Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 12-июнь күни пайтахтымыздың Алмазар районында әмелге асырылып атырған қурылыс жумыслары ҳәм ири жойбарлар менен танысты.

Президентимиз дәслеп Өзбекстан Илимлер академиясының Математика институтына барды.

Мәмлекетимиз басшысы Олий Мажлиске усы жылдың январь айындағы Мүрәжатында ҳәр жылы илимниң бир неше тийкарғы бағдары раўажландырылыўын айтқан еди. Усы жылы математика пәни мине усылардан бири сыпатында белгиленди.

Бул халқымызды да, илимий жәмийетшиликти де жүдә қуўандырды. Себеби математика елимизде терең тарийхый тийкарға ийе ҳәм бүгинги күнде раўажланыў ушын оғада әҳмийетли.

Елимизде бул бағдарды раўажландырыўда Илимлер академиясының Математика институты үлкен орын ийелейди. 1943-жылы шөлкемлестирилген бул дәргай өткен дәўирде математикалық изертлеўлердиң ири орайларынан бирине айланған. Бул жерде қәлиплескен алгебра ҳәм функционал анализ, дифференциал теңлемелер, болжаўлар теориясы ҳәм математикалық статистика бойынша илимий мектеплер дүнья илимпазлары тәрепинен тән алынған.

2019-жылы усы пәнди раўажландырыў бойынша әҳмийетли қәдем тасланған еди. 9-июльде Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Математика билимлендириўи ҳәм илимлерин буннан былай да раўажландырыўды мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў, сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Илимлер академиясы В.И.Рамановский атындағы математика институты жумысын түп-тийкарынан жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы қарары қабыл етилди. Усы қарар тийкарында Математика институтына бир қатар жеңилликлер берилди, атап айтқанда, заманагөй имарат пенен тәмийинлеў белгиленди. Себеби институт усы ўақытқа шекем ески, оңлаўға мүтәж имаратта жумыс алып барған еди.

Математиклерге заманагөй шараятлар жаратыў мақсетинде Алмазар районындағы Студентлер қалашасында жаңа имарат қурылып, пайдаланыўға тапсырылды.

Президентимиз бул жерде жаратылған қолайлықлар менен танысты. Жаңа имаратта  7 илимий лаборатория ҳәм «Жас математиклер» орайы жумыс алып барады. Имараттың ықшам қабатларында мәлимлеме-ресурс орайы ҳәм семинар ханалары, академиялық ҳәм изертлеўшилер ушын кабинетлер, китапхана, мәжилислер залы, асхана жайласқан. Ханалар ең алдынғы техника ҳәм үскенелер менен тәмийинленген.

– Бул заманагөй институт барлық илимпазлар ушын ағартыўшылық орайы болыўы керек. Математика көп пәнлерге жол ашады. Оны Студентлер қалашасында қурғанымыз бийкарға емес. Бул институт билимлендириў ҳәм илим арасындағы избе-изликти тәмийинлеўи, мәмлекетимиздиң раўажланыўына тийкар жаратыўы керек, – деди Шавкат Мирзиёев.

2020-жылы 7-майда Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Математика тараўындағы билимлендириўдиң сапасын арттырыў ҳәм илимий-изертлеўлерди раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы қарары қабыл етилди. Онда математика илимин ҳәм билимлендириўин жаңа сапа басқышына алып шығыўға қаратылған бир қатар ўазыйпалар белгиленди. Бул жерде билимлендириў тараўының жуўапкерлери, ректор ҳәм илимпазлар менен сөйлесиў болды.

– Математика пәниниң тырнағын Ал-Хорезмий, Аҳмед Фарғоний, Абу Райхан Беруний сыяқлы уллы бабаларымыз қойған. Бул бизиң қанымызда бар. Бирақ соңғы жигирма жылда математикадан билим дәрежеси төменлеп кетти. Себеби оқытыўшыларға керекли итибар, мүнәсип мийнет-ҳақы бере алмадық, соңғы мақсетти қоя алмадық. Буның ақыбети ҳәзир көптен-көп тараўларда сезилип атыр. Бүгин бул илимди раўажландырыўдан мақсетимиз – математика бойынша бәсеки орталығын жаратыў, санаат, инженерлик бағдарларында жетик кадрлар таярлаў, – деди Президент.

