Мен музқаймақ ҳәм газли суў сатыў менен шуғылланаман. Бирақ, айрықша стационар орным жоқ. Карантин ўақтында саўда ислесем бола ма?

 

Сораўға Санитариялық-эпидемиологиялық қадағалаў мәмлекетлик инспекциясының бас инспекторы Нурмат Отабеков төмендегише жуўап берди:

 

– Карантин шеклеўлери толық сапластырылмағанша бул өнимлердиң саўдасына рухсат берилмейди. Ҳәттеки карантин илажлары жуўмақланғаннан соң да тек ғана рухсат етилген стационар орынларда усы сыяқлы өнимлер менен саўда ислеўге болады.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.