Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 1-май күни үшинши Ташкент халықаралық инвестициялық форумда қатнасыў ушын мәмлекетимизге келген Түркия Республикасы вице-президенти Жавдат Йилмаз басшылығындағы делегация, Европа Тиклениў ҳәм раўажланыў банкиниң президенти Одиль Рено-Бассо басшылығындағы делегация, ОПЕК Халықаралық раўажланыў қорының президенти Абдулхамид Ал-Халифа ҳәм Әзербайжан Республикасы экономика министри Микойил Жабборов басшылығындағы делегацияны қабыллады.

Жавдат Йилмаз сәўбет алдынан мәмлекетимиз басшысына Түркия Президенти Режеп Таййип Эрдоғанның сәлеми ҳәм жақсы тилеклерин жеткерди.

Өзбекстан менен Түркия арасындағы кең көлемли стратегиялық шериклик қатнасықлары ҳәм көп тәреплеме бирге ислесиўди буннан былай да кеңейтиўдиң әҳмийетли мәселелери көрип шығылды.

Жедел сөйлесиўлер барлық дәрежелерде даўам етип атырғаны үлкен қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. Товар алмасыў көлеми, биргеликтеги жойбар ҳәм кәрханалар саны, тиккелей авиақатнаўлар көбеймекте.

Түркияның жетекши компанияларының қатнасыўында энергетика, кәншилик, азық-аўқат, тоқымашылық ҳәм басқа да тийкарғы тармақларда ири инвестициялық жойбарлар әмелге асырылмақта.

Жоқары дәрежедеги Стратегиялық бирге ислесиў кеңесиниң болажақ гезектеги мәжилиси күн тәртибин таярлаў, бәринен бурын, кооперация жойбарларының жаңа портфели ҳәм мәдений-гуманитарлық алмасыў бағдарламасын қәлиплестириўге айрықша итибар қаратылды.

Одиль Рено-Бассо басшылығындағы делегация менен ушырасыўда кейинги жылларда Өзбекстан менен Европа тиклениў ҳәм раўажланыў банки арасында шерикликтиң жоқары дәрежесине ерисилгени, тығыз ҳәм нәтийжели бирге ислесип атырғаны үлкен қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.

Бүгинги күнде банктиң мәмлекетимиздеги жойбарлар портфели 4,4 миллиард евродан артқан. Оларда жеке меншик сектордың үлеси 70 процентке шамаласты.

Бирге ислесиў бағдарлары ҳәм көлемин, бәринен бурын, киши ҳәм орта бизнес, ҳаял-қызлар исбилерменлиги, альтернатив энергетика, санлы технологиялар сыяқлы тараўларда кеңейтиў мақсетинде Өзбекстан ҳәм ЕТРБ арасында жаңа Шериклик стратегиясы қабылланды.

Банктиң жедел жәрдеми ҳәм тиккелей қатнасыўында мәмлекет кәрханаларын меншиклестириўге таярлаў илажлары алып барылмақта, банк-қаржы тараўында ири келисимлер әмелге асырылды, «жасыл» энергетика, транспорт инфраструктурасы, экология ҳәм басқа да тийкарғы бағдарларда нормативлик-ҳуқықый база жетилистирилмекте.

Мәмлекетимиз басшысы суў тәмийнаты, энергетика, жол инфраструктурасы, «жасыл» қалаларды раўажландырыў бағдарында жаңа жойбарларды тез пурсатта таярлаў ҳәм әмелге асырыў әҳмийетли екенин атап өтти.

Болажақ Сырт елли инвесторлар кеңеси мәжилисиниң күн тәртиби бойынша да пикир алысты.

Мәмлекетимиз басшысы Абдулҳамид Ал-Халифа менен ушырасыўда ОПЕК қорының Турақлы раўажланыў мақсетлерине ерисиўдеги әҳмийетли орнын атап өтип, Өзбекстанда санаат, инфраструктура, суў тәмийнаты ҳәм басқа да тараўларда қаржыландырылып атырған исбилерменлик жойбарларын жоқары баҳалады.

Форум даўамында қол қойылған баҳасы 500 миллион доллар муғдарындағы келисим шеңбериндеги жойбарларды тез пурсатта таярлаў ҳәм әмелге асырыў әҳмийетли екени атап өтилди. Ҳүжжетте туризм, логистика, фармацевтика, экология, ҳаял-қызлар исбилерменлиги ҳәм жаслар басламаларын қоллап-қуўатлаў сыяқлы жаңа бағдарларда әмелий бирге ислесиўди раўажландырыў нәзерде тутылған.



Әзербайжан Республикасы экономика министри Микойил Жабборов ушырасыў алдынан мәмлекетимиз басшысына Әзербайжан Президенти Илҳам Алиевтиң қызғын сәлеми ҳәм ең жақсы тилеклерин жеткерди.

Өзбекстан – Әзербайжан стратегиялық шериклик қатнасықларын буннан былай да раўажландырыў ҳәм беккемлеў, сондай-ақ, алдын ерисилген келисимлердиң орынланыўы шеңберинде әмелий бирге ислесиўди кеңейтиў мәселелери көрип шығылды.

Өткен жылы өз-ара товар алмасыў 27 процентке, быйылғы жылдың басынан болса және 15 процентке артты.

Автомобиль қурылысы, энергетика, аўыл хожалығы, электротехника, тоқымашылық, туризм ҳәм басқа да тармақларда кооперация жойбарлары әмелге асырылмақта.

Жойбарлар портфелин, соның ишинде, Биргеликтеги инвестиция компаниясының қаржыларын тартқан ҳалда буннан былай да кеңейтиў әҳмийетли екени атап өтилди.

Болажақ жоқары дәрежедеги ушырасыўлардың экономикалық күн тәртибин пуқта таярлаў мақсетинде жақын пурсатта Ҳүкиметлераралық комиссияның гезектеги мәжилиси ҳәм еки мәмлекет аймақларының екинши форумы өткериледи.

Регионаллық бирге ислесиў мәселелери бойынша да пикир алысты. Өзбекстан, Әзербайжан ҳәм Қазақстан энергетика министрлериниң болып өткен үш тәреплеме ушырасыўының тийкарғы жуўмақлары жоқары баҳаланды.

ӨзА