Мәмлекетимиз басшысы усы жылы 31-май күни илимпазлар менен ушырасыўда математикалық сананы бақшадан баслап қәлиплестириў зәрүрлигин атап өткен еди. Соннан келип шығып, Математика институтында мектепке шекемги билимлендириў, мектеплер ҳәм жоқары оқыў орынларындағы сабақларды муўапықластыратуғын система жолға қойылмақта.

Бул бағдардағы презентация менен танысып, Президентимиз «математика оқытыўшыларының билим ҳәм маманлығы бойынша ҳәр бир район кесиминде таллаў бар ма? Материаллық ҳәм шөлкемлестириўшилик жағынан және нелер ислеўимиз керек?» деген сораўларды қойды.

– кешеги сабақ бериў методы менен математиканы жедел раўажландырып болмайды. Соның ушын бурын әмелде жақсы нәтийже берген сырт ел методикасы тийкарында билимлендириў бағдарламаларын жаратып, оқытыўшыларды қайта таярлаў зәрүр. Методика сондай болыўы керек, ол балаларда математикаға муҳаббат оятсын. Оның ушын оқыўшылар бул пән турмыста, ҳәр бир тараўда керек екенлигин түсниўи зәрүр. Жаслар имтиханнан өтиўи ушын емес, билимли қәниге болыўы ушын оқыўы тийис, – деп атап өтти, Шавкат Мирзиёев.

Соңғы бес-он жылда математика бағдары бойынша университетлерди питкерген жасларды таўып, қәлеўине қарап қайта таярлап, мектеплерге, илим кандидатларын болса жоқары билимлендириў мәкемелерине жумысқа тартыў зәрүрлиги атап өтилди. Математика кафедра баслықларын сайлаў тәртибин енгизиў кафедра баслықлары кеңесин дүзип, турақлы тәжирийбе алмасыўды жолға қойыў бойынша көрсетпе берилди.

Математика институтында 72 илимий хызметкер, соның ишинде, 5 академик жумыс ислемекте. Соңғы  еки жылда 11 илим доқторы ҳәм 14 илим кандидаты таярланған. 422 илимий мақала (245 и сырт елде), 9 монография (5 еўи сырт елде) басып шығарылған.

Тараўдағы фундаменталь изертлеўлерди қаржыландырыў көлеми бир ярым есеге арттырылды. Халықаралық пән олимпиадаларында жеңимпаз болған жасларды ҳәм олардың устазларын хошаметлеў системасы енгизилди.

Сөйлесиўде билимлендириў тараўының жуўапкерлери, илимпазлар, ректорлар Өзбекстан шараятында математика пәнин оқытыў бойынша платформа жаратылғанын, енди билимлендириў мәкемелериниң алдында жәмийетте бул пәнниң абырайын жоқарылатыў ўазыйпасы турғанын атап өтти.

Президент Шавкат Мирзиёев Алмазар районы Студентлер қалашасында қурылған Инновациялық раўажланыў министрлигиниң жаңа имаратын барып көрди.

Мәмлекетимиз басшысының 2017-жыл 29-ноябрьдеги пәрманына муўапық Инновациялық раўажланыў министрлиги шөлкемлестирилген еди. Экономиканың барлық тармақларын ҳәм социаллық тараўларды дүнья илиминиң жетискенликлери, инновациялық идеялар ҳәм технологиялар тийкарында жедел раўажландырыў усы министрликтиң ўазыйпалары етип белгиленген еди.

Сол жылы министрлик ушын Студентлер қалашасынан орын таңлап алынып, алдынғы илим жетискенликлерин өзинде жәмлеген, илимпазлар, изертлеўшилер ислеўи ушын заманагөй орталыққа ийе имарат қурыўға кирисилген еди.

Мәмлекетимиз басшысы 2017-жыл 2-декабрь ҳәм өткен жыл 24-майда дөретиўшилик жумыслардың барысы менен сол жердиң өзинде танысып, бул министрлик илимпазлардың илимий потенциалы бирлесетуғын, инновациялық идеялар стартапларға айланып, экономика тараўларына енгизилетуғын орай болыўы зәрүр екенлигин атап өткен еди.

