Елимизде улыўма пәнлер бойынша олимпиадалар өткериў, оның нәтийжелерине бола жоқары орынларды ийелеген орта арнаўлы билимлендириў мәкемелери питкериўшилери ҳәм улыўма билим бериў мектеплериниң 11-класс оқыўшыларын тест ҳәм қосымша имтиханларсыз жоқары оқыў орынларына қабыл етиў жолға қойылған болып, оны жоқары көтериңкилик руўхында шөлкемлескенлик пенен өткериў жолға қойылған.

Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында улыўма билим бериў мектеплериниң питкериўши класс оқыўшылары арасында химия, биология ҳәм физика бойынша пәнлер олимпиадасының институт басқышы болып өтти.

Онда институттың илимий ислер ҳәм инновациялар бойынша проректоры Р.Ешмуратов, тийисли факультетлердиң деканлары, кафедра баслықлары шығып сөйлеп, пәнлер олимпиадасын өткериўдиң әҳмийети, бүгинги күнде елимизде жаслардың жоқары мағлыўматлы болып, кәсип-өнер үйрениўи ушын жаратылған шараятлар ҳаққында мағлыўматлар берилди ҳәм қатнасыўшыларға табыслар тиледи.

Пәнлер олимпиадасында қатнасыўшылар жазба, тест ҳәм лабораториялық жумыслар арқалы өз билим ҳәм көнликпелерин сынақтан өткерди.

– Пәнлер олимпиадасы Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Химия ҳәм биология бағдарларында үзликсиз билимлендириўдиң сапасын ҳәм илимниң нәтийжелилигин арттырыў илажлары ҳаққында»ғы, сондай-ақ, «Физика тараўындағы билимлендириў сапасын арттырыў ҳәм илимий-изертлеўлерди раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы қарарлары, Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлигиниң тийисли буйрығы, сондай-ақ, Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлиги арасындағы қоспа қарарға муўапық шөлкемлестирилди,-дейди институттың баспасөз хаткери И.Мәтеков.

Оқыўшылардың жазба, тест ҳәм лабораториялық жумыслары төрешилер қурамы ағзалары тәрепинен баҳаланып барылды.

Пәнлер олимпиадасының институт басқышында физика пәнинен Нөкис районындағы 1-санлы улыўма билим бериў мектебиниң оқыўшысы Жанат Сүндетбаева биринши, Әмиўдәрья районындағы 40-санлы улыўма билим бериў мектебиниң оқыўшысы Севинч Жаббарбергенова екинши, Кегейли районындағы 55-санлы улыўма билим бериў мектебиниң оқыўшысы Гәўҳар Саршаева үшинши орынды ийеледи. Ал, Химия, биология пәнинен Нөкис қаласындағы 43-санлы улыўма билим бериў мектебиниң оқыўшысы Севинч Турсынова биринши, Нөкис районындағы 31-санлы улыўма билим бериў мектебиниң оқыўшысы Диляфруз Қарлыбаева екинши, Кегейли районындағы 55-санлы улыўма билим бериў мектебиниң оқыўшысы Шахноза Шарафатдиновалар үшинши орынды ийеледи ҳәм дәрежели дипломлар менен сыйлықланды.

Енди усы пәнлер олимпиадасының жуўмақлары бойынша тийисли баллды топлап, жеңимпаз болған оқыўшыларды институтқа оқыўға қабыллаў бойынша Мәмлекетлик комиссияға усыныс бериледи.

Ә.Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги