Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы А.Орынбаев Саўда-санаат палатасының Қарақалпақстан Республикасы басқармасында мәмлекетлик бағдарламаларға киргизилген жойбарлардыӊ басламашылары болған исбилерменлер менен ушырасып, оларды қыйнап киятырған машқалалар ҳәм усынысларын тыңлады.

Онда бир қатар исбилерменлер, тийисли тараў басшылары қатнасты.

Ушырасыўда исбилерменлер тәрепинен тийкарынан өз жумысынн раўажландырыў бағдарында ушырасып атырған машқалалар, қаржыландырыў ҳәм кредит ажыратыў мәселелери, кадастр ҳүжжетлерин рәсмийлестириў, жер орынларын ажыратыў сыяқлы бир қатар мәселелер билдирилди. Бул  мәселелерге орнында шешимин табыў илажлары көрилди. Буннан тысқары, ўақыт талап етилетуғынлары Жоқарғы Кеңес Баслығының жеке қадағалаўына алынып, тез пурсатта унамлы шешиў бойынша тийисли тараў басшыларына тапсырма берилди.


Қарақалпақстан хабар агентлиги