Сол тийкарда ҳәр тәреплеме пуқта жойбар ислеп шығылды. Нәтийжеде бул жерде пайтахтымыздағы архитектуралық жақтан көркем имаратлардан бири бой тикледи.

5 қабатлы имаратта инновациялық орталық жаратылған. Биринши қабатта көргизбелер залы, амфитеатр, жас ойлап табыўшылар ханасы, мәлимлеме бөлими, электрон китапхана, кафе, балалар ханасы, пуқараларды қабыллаў ханасы жайласқан. Екинши қабатта Инновациялық қолланбаларды енгизиў илимий-әмелий орайы, робототехника ҳәм мехатроника, интернет программалары бойынша заманагөй лабораториялар шөлкемлестирилген. Илимий-техникалық мәлимлеме  орайы, Өзбекстан Миллий университети жанындағы Интеллектуал программалық системалар илимий-әмелий орайы, стартап ханалары үшинши қабатта жайласқан. Жоқары қабатлардан министрлик хызметкерлери ушын кабинетлер, әнжуманлар залы орын алған. Бул жерде аэрокосмослық изертлеўлер ҳәм 3D прототиплестириў бойынша оқыў лабораториялары жумыс ислейди.

Имарат әтирапындағы инновациялық бағда фонтан, жазғы амфитеатр, презентация майданшалары қурылған.

Президентимиз дәслеп интерактив көргизбе залы – Showroom» менен танысты. Бул көргизбе жетекши сырт ел ҳәм жергиликли компанияларда ислеп шығарылып атырған инновациялық өнимлер, стартап жойбарлар ҳаққында мағлыўмат береди. Ол ҳәр қыйлы тараўлардағы 37 жойбарды қамтып алатуғын 8 блоктан ибарат.

Бул жерде робототехника, технологиялар трансферине тийисли ҳәм Жаслар академиясы ағзаларының жойбарлары, аўыл хожалығы, денсаўлықты сақлаў, мәмлекетлик басқарыўдағы инновациялар көрсетиледи, «ақыллы» банк жумыс ислейди.

Мәселен, робототехника мүйешинде жетекши сырт ел компанияларының роботлары жайластырылған. Бул жерге келиўшилер роботларды соғыўы ямаса басқарып көриўи мүмкин. Тараўды тереңирек үйрениў тилегинде болғанлар үйрениў жумысларын екинши қабаттағы робототехника оқыў-изертлеў лабораториясында даўам еттиреди.

Экономика тармақлары ҳәм социаллық тараўға байланыслы технологиялар трансфери бөлиминде жоқары технологиялар, «ноу-хаулар», «ақыллы» қурылмалар, күнделикли турмыста қолланылатуғын инновациялық үскенелер менен танысыў мүмкин.

Израильдиң «Maya International» компаниясы менен биргеликте жасалма жолдас арқалы қубырлардан суў ағыўын анықлайтуғын технология Ташкент қаласына трансфер етилди. Бул жойбарда жасалма жолдас арқалы қубырлардан суў ҳәм газ шығыў орынларын анықлаў мүмкин.

Мағлыўматларға бола, пайтахтымыздағы магистраль қубырлардағы насазлықлар себепли жылына 215 миллион куб метр суў зая болады екен. Буны ақшаға есаплағанда, 5 миллион доллардан зыят қаржы болып есапланады. Бул технология бундай ысырапгершиликлердиң алдын алыўда үлкен әҳмийетке ийе.

Қурылыс ҳәм автосанаат тараўларына тийисли және бир жойбар – импорттың орнын басатуғын, экспортқа бағдарланған полиэфир шпатлёвка ҳәм полиэфир желим ислеп шығарыў технологиясының трансфери Инновацияық раўажланыў министрлиги ҳәм Польшаның «Novol Asia» қоспа кәрханасы тәрепинен табыслы әмелге асырылды. Өзинде толтыратуғын ҳәм безейтуғын қәсийетлерди  жәмлеген бул шпатлёвка автомобиль санааты ҳәм мебель қурылысында қолланылыўы мүмкин.

