Өзбекстан ҳәм Корея мәмлекетлери арасында көп тәреплемели бирге ислесиў жолға қойылған. Парламентлераралық байланыслар раўажланбақта. Денсаўлықты сақлаў тараўында биргеликте жойбарлар әмелге асырылмақта.

Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты Баслығы Танзила Норбоева Корея Республикасы Миллий Ассамблеясыныӊ Денсаўлықты сақлаў ҳәм социаллық тәмийнат комитетиниӊ баслығы Шин Донг Гинди қабыл етти ҳәм усы бағдарда әмелге асырылып атырған жумыслар ҳәм келешектеги режелерди додалады.

Еки мәмлекет арасындағы саўда-экономикалық ҳәм инвестициялық байланысларды кеӊейтиў, өз-ара товар алмасыў көлемин 5 миллиард долларға жеткериў ушын бар потенциалдан пайдаланыў керек екени айтып өтилди.

Сәўбет барысында халықты социаллық қорғаў, соныӊ ишинде, денсаўлықты сақлаў бағдарында жаӊа жойбарларды, атап айтқанда, биргеликте жаӊа медицина орайларын шөлкемлестириў, фармацевтика кластерлерин иске қосыў, кадрлар таярлаў, аймақлық медицина мәкемелерин алдынғы үскенелер менен тәмийинлеў бойынша пикир алысылды.

Соӊғы жыллары парламентлер арасындағы байланыслар жеделлескени, дослық топарларыныӊ тығыз қарым-қатнасы жолға қойылғанына итибар қаратылды.

Соныӊ менен бирге, Олий Мажлис Сенатында Корея Республикасы Миллий ассамблеясы менен бирге ислесиў бойынша арнаўлы комиссияныӊ дүзилгени республика басшылығы тәрепинен еки тәреплеме бирге ислесиўге үлкен итибар қаратылып атырғаныныӊ көриниси екени атап өтилди.

Жоқары дәрежедеги келисимлер ҳәм биргеликтеги жойбарлардыӊ усы комиссия шеӊберинде додаланыўы олардыӊ өз ўақтында ҳәм сапалы орынлаўына жәрдем берип атырғаны айтып өтилди.

Сенаттыӊ Илим, билимлендиририў ҳәм денсаўлықты сақлаў мәселелери комитети ҳәм Корея Республикасы Миллий Ассамблеясыныӊ Денсаўлықты сақлаў ҳәм социаллық тәмийнат комитети менен тиккелей байланысларды жолға қойыў арқалы аналар ҳәм балалар саламатлығын беккемлеў зәрүрлигиине итибар қаратылды.

Репродуктивлик көрсеткишлерди жақсылаў, генетикалық кеселликлердиӊ алдын алыў, «Инсан» социаллық хызметлер орайлары ушын волонтёрларды тартыў бағдарларында өз-ара тәжирийбе алмасыўға келисип алынды.


Н.АБДУРАИМОВА,

ӨзА