еркинликлерине әмел етиў жағдайын үйрениў, таллаў ҳәм улыўмаластырыў, инсан ҳуқықларын қорғаў тараўында мәмлекетлик уйымлар менен социаллық шерикликти жолға қойыў.
- Конституция ҳәм нызам үстинлигин тәмийинлеў, оларды пуқта билиў, орынланыўын дурыс шөлкемлестириў ҳәм жәмийет ағзаларының қатаң әмел етиўин тәмийинлеўге жәрдемлесиў.
- «Әдиллик – нызам үстинлигинде» принципин жәмийетлик турмысқа кеңнен енгизиўге жәрдемлесиў, жәмийетте инсан ҳуқықлары ҳәм еркинликлерин ҳүрмет етиў мәдениятын қәлиплестириў арқалы мәмлекеттиң халықаралық абырайын буннан былай да арттырыў.
- Халық пенен ашықтан-ашық сөйлесиўди жолға қойыўдың жаңа нәтийжели механизмлерин ҳәм усылларын енгизиў, нызам бузылыўының унамсыз ақыбетлерине қарсы гүресиў, нызам үстинлигин тәмийинлеўде күшли жәмийетлик қадағалаўды қәлиплестириў.
- Қала ҳәм аўылларымыздың келбетин өзгертиў, қурылыс ҳәм абаданшылыққа байланыслы қарарларды жергиликли дәрежеде додалаўды ҳәм жәмийетлик экспертизадан өткериўди жолға қойыў.
- Ҳуқық қорғаў ҳәм қадағалаў уйымлары, қаржы, банк, билимлендириў, денсаўлықты сақлаў, коммунал хожалығы, энергетика ҳәм транспорт тараўларындағы жәмийетлик кеңеслердиң жумысын күшейтиў.
- Ашық-айдынлық ҳәм жәриялылық принциплерин күшейтиў, сөз еркинлиги, мәлимлеме алыў ҳәм тарқатыўға байланыслы конституциялық норманың орынланыўын әмелде толық тәмийинлеў.
- «Ҳуқықты аңлаў жуўапкершилик сезимин раўажландырады» деген ҳикмет тийкарында жәмийетте пуқараларымыздың ҳуқықый билимин, санасы ҳәм мәдениятын, ҳуқықый саўатлылығын, жуўапкершилиги ҳәм миннетлемесине жәмийетшиликтиң тәсирин арттырыў.
- Жәмийетте инсан ҳуқықлары менен еркинликлерин ҳүрмет етиў мәдениятын қәлиплестириўде социаллық шерикликти күшейтиў.
- Жас өспиримлер ҳәм жаслар арасындағы ҳуқықбузарлықлардың жүз бериўиниң себеп ҳәм шараятларын өз ўақтында сапластырыўға жәрдемлесиў.
- Мәмлекетлик уйымлардың ғалаба хабар қураллары, Интернет, социаллық тармақлар, блогерлер менен жақын социаллық бирге ислесиўин жолға қойыў.
- ҒХҚларда, интернет тармақларында әдиллик салтанаты, нызамлы ҳуқықларының тиклениўи ҳаққында қызықлы көрсетиўлер, сериаллар, көркем фильмлер, театр шығармаларын жаратыў.
- ҒХҚларда, социаллық тармақларда инсан ҳуқықлары менен еркинликлерине әмел етиўин тәмийинлеў, ҳәр бир шахстың қәдирин ҳүрметлеў ҳаққындағы бүгинги күн қаҳарманларының образларын жаратыў.
Мәмлекетлик грант ажыратыў ушын төмендеги ҳүжжетлер усынылады:
- Шөлкемниң басшысы тәрепинен қол қойылған ҳәм мөр менен тастыйықланған жоллама хаты.
- www.fundngo.uz веб-сайтында жайластырылған формада толтырылған мәмлекетлик грант жойбары ушын арза.
- Ақырғы өзгерислер ҳәм қосымшалар менен мәмлекетлик дизимнен өткен МКШлар ҳәм пуқаралық жәмийетиниң басқа да институтларының Уставы (Режеси)ның нусқасы.
- Шөлкемниң мәмлекетлик дизимнен өткени ҳаққындағы гүўалықтың нусқасы.
- Егер жойбарды әмелге асырыў лицензияланатуғын жумысты талап етсе, онда лицензияның нусқасы.
- Мәпдар мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик шөлкемлердиң усыныс ҳәм қоллап-қуўатлаў хатлары.
Бир жойбар ушын ажыратылатуғын гранттың муғдары – 40 миллион сумға шекем.
Ҳүжжетлер 2020-жыл 22-июньнен 25-июльге шекем қабыл етиледи.
Ҳүжжетлер Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси жанындағы МКШларды ҳәм пуқаралық жәмийетиниң басқа да институтларын қоллап-қуўатлаў жәмийетлик фондының атына «Өзбекстан почтасы» арқалы жиберилетуғын мөрленген конвертлерде (А4 форматта) төмендеги мәнзил бойынша қабыл етиледи: 100035, Ташкент қаласы, Бунёдкор көшеси, 1-жай.
Ҳүжжетлерди усыныў шәртлери ҳәм үлгилери менен Олий Мажлис жанындағы жәмийетлик фондтың www.fundngo.uz рәсмий веб-сайтында танысыў мүмкин.
Мағлыўмат ушын телефонлар: (0-371) 239-26-76, 239-26-86.
ӨзА