Малайзияның «Cy Rewards» компаниясы менен биргеликте енгизилип атырған арзан турақ жайлар қурыў технологиясы да көрсетилди. Бул технологияның абзаллығы   2-3 қабатлы турақ жайларды қысқа ўақытта қурыў имканиятын береди. Онда бир квадрат метр турақ жайдың өзине түсер баҳасы үш жүз доллар болады.

Министрлик имаратындағы интерактив студияда онлайн сабақлар, вебинарлар өткериў, видеосабақлар жазыў мүмкин. Бул студия «Бир миллион программист» жойбары шеңберинде жасларды оқытыў, аралықтан сөйлесиў арқалы орынлардағы қәнигелердиң маманлығын арттырыўда да жәрдем береди.

– Мәмлекетимиз жоқары технологиялық тараўлар бойынша дүньядан артта қалып кеткен. Барлық тараўларды модернизациялаў, дүнья менен тең қәдем таслаў ушын Инновациялық раўажланыў министрлигин шөлкемлестирип, сондай шараятлар жараттық. Министрликтиң жәмәәти жыл жуўмағы бойынша бул бағдарда анық әмелий нәтийжелерди көрсетиўи керек, – деп атап өтти Шавкат Мирзиёев.

Президентимиз видеобайланыс системасы арқалы министрликтиң Алдынғы технологиялар орайының қәнигелери менен пикирлести.

Мәмлекетимиз тәрепинен адамларды илимге қызықтырыў ҳәм хошаметлеўге үлкен итибар қаратылмақта. Министрликтиң жаңа заманагөй имаратында буның ушын барлық шараят таяр. Қәбилетли жаслар бул жерде ең соңғы қолланба ҳәм технологиялар менен танысыў менен бирге стартап жойбарларда қатнасыў имканиятына ийе болады.

Имаратта кеңейтилген вертуал реаллық технологиясы – NazzAR платформасы иске қосылған. Бул технология пайдаланыўшыларға қолындағы смартфоны арқалы дүнья объектлери менен  интерактив мүнәсибетлерге кирисиў имканиятын береди.

Президентимиз медицинадағы инновациялар, Жаслар академиясы ағзаларының жойбарлары ғаўашаның вильт кеселлигине шыдамлы жаңа түрлерин жаратыў, ген-нокаут технологиясы жәрдеминде картошка ҳәм бийдай зүрәәтлилигин арттырыў, корея технологиясы тийкарында қыста қаўын жетистириўге мөлшерленген ыссыхана жойбарлары менен танысты. Министрликтиң мәлимлеме хызмети, китапхана, әнжуманлар залын көзден өткерди.

Бүгинги күнде Инновациялық раўажланыў министрлиги тәрепинен илим ҳәм өндирис арасындағы интеграцияны тәмийинлеў ушын зәрүр система жаратылды. Илимий-изертлеў мәкемелери ҳәм илимпазлардың инновациялық идеялары ҳәм жойбарлары қоллап-қуўатланып, баҳасы 28,2 миллиард сумлық 31 стартап жойбар қаржыландырылды. Халықаралық бирге ислесиў шеңберинде ҳәзирги күнде Германия, Россия ҳәм Беларустағы шериклер менен 9,6 миллиард сумлық 38 бирликтеги жойбар әмелге асырылмақта.

Министрликке берилген ўәкилликлер ҳәм жаратылған шараятлардан нәтийжели пайдаланыў, қолланбаларды тараў ҳәм тармақларға қолланыў бойынша тапсырмалар берилди.

Берекетли шаңарақ – ҳақыйқый бахыт орталығы. Турақлы жумыс орны болса үзликсиз дәрамат кепили болып есапланады. Адамларымыздың өз өмиринен разы болып жасаўында ҳәр еки фактордың да орны әҳмийетли. Сонлықтан, елимизде алып барылып атырған күшли жәмийетлик сиясат арқалы халықтың ҳәзирги усы талабын тәмийинлеўге айрықша итибар қаратылып атыр.

Буннан бир жыл бурын, 2019-жыл 24-май күни Президент Шавкат Мирзиёев Өзбекстан Миллий университетинде жоқары билимлендириў ҳәм илим ғайраткерлери менен ушырасқан еди. Илимпаз ҳәм педагоглардың социаллық шараятларын жақсылаў мәселелерине айрықша итибар қаратып, олар ушын көп қабатлы турақ жайлар қурыў бойынша көрсетпелер берген еди.

Соған муўапық, Ташкенттеги Студентлер қалашасы аймағында  9 қабатлы 216 квартираға мөлшерленген 6 турақ жай  қурылды.

Бул көп қабатлы турақ жайларды қурыўда ең заманагөй қурылыс материалларынан пайдаланғанын атап өтиў зәрүр. Инновациялық технологиялар тийкарында  имаратлардың сыртқы дийўаллары энергия үнемлейтуғын материаллар менен қапланған. Бул турақ жайлар қыста ыссы, жазда салқын болыўын тәмийинлейди.

Буннан тысқары, ҳәр бир хожалық өз алдына ысытыў үскенелери менен тәмийинленген, видеобақлаў системасына ийе. Квартиралар оңланған, газплитасы, сантехника буйымлары орнатылған ҳалда ийелерине тапсырылды.

Мәмлекетимиз басшысы Алмазар районына сапары даўамында бул турақ жайларда жаратылған шараятларды көзден өткерди, квартира ийелери менен сөйлести.

– Сизлерди, сизлер арқалы бул жерде жасайтуғын барлық шаңарақларды қутлықлайман, мине усы ықшам, заманагөй үйлер мүбәрек болсын! Өзим де аўылдан келип, 15 жыл ижарада жасаған адам сыпатында бул нәрсениң қәдирин жүдә жақсы сезинемен. Биз илимпаз ҳәм педагоглардан нәтийже күтетуғын едик, бирақ шараятын сорамайтуғын едик. Сизлерди де разы ететуғын ўақыт-саат келди. Илимли адамлар – елимиздиң алтын қоры. Олардың қолында келешегимиз болған балаларымыз тәрбияланады. Оқытыўшылар үйли болып, шаңарағынан кеўли тоқ болса, кәсибине меҳир менен, Ўатанға садықлық пенен ислейди. Бул үйлер сизлерге буйырсын, бул жерде тойлар бериң. Перзентлериңиз, ақлықларыңыз ата-анам илимди таңлап кем болмады, деп жүрсин, деп жақсы тилеклер билдирди Президент.

Кейинги жыллары елимизде денсаўлықты сақлаў тараўында жеке меншик секторды раўажландырыўға қаратылған реформалар нәтийжесинде орынларда заманагөй медициналық мәкемелер иске қосылмақта.

Алмазар районындағы «Nano Medical Clinic» көп тармақлы медицина клиникасы мине сондай субъектлерден бири болып есапланады.

Өткен жылы декабрьде иске түсирилген терапевтлик имаратта мәсләҳәт поликлиникасы, 35 орынлық стационар, ядро медицинасы, гемодиализ ҳәм терапия бөлимлери ҳәм лаборатория жайласқан. Бул комплекс сырт ел жойбары тийкарында қурылған.

Мәмлекетимиз басшысы бул қурылыс жойбарына айрықша итибар қаратты. Ҳәр бир метр жерден ақылға уғрас пайдаланып, барлық тәреплердиң есапқа алынғаны, басқа объектлерди жойбарластырыўда буны үйрениў керек екенлигин атап өтти.

Клиникада эндокринология, неврология, кардиология, офтальмология, урология, оториноларингология, ультрасес диагнозы, терапия, физиотерапия бойынша консерватив емлеў жолға қойылған. Емлеў орны санлы рентген, компьютер томографиясы, сүйек денситометри, жүрек дефибрилляторы сыяқлы алдынғы диагностика үскенелери менен тәмийинленген. Бул жерде 15 жоқары категориялы шыпакер жумыс ислемекте.

Әҳмийетли тәрепи, клиникада радионуклид тексериўине тийкарланған ядро медицинасы ҳәм интервенционаллық радиология енгизилген. Бул ҳәр қыйлы эндокрин ҳәм онкологиялық кеселликлерди анықлаўда ҳәм емлеўде үлкен нәтийже береди. Бул бағдарлар Атом энергетикасы бойынша халықаралық агентлик (МАГАТЭ) қадағалаўында шөлкемлестирилген. Буннан тысқары Германия, Түркия, Россиядағы жетекши медициналық орайлар менен бирге ислесиў жолға қойылған.

Гемодиализ бөлими созылмалы бөтеке жетиспеўшилигине алып келиўи мүмкин болған ҳәм басқа да ишки ағзалардың анық диагностикасы және емлеў жумысларын атқарады. Бөлимде гемодиализ, гемодиафильтрация ҳәм плазмаферез сыяқлы операциялар әмелге асырылмақта.

Клиника қәнигелери тәрепинен сүйек тоқымасының минерал тығызлығын анықлаўдың диагностикалық усылы (Ультрасес сүйек денситометри) да табыслы орынланбақта. Бул тексериў арқалы сүйек системасы толық үйренилип, остиопороз қәўипи бар ямаса жоқ екенлиги анықлап алынады.

Денситометрия усынған мағлыўматлар жүдә баҳалы болып, шыпакер сүйек тоқымаларының муғдарлық тығызлығын санлы есап-санақ арқалы толық үйренеди.

Бүгинги күнде жойбардың екинши басқышы шеңберинде үш қабатлы хирургия имараты қурылмақта. Бул халыққа дүнья стандартлары дәрежесинде медициналық хызмет көрсетиў ҳәм және 60 жаңа жумыс орнын шөлкемлестириў имканиятын береди.

Бул жерде мәмлекетимиз басшысына жеке меншик медицина системасында әмелге асырылып атырған жумыслар, денсаўлықты сақлаў тараўына мәлимлеме технологияларын енгизиў ҳәм олардан нәтийжели пайдаланыў бағдарындағы режелер ҳаққында да мағлыўмат берилди.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 1-апрельдеги «Денсаўлықты сақлаў тараўында жеке меншик секторды буннан былай да раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы және усы жыл 29-декабрьдеги «Жеке меншик медицина шөлкемлерин буннан былай да раўажландырыў бойынша қосымша шараятларды жаратыў ҳаққында»ғы қарарлары бул бағдардағы имканиятларды кеңейтти.

Мысал ушын, жеке меншик клиникалардың шуғылланыўы мүкин болған қәнигеликлер 50 ден 129 ға көбейтилди. 2022-жыл 1-январьға шекем салық ҳәм бажыхана төлемлери бойынша жеңилликлер берилди.

Нәтийжеде 2017-жылы жеке меншик медицина мәкемелери 3 мың 454 ти қураған болса, усы жылдың 1-июнь жағдайына бола 5 мың 612 ге жеткен. 11 мыңнан аслам жумыс орны жаратылған.

Аймақларда заманагөй клиникалар шөлкемлестирилип, медициналық хызметлер бойынша бәсекини, өз гезегинде сапаны тәмийинлеў, халықтың саламаталығын беккемлеў бойынша көрсетпелер берилди.

Мәмлекетимиз басшысы, сондай-ақ, Алмазар районындағы «ARDENT FOODS» жуўапкершилиги шекленген жәмийети кәрханасында болды.

Бул ширкет бос турған имаратлар негизинде жаңа субъектлерди шөлкемлестириў ҳәм жумыс орынларын жаратыўға қаратылған сиясаттың нәтийжеси болып есапланады.

Жойбар баҳасы 77 миллиард сумнан аслам болған кәрхана еки линиядан ибарат. Биреўинде жигирмаға шамалас түрдеги кондитер өнимлери, екиншисинде тез писетуғын аўқат ингридиентлери ислеп шығарылмақта. 150 адам жумыс пенен тәмийинленген.

Ҳәзирги күнде өнимлер Тәжикстан менен Аўғанстанға экспорт етиледи. Жаңа экспорт базарларын ашып усы жылдың ақырында экспорт көлемин 45 мың долларға жеткериў режелестирилген.

Өнимлердиң түрин көбейтип, қосымша жумыс орынларын жаратыў бойынша көрсетпелер берилди.

Президент Алмазар районындағы «Next Generation Product» қоспа кәрханасының жумысы менен де танысты.

Бул жерде «Royal» саўда белгиси астында жылына 460 мың электр ҳәм қуяш энергиясы тийкарында ислейтуғын суў үскенеси, Германияның «VIESSMANN» бренди астында 75 мың суў ысытыў қазаны ислеп шығарылады. Кәрханада жәми 530 адам жумыс орны менен тәмийинленген.

Өнимлер Россия, Украина, Қазақстан, Қырғызстан, Тәжикстан, Түркменстан ҳәм Аўғанстанға экспорт етилмекте.

Пандемия шараятына қарамай кәрханада өндирис тезлиги төменлегени жоқ. Январь-май айларында 1,8 миллион долларлық экспорт әмелге асырылды. Жыл ақырына шекем 7 миллион долларға жеткериў мөлшерленген.

Мәмлекетимиз басшысына бул жерде келешектеги жойбарлар ҳаққында да мағлыўмат берилди. Президентимиз өнимлердиң түрин көбейтип, қосымша жумыс орынларын жаратыў бойынша көрсетпелер берди.

Президент Шавкат Мирзиёев жуўапкер басшылардың қатнасыўында Алмазар районының белсендилери, нуранийлери менен ушырасыў өткерди.

– Соңғы үш жылда Алмазарға төртинши мәрте келип атырмыз. Районда өзгерис болып атыр ма, адамлар пайда көрип атыр ма, не машқалалар бар, деген сораўлар мени қыйнайды.  Бүгин нәтийжелерди анализлеп, сизлер менен кеңесип жаңа бағдарлар менен режелерди белгилеп алыўымыз керек, – деди мәмлекетимиз басшысы.

Районда кәмбағаллықты қысқартыў, инвестициялық жойбарларды әмелге асырып, жаңа жумыс орынларын шөлкемлестириў, халықтың турмыс шараятларын жақсылаў мәселелери додаланды.

Үйме-үй жүриў арқалы Алмазарда 3 мың 23 жәрдемге мүтәж шаңарақтың бар екенлиги анықланған. Соннан 568 шаңарақ ағзасы жумысқа жайластырылып, жәрдемге мүтәжлар қатарынан шығарылды. Бас министрдиң орынбасары қалған 2 мың 455 шаңарақты жыл ақырына шекем кәмбағаллықтан алып шығыў бойынша есап берди.

Быйылғы жылы баҳасы 3 триллион сум болған 48 инвестициялық жойбардың иске қосылыўы режелестирилген. Бас министрдиң орынбасары  толық ислетилмей атырған 12 мәмлекетлик объект ҳәм бурын меншиклестирилип, ҳәзир бос турған 97 имарат ҳәм жер майданлары тийкарында жаңа кәрханаларды шөлкемлестириў бойынша жойбар усынысларын көрсетти.

Мәмлекетимиз басшысы жаңа жойбарлар ушын имканиятларды кеңейтиў мақсетинде Ташкент районының Алмазарға жақын аймағынан 200 гектар жер ажыратып, жаңа санаат зонасын қурыўды усыныс етти. Бул жерде шөлкемлестирилетуғын кәрханаларда кеминде 60 мың жаңа жумыс орнын жаратыў мүмкин болады.

«Чорсу базары», Зарқайнар, Сағбон, Себзор, Қорасарой, Гузалбоғ ҳәм басқа көше-мәҳәллелерде, жәми 482 гектар майданда заманагөй туристлик, саўда ҳәм дем алыў орны – «Ашық аспан астындағы музей» қурылады. Бул жерде өнерментшилик дүканлары ҳәм саўда орынлары, шайхана ҳәм мийманханалар, киши музейлер шөлкемлестириледи.

«Агрегат» заводын Шыршыққа көширген ҳалда, оның аймағында Алмазар ҳалқы ушын 12-14-16 қабатлы арзан турақ жайлар қурыў, Ташкент районында Алмазарға жақын аймақта 260 гектар жерде 150 мың халыққа мөлшерленген қалаша қурыў бойынша тапсырмалар берилди.

Жәмийетшилик ўәкиллери районда әмелге асырылып атырған жумыслар бойынша пикир-усынысларын билдирди.

 

Матназар ЭЛМУРОДОВ,

Зиёдулло ЖОНИБЕКОВ,

ӨзАның хабаршылары